СУДЛАР ИСКЕРЛИГИ ЖӘНЕ ДЕ ЖЕТИЛИСТИРИЛЕДИ
Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 24-июль күни «Судлар искерлигин және де жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин арттырыўға тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Пәрман имзаланды.
Бул арқалы тек ғана суд-ҳуқық системасын жетилистириў емес, бәлким пуқара ҳәм исбилерменлердиң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаўдың ҳуқықый тийкарлары белгилеп берилди.
Бул пәрманның қабыл етилиўине көплеген фактлер, атап айтқанда суд қорғаўын тәмийинлеўдеги артықша бюрократиялық тосқынлықлар сақлап қалынғаны, суд қарарларын қайта көрип шығыўда бир-бирин тәкирарлаўшы басқышлардың бар екенлиги, инвесторлар ҳуқықларының суд қорғаўында жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмегенлиги ҳәм басқа бир қатар кемшиликлер себеп болды.
Пәрманға тийкар судларда структуралық-шөлкемлестириў өзгерислери әмелге асырылып, бунда ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген пуқаралық ислери бойынша, жынаят ислери бойынша судлар ҳәм экономикалық судлар негизинде судьялардың қәнигелесиўин сақлап қалған ҳәм де суд ислерин жүргизиў бойынша өз алдына судлаў коллегиясын дүзген ҳалда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы улыўма юрисдикциялық судларын шөлкемлестириў, ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы ислерди көрип шығыў ўәкиллигин ҳәкимшилик судларынан жынаят ислери бойынша судларға өткериў, ҳәкимшилик ҳәм басқа ғалабалық ҳүқықый мүнәсибетлерден келип шыққан ҳалда ислерди көриўге қәнигелескен Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар орайлары ҳәм Ташкент қаласында районлар аралық ҳәкимшилик судларын шөлкемлестириў, усы мүнәсибет пенен қала-район ҳәкимшилик судларын сапластырыў, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимшилик судларын сақлап қалыў белгиленген.
Буннан тысқары, 2021-жыл 1-январьдан баслап суд ислерин бақлаў тәртибинде көриў институтын сапластырыў, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығы, Бас прокурор ҳәм оның орынбасарларының судтың шешиўши қарарлары, ҳүкимлери, уйғарыў ҳәм де қарарлары үстинен бақлаў тәртибинде протест келтириў ҳуқықын бийкарлаў, жынаят ислерин судта көриў ушын тайынлаў басқышында ис бойынша қарарларды тартысыў принципине әмел еткен ҳалда тәреплер қатнасында қабыл етиў тәртибин белгилеў, жынаят исиниң улыўмалық тәртипте көрип шығылыўына тосқынлық етиўши себеплерди тезлик пенен анықлаў ҳәм сапластырыў имканиятын бериўши дәслепки тыңлаў басқышын киргизиў белгиленген.
Оған көре,
— районлар аралық, район (қала) судларының қарарларын ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судлар тәрепинен, ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судлардың биринши инстанция суды сыпатында шығарған қарарларын Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судлаў коллегиясы тәрепинен апелляция тәртибинде қайта көрип шығыў, апелляция тәртибинде көрип шығылған суд қарарларын Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судлаў коллегиялары тәрепинен кассация тәртибинде қайта көрип шығыў;
— Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды судлаў коллегиялары тәрепинен кассация тәртибинде көрип шығылған ислер бойынша шығарылған суд қарарларын Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды, Бас прокурор ҳәм олардың орынбасарлары протестине көре кассация тәртибинде тәкирар көрип шығыў;
— сондай-ақ, мәмлекетлик айыплаўшы айыплаўдан ўаз кешкен жағдайда реабилитация тийкарларына көре жынаят исин тамамлаў, сондай-ақ, прокурор тәрепинен судтың нызамлы күшке кирген ҳүкими, шешиўши қарары, уйғарыўы яки қарары бойынша ислерди, бул ислер бойынша тәреплер мүрәжаты болған жағдайда ғана судтан шақырып алып үйрениў сыяқлы жаңа ҳуқықый нормалар киргизилди.
Соның менен бирге, нызамда нәзерде тутылған жағдайлардан тысқары судларда басқа шахслардың басламасы менен қозғатылған пуқаралық ҳәм экономикалық ислердиң көрилиўинде прокурор өз басламасы менен исте (қағыйдадан тысқары) қатнаспаўын билдириўи белгиленген.
Буннан тысқары, инвесторлар қатнасындағы даўларды көрип шығыўдың жаңа нормалары белгиленбекте. Оған бола, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды, Өзбекстан Республиксы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәм де Саўда-санаат палатасының Жоқарғы суд дүзилмесинде инвестициялық даўлар ҳәм бәсекиге байланыслы ислерди көриў бойынша судлаў қурамын (кейинги орынларда-Судлаў қурамы) дүзиў ҳаққында усынысы мақулланған.
Судлаў қурамына инвестиция киргизилген сәнеде жигирма миллион АҚШ доллары эквивалентинен кем болмаған муғдардағы инвестицияны әмелге асырған физикалық яки юридикалық шахслар (кейинги орынларда-ири инвесторлар) ҳәм мәмлекетлик уйымлар ортасында жүзеге келетуғын инвестициялық даўлар ҳәм де бәсекиге байланыслы ислерди көриў ўәкиллиги берилиўи белгиленген.
Инвестициялық даўлар бойынша ири инвесторлардың, бәсекиге байланыслы ислер бойынша тәреплердиң қәлеўине көре, усы тайпадағы ислер тиккелей Судлаў қурамы тәрепинен биринши инстанция суды сыпатында көрилиўи, қалған инвестициялық даўлар инвесторлардың қәлеўине көре, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы суды тәрепинен биринши инстанция суды сыпатында көрилиўи белгиленген.
Усы пәрман суд-ҳуқық системасында нызам үстинлигин тәмийинлеў, барлық өз ҳуқықларын суд арқалы қорғаўы, мәмлекетимиздиң инвестициялық тартымлылығын асырыў, ең тийкарғысы, судлар ғәрезсизлигин тәмийинлеў ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыўды тәмийинлеўдиң тийкарларын белгилеп береди.
Ғайратдин НУРИКЕЕВ,
Қарақалпақстан Республикасы прокурорының аға жәрдемшиси.