САЛАМАТЛЫҒЫМЫЗҒА БИЙПАРҚ БОЛМАЙЫҚ ЯКИ ЖАПЫРАҚЛАРДЫ ӨРТЕМЕҢ
Жасап турған аймақларымызды абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, экологиялық талапларға қатаң әмел етиў, қоршаған орталықтың тазалығын тәмийинлеў ҳәм инсан саламатлығы ушын пайдалы өсимлик ҳәм терек түрлерин егиў, оларды жетилистириў бойынша жумысларда бәршемиз белсенди болыўымыз ҳәм баслама көрсетиўимиз, бул жөнелис бойынша түрли үгит-нәсият жумысларын әмелге асырыўымыз бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпасы.
Негизинде тәбият өз теңсалмақлылығы менен жаратылған. Әсиресе, мәмлекетимизде төрт мәўсимниң турақлы алмасыўы, олардың ҳәр бириндеги өзине тән сулыўлық адамды таң қалдырады. Улыўма алғанда, журтымыздың ҳәр мәўсими, ҳәр күнинде өзгеше сыйқыр ҳәм кәрамат бар. Үлкемизге өзгеше бир тынышлық пенен кирип келген гүз мәўсими әллеқашан руўхый санамызда, кейпиятымызда сезилмекте.
Соны атап өтиў керек, тереклер инсанияттың жетик саламат жасаўы ушын турмыслық әҳмийетке ийе. Жасыл әлем қала ҳаўасын 2-8 дәрежеге салқынлатып турады. Бир терек жылына 15 мың литрге шекем суўды топырақта сақлайды. Тереклердиң қоршаған орталыққа берип атырған пайдасы себепли мегаполислер ҳәр жылы 150 миллион долларға жақын қаржыны тежейди.
Тереклер мудамы тәбиятқа, инсаниятқа пайда алып келген. Саясы жанға, мийўеси тәнге дәрман. Лекин, ҳәр бир мәўсимниң өз қәсийети бар. Алтын гүз мәўсими келиўи менен тереклер өзиниң жасыл әлемин гүзги жапырақ төгилиўшиликке босатып береди. Әйне гүз мәўсиминде халық тәрепинен гүзги жапырақ төгилиўи де жоқарыда айтып өтилген көринисли ҳәм мийўели тереклерден төгилип атырған жапырақларды жыйнаў, топлаў ҳәм алып барып таслаў машқала туўдырады. Соның менен бирге, айырым пуқаралар тәрепинен жапырақлардың жағып жиберилиўи де гүзетиледи.
Жанып атырған жапырақтың қаншелли зыянлы екенин статистикалық мағлыўматлар арқалы көрейик. Бир тонна жапырақ жағылғанда, атмосфера ҳаўасына 30 килограмм углерод оксиди ажыралып шығады. Буннан тысқары, инсан саламатлығы ҳәм қоршаған орталыққа зыян жеткизиўши басқа элементлер, яғный, алтын күкирт ангидриди, қурым, азот оксиди ҳәм қурамалы органикалық бирикпелер диоксинлер де тасланады. Жапырақтан шығып атырған түтин атмосфера қурамындағы кислород муғдарын азайтады. Әсиресе, шала жанған жапырақ өзинен зәҳәрли газ шығарады. Оннан ажыралып атырған түтин атмосферада топланып, ҳаўаға карбонат ангидрид газын шығарады.
Қәнигелердиң айтыўына қарағанда, зыянлы элементлерге тойынған ҳаўадан дем алған адамның дем алыў жоллары, көзи ҳәм орайлық нерв системасы зыянланады. Усының менен бирге, организмде өкпе раги, бронхиал астма сыяқлы қәўипли кеселликлер келип шығыў қәўпи артады. Жапырақты жағыўдан келип шығатуғын зыянлы түтин, әсиресе, балалар жүрек-қан тамыр, дем алыў жоллары кеселликлерине шатылған ҳәм аллергиясы бар инсанларға көбирек унамсыз тәсир етеди.
Ҳәзирги коронавирус пандемиясы шараятында атмосфераның түрли элементлер менен патасланыўы, бул кеселлик пенен кеселленгенлер, саўалып шыққанлар ушын болса жүдә зыянлы.
Атмосфера ҳаўасын қорғаў талапларына қатаң әмел етиў қоршаған орталық тазалығын тәмийинлеў ҳәм инсан саламатлығын қорғаўда айрықша әҳмийетке ийе болады. Өзбекстан Республикасының «Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында»ғы Кодексиниң II-статьясында «Дала ҳәм халықтың елатлы аймақларында төгилген жапырақ ҳәм шақаларды ямаса өсимликлердиң басқа қалдықларын жағып жибериў, атмосфера ҳаўасын зыянлы элементлер менен патасландырыўға алып келсе, пуқараларға базалық есаплаў муғдарының үш есесинен бес есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса бес есесинен он есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға себеп болады» деп айрықша атап өтилген. Буннан тысқары, өрт жүз бериўи ақыбетлеринен келип шығып, жынайый жуўапкершилик те бар. Демек, пуқаралар, мәҳәлле белсендилери саламат экологиялық жағдайды сақлаў жумысларынан шетте қалмаўы керек. Экологиялық қағыйдаларды бузған пуқаралардың анықланыўында мәҳәлле белсендилериниң хызмети жүдә әҳмийетли.
Алып барылып атырған илажлар нәтийжеси жылдан-жылға төгилген жапырақ ҳәм шақалар менен өсимликлердиң басқа қалдықларын жағып жибериў жағдайлары азайып баратырғанлығын көрсетип атыр. Бирақ, бул бағдарда әмелге асырылыўы керек болған қатар ўазыйпалар да бар. Бул бир неше факторларға байланыслы. Бириншиден, тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлер тәрепинен төгилген жапырақларды жағыўдың өз ўақтында алдын алыў бойынша илажлар әмелге асырылыўы керек. Тереклерден төгилген жапырақларды жыйнап, тийисли шөлкемлер жәрдеминде қала тысқарысына, белгиленген орынларға тасыў. Екиншиден, халықтың елатлы аймақларын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыўда, экологиялық талапларға қатаң әмел етиў ҳәм елатлы пунктлердиң географиялық жайласыўынан келип шыққан ҳалда қоршаған орталықтың тазалығын тәмийинлеў ҳәм инсан саламатлығы ушын пайдалы болған өсимлик ҳәм терек түрлерин егиўге айрықша итибар қаратыў. Үшиншиден, халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў, ғалаба хабар қураллары арқалы олар арасында түсиндириў жумыслары турақлы алып барылса экологиялық қағыйда бузарлықлардың алдын алыўда оғада әҳмийетке ийе болады.
Бунда тараўда нызамшылықты жетилистириў болып табылады. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери комитети, Экология фракциясы ағзалары шериклигинде бир қатар нызамларға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў, жаңа нызамлар қабыллаў, атап айтқанда, Өзбекстан Республикасының Экологиялық Кодексин ислеп шығыў бойынша жумыслар жеделлик пенен алып барылмақта. Жақында депутатлар тәрепинен Олий Мажлис Нызамшылық палатасына киргизилген ҳәм биринши оқылыўында қабыл етилген «Өсимлик дүньясы объектлерин қорғаўды жетилистириў мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызамларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамы тереклер, путалар ҳәм басқа өсимликлердиң нызамсыз кесилиўи, жоқ етилиўи, зыянландырылыўының алдын алыўға ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўында мәмлекетлик уйымлар, хожалық жүргизиўши субъектлер ҳәм пуқаралардың жеке жуўапкершилигин күшейтиў арқалы бул бағдардағы ҳуқықбузарлықлардың кемейиўине хызмет етеди.
Жуўмақлап айтқанда, экологиялық машқалаларға бийпарқ қараў, қоршаған орталықтың патасланыўы биринши нәўбетте өзлеримиз ушын, ертеңги келешегимиз болған перзентлеримиз ушын жүдә қәўипли. Қашан биз, бул тек ғана ҳүкиметтиң яки айырым шөлкемлердиң ўазыйпасы деп қарамай, жасап атырған аймағымыздың тәбиятына, тазалығына шын кеўилден жуўапкершилик пенен қарайтуғын болсақ, сонда ғана биз алдымызға қойған мақсетлеримизге жетисе аламыз. Тек бүгинимизди емес, ертеңги келешегимизди де ойлаўымыз керек. Себеби, биз келешек ушын жуўапкермиз!
Л.СЕЙТОВА,
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси депутаты.
А.БЕГИМОВА,
Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы
атқарыў Кеңеси баслығы.