Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:34:16, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘМЛЕКЕТ  ҚАТНАСЫЎЫНДАҒЫ  КӘРХАНАЛАРДЫ РЕФОРМАЛАЎДЫ  ЖЕДЕЛЛЕСТИРИЎ  ЖӘНЕ МӘМЛЕКЕТЛИК  АКТИВЛЕРДИ  МЕНШИКЛЕСТИРИЎГЕ  БАЙЛАНЫСЛЫ  ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Соңғы жылларда мәмлекетимизде қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў, жеке меншик мүлк ийелериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша системалы реформалар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, мәмлекетлик үлеси сақланып атырған айырым тармақлар ҳәм ири кәрханаларда базар механизмлерине өтиўдиң кешигип атырғанлығы жаңа түрдеги бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыўды жолға қойыў, алдынғы технологияларды енгизиў, мийнет өнимдарлығын арттырыў, жеке меншик капиталды жедел тарт­қан ҳалда жаңа жумыс орынларын жаратыўға тосқынлық етпекте.

Мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларда тутыныўшыға бағдарланған заманагөй басқарыў усыллары, ашық-айдынлық ҳәм базар принциплерин жедел енгизиў, өзине түсер баҳасын азайтыў арқалы дәраматларды арттырыў, реформалар процесинде жеке меншик капитал қатнасқаны ушын кеңирек имканиятлар жаратыў, экономикада мәмлекеттиң қатнасыўын қысқартыў ҳәм бәсеки орталығын буннан былай да жақсылаў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Бас министриниң басшылығында дүзилген жумысшы топарлар тәрепинен 3 мыңға шамалас мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың жумысы толық үйренилгенлиги ҳәм экономикада мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың үлесин кескин қысқартыў ҳәм олардың жумысының нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслар ислеп шығылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Төмендегилер:

Трансформацияланатуғын ири мәмлекетлик кәрханалар ҳәм хожалық бирлеспелериниң дизими 1-қосымшаға муўапық;

Корпоратив басқарыў ҳәм финанслық аудит енгизилетуғын, операциялық нәтийжелилиги арттырылатуғын мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың  дизими 2-қосымшаға муўапық;

Меншиклестириўден алдын таярлаў ҳәм инвестициялық тартымлылығын арттырыўдың мәнзилли бағдарламалары арқалы ғалабалық саўдаларға шығарылатуғын мәмлекетлик активлердиң дизими 3-қосымшаға муўапық;

Мәмлекетлик акция пакетлери (үлеслери) толық ғалабалық саўдалар арқалы  жеке меншик секторға сатылатуғын кәрханалардың  дизими 4-қосымшаға муўапық;

Жеке меншик секторға сатылатуғын мәмлекетлик көшпес мүлк объектлериниң  дизими 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Қаржы министрлиги орайлық аппаратының структурасында бас­қарыў хызметкерлериниң улыўма шекленген саны 24 штат бирлигинен ибарат Мәмлекет қатнасыўындағы ири кәрханаларды трансформациялаў департаменти (кейинги орынларда — Департамент) шөлкемлестирилсин. Бул штат бирликлери қаржы ҳәм мәмлекетлик салық хызмети уйымларының 12 штат бирлигин қысқартыў есабынан қәлиплестирилсин.

Департаменттиң тийкарғы ўазыйпалары етип усы Пәрманның 1-қосымшасында келтирилген мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларда төмендегилерди әмелге асырыў белгиленсин:

Қаржы министрлиги тәрепинен мәмлекеттиң атынан акционер (қатнасыўшы, мүлк ийеси) ўәкилликлери ҳәм функцияларын әмелге асырыўды шөлкемлестириў;

2021-жыл 1-апрельге шекем  2019-2020-жыллар ушын финанслық есабатларды халықаралық финанслық есабатлар стандартлары (IFRS) тийкарында таярлаў және халықаралық кредит рейтинглерин алыў графигин Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизиў;

2021-жыл 1-апрельге шекем ҳәр бир кәрхана ушын абырайлы халықаралық консалтинг шөлкемлерин таңлаў тийкарында тартқан ҳалда финанслық саламатландырыў, операциялық нәтийжелиликти арттырыў және орта ҳәм узақ мүддетли раўажланыў стратегияларын ислеп шығыў;

2021-жыл 1-июльге шекем сатып алыўлар ҳәм басқарыў системаларын аудиттен өткериў және «муўапықлылық системасы» (комплаенс) ҳәм коррупцияға қарсы хызметлерди қәлиплестириўди нәзерде тутатуғын заманагөй корпоратив басқарыў системасын енгизиў;

2021-жыл 1-июльге шекем бақлаў кеңеслерине ҳәм кәрханалар басқарыўына халықаралық таңлаў тийкарында  сырт елли тараў қәнигелерин (соның ишинде, ўатанласларды) жедел тартыў арқалы бақлаў кеңеслери қурамының кеминде 30 процентин ҳәм кәрхана басқарыўының кеминде 3 басшы хызметкерин тәжирийбели  халықаралық қәнигелер менен толықтырыў.

  1. Қаржы министрлиги усы Пәрманның 1-қосымшасындағы, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги (кейинги орынларда — Агентлик) усы Пәрманның 2-қосымшасындағы мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар бойынша:

2021-жыл 1-январьға шекем Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети менен биргеликте халықаралық стандартларға муўапық қайта баҳаланатуғын кәнлердиң (мәмлекетлик резервлер) дизими ҳәм «жол карталарын» тастыйықласын;

2021-жыл 1-февральға шекем  2021-жыл ушын кәрханалардың бюджет жойбарын ислеп шықсын;

2021-жыл 1-июльге шекем 3-жыллық бизнес режелерин (ағымдағы жумысы, инвестициялық жойбарлар ҳәм оларды қаржыландырыўдың анық дәреклери, соның ишинде, халықаралық финанс базарларының қаржылары есабынан, финанс­лық модели) ислеп шығыўды тәмийинлесин;

2021-жыл 1-июльге шекем кәрханалардың барлық инвести­циялық жойбарларын хатлаўдан өткерип, басланбаған және қаржы дәреклери анық болмаған жойбарларды тоқтатыў илажларын көрсин.

Министрлер Кабинети (Ж.Қўчқоров) 2021-жыл 1-январьға шекем  усы бәнтте нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў бойынша усы Пәрманның 1 ҳәм 2-қосымшаларындағы ҳәр бир кәрхана кесиминде «жол карталарын» тас­тыйықласын.

  1. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги, Монополияға қарсы гүресиў комитети, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги, Агентлик:

2020-жыл 1-декабрьге шекем  бәсеки орталығына тәсир ететуғын жеңилликлер ҳәм преференцияларды хатлаўдан өткерип, оларды бийкар етиў бойынша қарар жойбарын Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин;

усы Пәрманның 1 ҳәм 2-қосымшаларында келтирилген кәрханаларды трансформациялаў  процесслери менен биргеликте олар жумыс ислейтуғын тараўда базар қатнасықлары принциплерине толық өтиў, бәсеки орталығын қәлиплестириў және жеке меншик секторды  тартыў бойынша илажларды ислеп шықсын;

2021-жыл 1-январьға шекем Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте «Өзагросервис» ҳәм «Өзагрохимияқорғаў» ак­ционерлик жәмийетлериниң жумысын сын көзқарастан көрип шығып, олардың жумысын  базар принциплери тийкарында жолға қойыў  ҳәм тараўда  жеке меншик секторды раўажландырыў  бойынша усыныслар киргизсин.

  1. Қаржы министрлигине Департаменттиң жумысы менен байланыслы мәселелер бойынша ҳәм Агентликке төмендеги қосымша ўәкилликлер берилсин:

таңлаў тийкарында халықаралық көлемде жетекши болған консалтинг, аудит, «хедхантер» ҳәм басқа зәрүр компаниялар ҳәм экспертлерди тартыў және олар менен шәртнамалар дүзиў;

жойбар офислерин шөлкемлестириў, олардың жумысын муўапықластырыў ҳәм финанслық тәмийинлеў (бюджет, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың қаржылары, халықаралық финанслық шөлкемлердиң грант ҳәм қарыз қаржылары).

  1. Мәмлекетлик мүлкти сатыўда тендер саўдаларын өткериў бойынша мәмлекетлик комиссия (А.Арипов) 3-қосымшада келтирилген меншиклестириўден алдын таярлаў ҳәм инвестициялық тартымлылығын арттырыўдың мәнзилли бағдарламалары арқалы ғалабалық саўдаларға шығарылатуғын мәмлекетлик активлердиң ҳәр бири бойынша:

2020-жыл 15-ноябрьге шекем  жумысшы топарлардың қәлиплестирилиўин;

2021-жыл 1-февральға шекем  меншиклестириў ҳәм инвестициялық тартымлылығын арттырыў ушын консалтинг шөлкемлери тартылыўын ҳәм әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша «жол карталары» ислеп шығылыўын;

2021-жыл 1-июльге шекем кәрханаларды меншиклестириўден алдын таярлаў ҳәм инвестициялық тартымлылығын арттырыўдың мәнзилли бағдарламаларының ислеп шығылыўын тәмийинлесин.

  1. Министрлер Кабинети (А.Раматов), Қурылыс министрлиги (Б.Закиров, Ш.Ҳидоятов), Агентлик (С.Бекенов) еки ай мүддетте усы Пәрманның 3-қосымшасында келтирилген мәмлекет қатнасыўындағы жойбарлаў-изертлеў шөлкемлерин қайта хатлаўдан өткерип, оларды меншиклестириўге таярлаў, жойбарлаў-изертлеў ҳәм қурылыс тараўындағы абырайлы шөлкемлерге сатыў және меншиклестириў бойынша «жол карталарын» тастыйықласын.
  2. Усы Пәрманның 4-қосымшасындағы мәмлекетлик акция пакетлери (үлеслери ) толық ғалабалық саўдаларға шығарылыўын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша жуўапкер шахслардың дизими 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. Мәмлекетлик мүлкти сатыўда тендер саўдаларын өткериў бойынша мәмлекетлик комиссияның жаңаланған структурасы 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  4. Мәмлекетлик мүлкти сатыўда тендер саўдаларын өткериў бо­йынша мәмлекетлик комиссия (А.Арипов)ға:

а) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте:

жергиликли ҳәм сырт ел инвесторларын аймақларда сатыўға шығарылатуғын мәмлекетлик активлер менен таныстырыў бойынша зәрүр илажларды көриў;

меншиклестирилиўи белгиленген мәмлекетлик активлерди сыртқы инфраструктура тармақлары менен үзликсиз тәмийинлеў;

меншиклестириўден кейин кәрханалардың толық қуўатлылықта ислеўи ҳәм нәтийжели жумыс көрсетиўи бойынша  шараятларды жаратыў;

инвесторларды тартыў бойынша басқа да зәрүр илажларды көриў тапсырылсын;

б) усы Пәрманның 4-қосымшасындағы кәрханалар сап активлериниң мәмлекетлик акция пакетлери (үлеслери)не  пропорционал баҳасы 100 миллион сумнан артпаса, оларды бурынғысынан басқаша  тәризде, сап активлериниң пропор­ционаллық үлесине тең (сап активлери устав капиталынан кем бол­ғанда номинал) баҳада  ғалабалық саўдаларға қойып барыў тапсырылсын;

в) Агентлик тәрепинен 2020-жыл 1-ноябрьден баслап усы Пәрманның 4 ҳәм 5-қосымшаларына муўапық кәрханалардың акция пакетлери (үлеслери) ҳәм көшпес  мүлк объект­лериниң  ғалабалық саўдаларға шығарылыўын тәмийинлеў тапсырылсын;

г) төмендеги қосымша ўәкилликлер берилсин:

усы Пәрманның 4 ҳәм 5-қосымшаларындағы мәмлекетлик акция пакетлери (үлеслери), көшпес мүлк объектлери баҳаланған баҳада ғалаба саўдаларда үш ай мүддет даўамында  сатылмаған жағдайда, олардың  басланғаш баҳасын Агентликтиң усынысына тийкарланып қайта белгилеў;

Өзбекстан Республикасы  Президенти ҳәм Министрлер Кабинетиниң қарарлары менен сатылыўы белгиленген мәмлекетлик активлерди сатыў шәртлери ҳәм түрлерин белгилеў;

көшпес мүлк объектлери ҳәм келешекте қәлиплесетуғын мәмлекетлик акция пакетлери (үлеслери) және мәмлекетлик кәрханаларды меншиклестириў ҳаққында қарар қабыл етиў, оларды сатыў шәртлери, саўда түри ҳәм ғалабалық саўдалардағы басланғыш баҳасын белгилеў.

  1. Усы Пәрманның 4-қосымшасына киргизилген кәрханалар:

мәмлекетлик акция пакетлери (үлеслери) бир лот  тийкарында саўдаға шығарылатуғынлығы;

сап активлериниң пропорционаллық үлесине тең (сап активлери устав капиталынан кем болғанда номинал) баҳада ғалабалық саўдаларға шығарылған баҳасы 100 миллион сумнан артпаған мәмлекетлик акция пакетлери (үлеслери) үш ай даўамында  сатылмаған жағдайда, үлеслер «1 сум» басланғыш баҳада, акция пакетлери «1 акция — 1 сумнан бир лот» принципи тийкарында қайта хатлаўдан шығарылатуғыны белгиленсин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

мәмлекетлик объектлерди «ноль»лик сатып алыў баҳасында сатыў әмелияты бийкар етиледи ҳәм олар өз ўәкиллиги шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары ўәлаятлар Кеңесине, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлери және Мәмлекетлик мүлкти сатыўда тендер саўдаларын өткериў бойынша мәмлекетлик комиссияның қарарларына тийкарланып инвестициялық ҳәм социаллық миннетлемелер тийкарында «1 сум» басланғыш баҳада ғалабалық саўдаларға шығарылады;

мәмлекетлик унитар кәрханалары хожалық жәмийетлерине өзгертилген жағдайда олардың мәмлекетлик акция пакети (үлеси) сатылады;

усы Пәрманның 4-қосымшасындағы  мәмлекетлик унитар кәрханаларын хожалық жәмийетлерине өзгертиўди олардың устав капиталы хатлаў ҳәм баҳалаў өткермеген ҳалда салық уйымларына тапсырылған соңғы бухгалтерия балансының мағлыўматлары тийкарында сап активлер баҳасында, сап активлери унамсыз болған жағдайда, кәрхананың устав капиталы муғдарында  белгиленеди;

мәмлекетлик автивлерди сатып алыўшылар төлемлерди нызамшылықта белгиленген тәртипте бөлип-бөлип төлеў шәрти тийкарында әмелге асырыўы мүмкин;

мәмлекет үлеслерин бөлип-бөлип төлеў шәрти менен сатып алыў шәртнамалары шеңберинде белгиленген графикке тийкарланып айы­рым бөлегин төлеўди әмелге асыр­ған қарыйдарларға толық төлемлер әмелге асырылғанға шекем үлес қунының төленген бөлегине теңдей түрде жәмийетлик басқарыўда қатнасыў ҳәм дивидентлер алыў ҳуқықы тийкарында «ийелик етиў ҳуқықысыз» ийелик сертификаты бериледи;

 мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин сатып алыў шәртнамалары шеңберинде бир бөлегин төлеўди әмелге асырған қарыйдарларға сатып алыў төлемин толық әмелге асырғанға шекем «ийелик етиў ҳуқықысыз» мәмлекетлик ордери бериледи.

  1. Агентлик Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы минис­трлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте үш ай мүддетте базар ҳәм саўда комплекслериниң басқарыў сис­темасын жетилистириў ҳәм оларды басқышпа-басқыш меншиклестириў бойынша қарар жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

Онда:

базарлар ҳәм саўда комплекслериниң әҳмийетинен келип шыққан ҳалда, Агентлик ҳәм оның аймақлық басқармалары жанында  базар ҳәм саўда комплекслерин сатыўдан алдын таярлаў жумысларын әмелге асырыў бойынша басқарыў компанияларын шөлкем­лестириў;

алдынғы сырт ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда, устав капиталында мәмлекетлик үлеси бар бол­ған базар ҳәм саўда комплекслерин заманагөй көриниске келтириў, санитариялық-гигиеналық талаплар дәрежесинде сақлаў, базар жумысы ушын зәрүр инфраструктураны қәлиплестириў;

базар ҳәм саўда комплекслериндеги жеке меншик мүлк ийелериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери және жеке меншик мүлкке қол қатылмаслығын тәмийинлеў нәзерде тутылсын.

  1. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ( С.Умурзоков, Л.Қудратов, Ш.Вафаев) Агентлик пенен биргеликте:

а) усы Пәрманға муўапық сатылатуғын кәрханалар акция пакетлери (үлеслери) ҳәм көшпес мүлк объектлери бойыншаF

ғалабалық саўдаларға шығарыўдан алдын жергиликли ҳәм халық­аралық инвесторларды тартыўға қаратылған комплексли илажларды әмелге асырсын;

Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте потенциаллы инвес­торларды тартыў ушын турақлы түрде ушырасыў, сөйлесиў ҳәм презентациялар («Road show») өткерсин;

усы Пәрманның 3-қосымшасындағы мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларға алдынғы тәжирийбеге ийе потенциаллы сырт ел инвесторларын тартыў бойынша мәнзилли жумысларды шөлкемлестирсин;

б) 2021-жыл 1-февральға шекем сырт ел тәжирийбесин үйренген ҳалда арнаўлы экономикалық зоналар жумысына сыртқы бас­қарыўды енгизиў  және оларды  басқышпа-басқыш меншиклестириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Агентлик:

Сыртқы ислер министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте  2020-жыл 1-декабрьге шекем  Өзбекстан Республикасының  сырт елде жайласқан мәмлекетлик мүлк объектлеринен нәтийжели пайдаланыў,  соның ишинде, оларды сатыў, ижараға ямаса исенимли басқарыўға бериў;

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў минис­трлиги және Қаржы министрлиги, тийисли министрликлер, уйымлар ҳәм хожалық басқарыў уйымлары менен биргеликте үш ай мүддетте мәмлекетлик үлеси үстин дәрежеге ийе болған кәрханалар ҳәм коммерциялық банклердиң тий­карғы  жумысына сай болмаған активлерин толық хатлаўдан өткерип, оларды ғалабалық саўдалар арқалы сатыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Министрлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте:

мәкеме сыпатында қайта шөлкемлестирилетуғын мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар дизимин;

филиал көринисинде қайта шөлкемлестирилетуғын  мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар дизимин;

мәмлекетлик үлес сақлап қалынатуғын  кәрханалар дизимин;

 сапластырыў ямаса банкротлық принциплерин қолланыў басламасы менен шығылатуғын перспективасыз, жумыс ислемей атырған, зыян менен ислеп атырған ҳәм төмен рентабельли мәмлекет қатнасындағы кәрханалар дизимин тастыйықласын.

  1. Агентлик Монополияға қарсы гүресиў комитети менен биргеликте «E-ijro auksion» бирден-бир электрон саўда майданшасында өтетуғын ғалабалық саўдалар  процесслериниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў,  субъектив қатнасларды толық бийкарлаў ҳәм қарыйдарларға қолайлылық жаратыў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын илажлардың ислеп шығылыўын ҳәм тастыйықланыўын тәмийинлесин:

2021-жыл 1-январьға шекем бирден-бир электрон саўда майданшасында әмелге асырылатуғын саўдалардың тәртип-қағыйдаларын бир түрге енгизиў бойынша бирден-бир тәртипти тастыйықлаў ҳәм оның тийкарында мәмлекетлик уйымлар менен өз-ара интеграцияласқан саўда майданшасының жетилистирилген программалық тәмийнатын иске қосыў;

2021-жыл 1-январьдан баслап  барлық аукцион саўдаларының нәтийжелерин 14 -кодты қолланыў арқалы рәсмийлестириў;

мәмлекетлик көшпес мүлк объект­лери ҳәм үлеслерин сатыў бо­йынша тәкирарый аукцион саўдаларын ҳәр 10 календарь күнде бир мәрте әмелге асырыў;

қарыйдарлардың усынысларын аукционда лотлар жәрияланған ўақыттан баслап қабыл етиў;

 мәмлекетлик активлерди сатыў шәртлерине муўапық болған буйырт­па тек ғана бир талабан тәрепинен берилген болса, бул бирден-бир қатнасыўшы менен алды-сатты шәртнамасын дүзиў, «1 сум» басланғыш баҳада саўдаға шығарылған мәмлекетлик үлес ҳәм көшпес мүлк объектлери буған кирмейди.

  1. Агентлик Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў минис­трлиги менен биргеликте бир ай мүддетте усы Пәрманның мәнисин исбилерменлик субъектлери ҳәм халық арасында кеңнен түсиндириўге ҳәм жарытыўға қаратылған медиа-режени тас­тыйықласын ҳәм оның орынланыўын тәмийинлесин.
  2. Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил (Бизнес-омбудсман) Бас прокуратура менен биргеликте мәмлекетлик акция пакетлери (үлеслери)н сатып алған инвесторлардың, соның ишинде, миноритар акционерлердиң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң қорғалыўын, олардың жәми­йетлик басқарыў уйымында қатнасыўына тосқынлық ететуғын жағдайлар анықланғанда нызамшылықта белгиленген қатаң илажлар көрилиўин тәмийинлесин.
  3. Министрлер КабинетиF

бир ай мүддетте 2020-2025-жыллары мәмлекет қатнасындағы кәрханаларды басқарыў ҳәм реформалаў стратегиясын тастыйықлаў ушын киргизсин;

2020-жыл 1-декабрьге шекем «Мәмлекетлик мүлкти басқарыў ҳаққында»ғы ҳәм «Меншик­лестириў ҳаққында»ғы  Өзбекстан Республикасы нызамларының жойбарларын ислеп шықсын ҳәм Олий Мажлис Нызамшылық палатасына белгиленген тәртипте киргизсин;

үш ай мүддетте  меншиклестириў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин хатлаўдан өткерип, унификациялаған ҳалда меншиклестириў ҳаққындағы жаңаланған режелерди тастыйықласын.

  1. Агентлик мәпдар минис­трликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Арипов­қа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Гулямов­қа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2020-жыл 27-октябрь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF