МИЙНЕТ МИГРАНТЛАРЫНА МИКРОҚАРЫЗЛАР БЕРИЛЕДИ
Мәмлекетимизде сырт еллерде ислеўши пуқаралардың мийнет ҳуқықларын қорғаў, оларға тийисли тәртипте жеңилликлер жаратыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, усы жылдың 15-сентябринде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қәўипсиз, тәртипли ҳәм нызамлы мийнет миграциясы системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, қәўипсиз, тәртипли ҳәм нызамлы мийнет миграциясы системасы енгизиледи. Сырт елде ислеўге кетиўден алдын Өзбекстан пуқараларын кәсип-өнерге ҳәм шет тиллерине оқытыў әмелиятын нәтийжели жолға қойыў, оларға кәсиплик қәнигелигин тастыйықлаўшы халықаралық тән алынатуғын сертификатларды бериўди енгизиў усы системаның тийкарғы жөнелислеринен бири етип белгиленди. Усы қарарға муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги аймақлық филиалларына улыўма басшылық етеди. Аймақлық филиал баслықлары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң жәрдемшиси есапланады. Аймақлық филиаллар шет елли ис бериўшилер менен келисимлер дүзеди ҳәм шет елге пуқараларды жумысқа жибереди.
Сондай-ақ, 2021-жыл 1-январьдан баслап «Социаллық қорғаў бирден-бир реестр мәлимлеме системасы»на киргизилген кем тәмийинленген шаңарақ ағзасы шөлкемлестирилген мийнет миграциясы жолы менен ўақтыншалық ислеў ушын шет елге шығып атырғанда оларға микроқарызлар бериў тәртиби енгизиледи. Микроқарызлар шет елде жумысқа жайласыў менен байланыслы қәрежетлерди қаплаў ушын 10 миллион сумға шекемги муғдарда бир жыл мүддетке бериледи. Микроқарыз процент ставкасының Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан асатуғын, лекин, тийкарғы ставканың 1,5 есесинен көп болмаған бөлеги конпенсация етиледи.
Буннан тысқары, қарарға көре, 2021-жыл 1-январьдан баслап шөлкемлестирилген мийнет миграциясы жолы менен шет елде ўақытша ислеў, өзин-өзи бәнт еткен шахслар шуғылланыўы мүмкин болған хызмет түрлерине теңлестириледи ҳәм оған өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын белгиленген салықларды төлеў ҳәм пенсия муғдарын есаплаў тәртиби қолланылады. 2021-жыл 1-январьға шекем Өзбекстанда Россия Федерациясы Ишки ислер министрлигиниң паспорт-виза хызмети ўәкилханасы ашылады ҳәм усы ўәкилханада ўақтынша мийнет жумысларын әмелге асырыўға рухсатнама (патент) таярлаў, рәсмийлестириў ҳәм бериў хызметлери көрсетиледи.
Россия Федерациясы, Қазақстан ҳәм Түркия Республикаларында жумыс ислеп атырған Өзбекстан пуқараларына ҳуқықый жәрдем көрсетиў мақсетинде усы мәмлекетлердеги адвокатлық шөлкемлер менен питимлер дүзиледи. Сыртқы мийнет миграциясы агентлигиниң Екатеринбург, Новосибирск, Самара, Уфа, Шымкент ҳәм Стамбул қалаларында ўәкилханалары ашылады. Шет мәмлекетлерде қыйын финанслық жағдайға түскен ҳәм шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерсиз, қәрежетсиз қалған пуқараларға төленетуғын бир мәртелик материаллық жәрдем муғдары базалық есаплаў муғдарының еки есесине көбейтилди (алдын бир есеси еди).
Соның менен бирге, мийнет мигрантларына ҳуқықый жәрдем бериў бойынша онлайн платформа жаратылады ҳәм Россия Федерациясында «Call-орай» шөлкемлестириледи. 2021-жыл 1-январьдан баслап «Социаллық қорғаў бирден-бир реестри мәлимлеме системасы»на киргизилген кем тәмийинленген шаңарақ ағзасы шет елде ўақтынша ислеп қайтып келгенде базалық есаплаў муғдарының 10 есесине шекемги муғдарда субсидия төленеди, исбилерменлик жумысларын әмелге асырыў ушын ажыратылған кредитлер бойынша процент ставкасының Орайлық банк тийкарғы ставкасынан асатуғын, лекин, тийкарғы ставканың 1,5 есесинен көп болмаған бөлеги компенсация етиледи.
Жуўмақ орнында айтатуғын болсақ, қарарда мийнет миграциясы мәселелери бойынша мүрәжатларды қабыл етиўши «1282» қысқа номерли исеним телефоны шөлкемлестирилиўи белгиленгенлиги олардың нызамлы мәплерин ҳәм мийнет етиўге болған ҳуқықларын қорғаўға имканият жаратады.
Л.РОЗИМОВА,
Беруний районы әдиллик бөлиминиң жетекши мәсләҳәтшиси.