Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:10:18, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ОЛАР ИНСАН ӨМИРИ УШЫН ГҮРЕСЕДИ

Мен өткен айдың ақырында болған еки күнлик даўыллы салқын күнлери самаллап қалып, дене ыссылығым көтерилип, 3-октябрьден баслап, поликлиника шыпакериниң рецепти менен антибиотик шаншыў емин алып басладым, бирақ 4 күннен кейин түнги ўақытта қайтадан ыссылығым көтерилип, үш күн даўам етти.

Республикалық емлеўхананың рентгенине түсип, бронхит басланған деген диагноз бенен  А. Досназаров көшеси бойындағы коронавирусты анықлаўшы «Medical centr» орайына тест анализ тапсырдым. Сонда қәўипли вирус бар (27,8) деген жуўмақ берди.

Усы тийкарда Нөкис қаласындағы Қарақалпақстан Республика Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң 2-санлы «COVID-19»ға гүманлы наў­қасларды емлеў орайына өзим бардым. Мени  нәўбетши шыпакерлер қабыллап, усы емлеў орнының «Е» бөлимине жат­қарды. Емлеўши шыпакер Қутлыполат Жума­баев мени тексерип көрип, руўхландырды, «Вирусты қырып таслаймыз аға, тез шығып кетесиз» деп жақсы сөз бенен емлеп баслады. Рита Бекмуратова деген шаққан медсестра қыз шыпакер буйырған дәрилерди тез тамыр арқалы сала баслады. Түнги ўақытта нәўбет пенен екинши топар шыпакер Ерлепесов Бахыттың басшылығында емлеўди даўам етти. Шаншыўлардан соң үш мезгил таблеткалар берди ҳәм мениң ыссылығым кейин көтерилмеди. Үш күннен соң вирусқа тест анализи тексерилгенде қәўипли вирус жоқ болып, таза шықты.

Усы орайдың бас шыпакери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңеси депутаты Зухра Дәрибаевна Палўанова ҳәр күни, шемби, екшемби күнлери де келип, наў­қаслар менен бирме-бир сөйлесип, жағдайын билип, жақсы сөз айтып, зәрүр жәрдем көрсетип атырғанының гүўасы болдым.

Бас шыпакер орынбасары Бахадыр Сартбаевтың да тынымсыз мийнетлери көзге тасланады. Бул емлеў орайында  Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, Өзбекстан меҳир мүриўбет ҳәм саламатлық фонды Қарақалпақстан аймақлық шөлкеми директоры Табассум Рузметова да пидайы хызмет етип, наў­қаслардың емленип шығыўы ушын мийнет етпекте. Зәрүр наў­қасларға кислород пенен дем алдырыўшы аппаратлар қойып, турақлы түрде жеткерип бериўши қәнигелер күни-түни жумыс ислеп тур. Наў­қасларға зәрүр бол­ған барлық шараятлар бар. Аўыр аўҳалдағы наўқасларды медицина хызметкерлери ма­йыплар арбашаларында алып жүрмекте ҳәм олар еки күннен түргелип өзи жүрип атырғанын көрдим. Барлық медицина хызметкерлери әскерлердей болып, өз ўазыйпаларын булжытпай орынлап, бийтаплардан алғыслар алмақта.

Усы бөлим медсестралары Шийрин Қалимбетова, Гүлжаҳан Рамазанова, Нуржамал Баймуратова, Сапаргүл Шымбергенова, Рита Бекмуратовалардың хызметине бәршеси рийза. Тазалықты сақлап, күнине еки мәрте музыка астында наўқасларға гимнастика, дем алыў шынығыўларын үйретип турған Гүлпаршын Сапарова, Айзада Камалова, Зуль­фия Серемуратовалар наўқасларға зәрүр аўқат, чайларын жеткерип берип, алғысларына миясар болмақта.

Мен бул емлеў орайында наўқаслардың жанына ара түсип, ҳәр бийтапқа зәрүр ем буйырып, массаж ислеп, өз қоллары менен, күш-жигерин жумсап, саўалландырып, атырған шыпакерлер жәмәәтине саўалып, емленип атырғанлар атынан миннетдаршылық билдиргим келеди.

Сизлер бүгинги көринбес жаў менен гүресип атыр­ған жаўынгерлерге усайсыз. Сизлер мәрт медицина хызметкерлери, жоқары билим, тәжирийбе қәнигелигиңиз, мәртлик ислериңиз бенен наўқасларды емлеп, оларды өмирге қайтарып атырсыз. Сизлерге, Президентимизге, Қарақалпақстан Республикасы басшыларына усындай көп сандағы наўқасларды емлеў орайларын шөл­кемлес­тиргени ушын айтар алғысымыз шексиз.

Саўалып шыққан наў­қаслар атынан:

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы Жуманияз Өтениязов ҳәм тренер Султан Сулайманов, Нөкис қаласы пуқаралары Елеўсин Абийбуллаев, Ғайрат Бекполатов, Барлықбай Қосымбетов.

СҮЎРЕТТЕ: Күндизги емлеўши шыпакер, жигерли жаслардың бири Қутлыполат Жумабаев, емлеўши медсестра Рита Бекмуратовалар ҳәр бир бийтапқа тийисли ем ислеп, наў­қаслардың исенимине ерисип киятыр.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF