Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:33:37, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БОЗАТАЎДА БИР ҚАТАР ОБЪЕКТЛЕР ПАЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛДЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тиккелей басламасы менен қайта шөлкемлестирилген шар­ўашылыққа қәнигелестирилген Бозатаў районында өткен қысқа ўақыт ишинде бир қатар объектлер бой тиклеп, халқымыз ийгилиги жолында хызмет көрсетпекте.

Өткен шемби күни және бир қатар жаңа имаратлардың ашылыў салтанатлары болып өтти.

Дәслеп районлық Халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды. Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов,  Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри У.Сабуров, ра­йон ҳәкими М.Қайпанов шығып сөйлеп, Президентимиздиң басламасы менен республикамызда, соның ишинде, Бозатаў районында әмелге асырылып атыр­ған кең көлемли илаж­ларға тоқтап өтти ҳәм жыйналғанларды жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, жумыссыз пуқараларды социаллық қорғаў бағдарында бир қатар жумыслар алып барылмақта. Жәми 1 миллиард сумнан аслам қаржы есабынан қурып питкерилген жаңа имаратта хызметкерлер ушын барлық шараят жаратылған. Бул жерге мүрәжат етип келген пуқаралардың қәнигелиги бойынша жумысқа орналасыўы, ўақтынша жумыс пенен тәмийинлениўи, сырт еллердеги жумыс орынлары бойынша мағлыўмат алыўы ушын заманагөй техникалар менен тәмийинленген.

Районлық халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайының директоры  Б.Жаңабаевтың мәлим еткениндей, районда бүгинги күни 1259 жумыссыз пуқара болып, олардың бәнтлигин тәмийинлеў илажлары көрилмекте. Соның ишинде «Темир дәптер»ге киргизилген пуқаралардың өзин-өзи бәнт етиўи мақсетинде субси­диялар ажыратылмақта. Бүгинги күнге мине усындай субсидия есабынан 82 пуқараға ыссыхана қурып берилген болса, 12 пуқара суўғарыў насосы менен тәмийинленди.

Илажда халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайына Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы жәмийетлик жумысларды шөлкемлестириў қоры есабынан «Дамас» автомашинасы саўға етилди.

Қатнасыўшылар жаңа имараттың ишки жағдайлары менен танысты.

Усы күни райондағы мәмлекетлик хызметлер орайының жаңа имараты да пайдаланыўға тапсырылды.

Ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы К.Артыков, район ҳәкими М.Қайпанов шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында мәмлекетлик хызметлер орайы жумысларын жетилистириў, халыққа көрсетилип атырған хызметлердиң түрлерин көбейтиў, оларға тез ҳәм сапалы хызмет көрсетиў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей,  Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2019-жыл  15-февральдағы «Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў миллий системасын  буннан былай да комплексли раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында барлық қала ҳәм районларда мәмлекетлик хызметлер орайы имаратларын қурыў кестеси тастыйықланды. Бүгинги күнге шекем сегиз районда усындай имарат пайдаланыўға тапсырылған болса, жақын арада Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының ҳәм Шоманай районы мәмлекетлик хызметлер орайының жаңа имаратлары да пайдаланыўға тапсырылады.

Район орайындағы миллийлик ҳәм заманагөйликти өзинде жәмлеген дизайн тийкарында қурылған имаратты Нөкис қаласындағы «Бахыт Миратдин қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары сапалы етип пайдаланыўға тапсырды. Орайда электрон гезек системасы енгизилген болып, мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўындағы соңғы жаңалықлар, мәмлекетлик хызметлер алыў тәртиби  туўралы роликлер монитор арқалы көрсетилип барылады.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң райондағы Халық қабыллаўханасы, Бас министрдиң исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы, нотариус, Әдиллик ҳәм ПҲАЖ бөлимлери де усы имаратта жайласқан. Бул пуқаралардың қымбатлы ўақытларын ҳәм қәрежетлерин үнемлеўге, мүтәжликлериниң бир жерден питиўине хызмет етеди.

— Жаңа имарат халыққа тез, сапалы ҳәм ашық-айдын хызмет көрсетиў имканиятын береди,-дейди Бозатаў районлық мәмлекетлик хызметлер орайының баслығы Мийрас Худайбергенов. — Өзине тән, заман талапларына толық жуўап беретуғын орай зәрүр техникалық үскенелер ҳәм қураллар менен тәмийинленген. Бул жерде күниге 300 физикалық ҳәм юридикалық тәрепке 140тан аслам мәмлекетлик хызмет көрсетиў мүмкиншилиги жаратылды.

Усы күнниң өзинде жаңадан пайдаланыўға берилген районлық ПҲАЖ бөлиминде дәслепки еки неке дизимге алынды. Шаңарақ қурған жас жубайларға бахытлы өмир тилеп, оларға неке дүзилгенлиги ҳақындағы гүўалығы салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Районлық қаржы бөлиминиң жаңа имараты да пайдаланыўға тапсырылды. Улыўма баҳасы 4 миллиард 200 миллион сум болған бул имаратта хызметкерлер ушын барлық шараят жаратыл­ған.

Бозатаў қарақалпақ халқының уллы шайыры Бердақ Ғарғабай улының туўылып өскен мәканы болып табылады. Район орайындағы шайырдың аты менен аталатуғын бағ жасыратуғыны жоқ, соңғы жыллары қараўсыз қалған еди. Бозатаў районы ашылған дәслепки күнлерден баслап бул жерде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылды.  Усы күни Бердақ бағының ҳәм шайыр бюс­тиниң ашылыў салтанаты болды.

Илажда белгили жазыўшы-шайырлар, көркем өнер ғайраткерлери, район жәмийетшилиги ҳәм жаслар қатнасты. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов, район ҳәкими М.Қайпанов жыйналғанларды Бердақ бағының ашылыўы менен қутлықлады. Мектеп оқыўшылары тәрепинен шайыр қосықлары атқарылды. Илаж қатнасыўшылары шайыр бюстине гүл шеңберлерин қойды.

— Тәбияты өзгеше, пайызлы орында жайласқан бул бағ тек район турғынларының емес, ал, мийманлардың да сүйикли дем алыў орнына айланады,-дейди республикалық руўхый-ағартыўшылық орайы Бозатаў районы бөлиминиң баслығы Қулмурат Жийемуратов. — Келешекте жазыўшы-шайырлар менен биргеликте Бердақ күнлери, поэзия кешелери, руўхыйлық сабақлары, жас әдебият ықласбентлери арасында таңлаўлар ҳәм басқа да илажлар өткериў нәзерде тутылмақта.

Усы күни пайдаланыўға тапсырылған бул имаратлар район халқының турмыс шараятларының буннан былай да жақсыланыўына, олардың күнделикли мүтәжликлерин питкериўге, солай етип, бүгинги күннен разы болып жасаўларына хызмет етеди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF