Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:45:31, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖУЎАПКЕРЛИ  МӘЎСИМГЕ  ЫЛАЙЫҚЛЫ  ТАЯРЛЫҚ

Ҳәзирги ўақытта  электр энергиясысыз жумыс алып барыўды көз алдымызға келтириўимиз қыйын. Сол себепли, усы күнлери пандемия шараятына қарамастан, Энергетика тараўында гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумыслары шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.

«Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары» кәрханасы тәрепинен 2020-2021-жылларда халқымызға, сондай-ақ, исбилерменлердиң өз жумысларын алып барыўында олардың орнатылған электр үскенелерине үзликсиз, аварияларсыз сапалы электр энергиясын жеткерип бериў мақсетинде, 1552,1 километр узынлықтағы 0,4-6-10-35-110 кВлы ҳаўа электр узатыў линияларында, 443 дана трансформатор пунктлеринде, қуўатлылығы үлкен болған 3 дана күш трансформаторларда ҳәм  де бөлистирип бериўши 35-110 кВ подстанциялардағы 35 дана майлы өширгишлерде ири оңлаў жумыслары алып барылды ҳәм олар бүгинги күнде толық питкерилди.

Усы режелестирилип алып барылған жумыслардың қағыйда талапларына муўапық, қәте-кемшиликлерсиз сапалы оңланғанлықларын  «Ўзэнергоинспекция» Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң жуўапкер қәнигелери тәрепинен орынларға шығып үйренилип,  анықланған кемшиликлер болса көрсетпелер берилип, оларды сол ўақыттың өзинде сапластырып, бүгинги күнде толығы менен инспекция тәрепинен қабыл етилди.

Сондай-ақ, «Қарақалпақ магистрал электр тармақлары филиалы» тәрепинен 220/110/10 кВлы «Беруний» подстанциясында 5 дана майлы өширгишлерде ири оңлаў ҳәм «Тақыятас ыссылық электр станциясы»нда да бир қатар электр қурылмаларында ири ҳәм майда оңлаў жумыслары орынланды.

Ҳәзирги күнде, тутыныўшылардың электр энергиясына деген талабы күшейип баратырғанлығы алдыннан орнатылып пайдаланып отырған трансформаторлардың қуўатлылығы жетиспей халқымыз арасында электр энергиясына деген көплеген мүрәжатлардың келип шығыўына себеп болмақта, олардың мүрәжатларын унамлы шешиў ҳәм электр энергиясына деген талапларын қанаатландырыў мақсетинде Республикамызда көплеген жумыслар исленди.   Атап айт­қанда, быйыл Төрткүл районында 110/35/6 кВ подстанциясында 10000 кВА трансформатор орнына 25000 кВА трансформатор орнатылды ҳәм де Елликқала районындағы  «Думан қала» АПЖ аймағында да 35/10 кВлы «Думанқала» ПС тазадан қурылып усы аймақтағы халыққа электр энергиясын жеткерип бериў жағдайы  жақсыланды. Өткен жылы Қараөзек районындағы «Қаракөл» АПЖ аймағында 35/10 кВ «Қаракөл» подстанциясындағы 1800 кВа трансформатор орнына 2500 кВА трансформатор орнатылды ҳәм усы жерден шыққан 1800 кВа трансформатор «Қуралпа» АПЖ аймағында жайласқан 35/10 кВ «Қуралпа» подстанциясындағы 1000 кВа трансформатор орнына қойылды. Сондай-ақ, «Карвасарный» ҳәм «Саманкөл» подстанциялары тазадан қойылып, сол аймақ халқына, исбилерменлерге үзликсиз ҳәм сапалы электр энергиясы жеткизип бериўге ерисилди. 

Соның менен бирге,  тәбийғый газ жетип бармайтуғын алыс аймақларда жасап атырған халыққа, буннан тысқары, социаллық  объектлерге, яғный, мектеп, бақша ҳәм  аўыллық шыпакерлик пунктлери имаратларын қыс мәўсиминде оларды жылытыў ушын көмир ҳәм көмир брикетлери жеткерип берилмекте.

Қарақалпақстан Республикасында улыўма 6 жерде көмир ҳәм  көмир брикетлерин жеткерип бериў ушын «Қарақалпақ көмир тәмийнаты филиалы»на қараслы Нөкис қаласында, Әмиўдәрья, Елликқала, Төрткүл, Шымбай ҳәм Қоңырат районларында  складлар жайласқан. Усы жердиң өзинде көмирден брикетлер ислеп шығаратуғын цехлар орнатылған.  Бүгинги күнде  халқымызға, социаллық объектлерге көмир ҳәм көмир брикети толығы менен жеткерип берилди. Бул складларда резерв көмир ҳәм көмир брикетлери сақланып турыпты, халқымыз қәлеген ўақытта келип алыўына болады.

Бул көмирди  печьке жағыўдан алдын дурыс пайдаланыў бойынша «Ўзэнергоинспекция» ның Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен буклетлерде қолланбалар таярланып  оларды халқымызға ҳәм де мектеп, бақшалардағы жуўапкер қәнигелерге көрсетилип, олардан дурыс пайдаланыў бойынша семинарлар өткерилмекте.

Б.ЗАРИМОВ,

«Ўзэнергоинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы

аймақлық бөлиминиң бас қәнигеси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF