Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:56:37, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ОНЫНШЫ

СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ

Усы жыл 28-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң оныншы сессиясы болып өтти.

Cессия видеоконференц байланыс тәризинде өткерилип, оған Олий Мажлис Сенаты ҳәм ҳүкимет ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары, секторлардың, тараўлардың басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Сессияның күн тәртибиндеги мәселе — Президентимиздиң «1-октябрь — Муғаллимлер ҳәм устазлар күни»не бағышланған салтанатлы мәресимде белгилеп берген ўазыйпалары тийкарында ислеп шығылған Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетимиздиң тәлим-тәрбия системасын буннан былай да жетилистириў, илим тараўының раўажланыўын жеделлестириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы жойбарын додалаўға бағышланды.

Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов, Халық билимлендириў министри А.Аяпов, 32-санлы «Қылышбай» сайлаў округинен Жоқарғы Кеңес депутаты С.Хожамуратовалар шығып сөйлеп, билимлендириў тараўында әмелге асырылып атыр­ған жумыслар туўралы мағлыўматлар берип, Пәрман жойбарында көрсетилген ўазыйпа­ларға кеңнен тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, республикамызда ҳәзирги күнде 746 билимлендириў мәкемелери болып, соннан 727 улыўма билим бериў мектеплери, 1 Меҳрибанлық үйи, 18 «Бәркамал әўлад» балалар орайлары жумыс ислеп келмекте. Быйылғы оқыў жылында мектеплерде жәми 352 мың 476  оқыўшы тәлим-тәрбия алмақта. Оларға 37 мың 310 педагог хызметкерлер билим сырларын үйретип келмекте.

Президентимиз ҳәм ҳүкиметимиздиң билимлендириў саласына айрықша итибары нәтийжесинде халық билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша кейинги жыллары бир қанша көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, 2019-жылдың өзинде усы мақсетте жергиликли бюджет қаржылары есабынан 136 миллиард 8 миллион сум қаржы ажыратылды.

Быйылғы жылда 18 улыўма билим бериў мектеплеринде Инвестициялық бағдарлама тийкарында 34 миллиард 500 мил­лион сумлық, Кризиске қарсы гүресиў фондының қаржылары есабынан 14 мектепте 34 миллиард 600 миллион сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылды.

Буннан басқа, жергиликли бюджет қаржылары есабынан 23 объектте 12 миллиард 400 миллион сум муғдарындағы капитал ҳәм қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылды.

Пәрман жойбарында елимизде билимлендириў тараўының сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тәрбияланыўшыларында, оқыўшыларда ҳәм студент жасларда заманагөй билим ҳәм көнликпелерди қәлиплестириў, билимлендириў тараўлары менен илим тараўы арасындағы бирге ислесиўди, интеграцияны, билимлендириўдиң үзликсизлигин тәмийинлеў бойынша үлкен ўазыйпалар белгилеп берилген.

Әсиресе, оқытыўшылардың жәмийетте тутқан орнын ҳәм абырайын арттырыў, сондай-ақ, пүткил дүнья көлеминде саламат бәсеки орталығына шыдамлы жасларды тәрбиялаў, миллий билимлендириў бағдарламасын жаратыў, сабақлық ҳәм оқыў қолланбаларын заман талапларына сай жетилистириў, олардың жаңа әўладын жаратыў жумыслары алып барылыўы тийис.

Пәрман жойбары менен билимлендириў тараўы хызметлерин көрсетиў бойынша жеке сектордың үлесин кеңейтиў, аймақларда мәмлекетлик емес мәкемелерди шөлкемлестириў арқалы бәсеки орталығын қәлиплестириў, тараўда мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыўға айрықша әҳмийет берилиўи, усы тараўда жаңа хызмет көрсетиў тармақларының раўажланыўына алып келеди.

Пәрман жойбарында белгиленген ўазыйпалар жергиликли сессияларда ҳәм билимлендириў мәкемелеринде кеңнен додаланып, 400 ден аслам усыныслар келип түскен. Булардың барлығы улыўмаластырылып, қарар жойбарына қосымша етиледи.

Сессияда пәрман жойбары кеңнен додаланып, қатнасыўшылар тәрепинен пикир-усыныслар билдирилди ҳәм тийисли қарар қабыл етилди. 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF