Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:56:23, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘСКЕРИЙ МЕДИЦИНА ТАРАЎЫНДА КАДРЛАРДЫ ТАЯРЛАЎДЫҢ САПАЛЫ ЖАҢА СИСТЕМАСЫН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Елимизде халық саламатлығын сақлаў ҳәм жақсылаўды тәмийинлейтуғын нәтийжели денсаўлықты сақлаў системасын жаратыў, саламат әўладты тәрбиялаў ушын зәрүр шараятларды қәлиплестириў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары болып есапланады.

Медицина тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар шеңберинде бас­қышпа-бас­қыш миллий медициналық билимлендириўди модернизациялаў, усы тараўға халықаралық тәлим стан­дарт­ларын ҳәм алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў, халық саламатлығын сақлаўдың әҳмийетли машқалалары бойынша илимий изертлеўлерди өткериў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, әскерий медицина тараўында жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлаўға тос­қынлық етип атырған бир қанша машқалалар сақланып қалмақта. Атап айтқанда:

бириншиден, әскерий медицина қәнигелериниң үзликсиз кәсиплик таярлығын тәми­йинлеў, олардың маманлығын арттырыў, көн­ликпелерди заманагөй талапларға бейимлестириўдиң әмелий системасы енгизилмеген;

екиншиден, оқыў процесинде инновациялық қолланбалар ҳәм технологиялардан пайдаланыўдың төмен дәрежеде екенлиги ақыбетинде әскерий-медициналық кадрларды таярлаў және әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына нәтийжели медициналық жәрдем көрсетилиўин шөлкемлестириў системасына заманагөй усыл ҳәм қатнасларды қолланыў имканияты жоқ;

үшиншиден, айрықша жағдайлар ақыбетлерин сапластырыўда қатнасатуғын ҳәм бул бағдарда шөлкемлестириў-профилактикалық жумысларды алып баратуғын жоқары мағлыўматлы әскерий медицина қәнигелерин таярлаўға айрықша итибар қаратыў талап етилмекте.

Жоқары мағлыўматлы офицер кадрлар таярлаў системасын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў, олар ушын үзликсиз, басқышпа-бас­қыш ҳәм мақсетли оқытыў системасын жаратыў және әскерий-медициналық тараўда билимлендириў, илим ҳәм әмелият үйлесимлилигин тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Ташкент медицина академиясы жанындағы Әскерий-медицина факультети негизинде Өзбекстан Республикасы Қорғаныў минис­трлигиниң юридикалық тәреп статусына ийе бол­ған Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери Әскерий медицина академиясы (кейинги орынларда-Академия) шөлкемлестирилсин.
  2. Төмендегилер Академияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсинF

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қурамына киретуғын министрликлер ҳәм уйымлар ушын медицина тараўында заманагөй талапларға жуўап беретуғын кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў;

медицина тараўында тар қәнигелерди, илимий-педагогикалық кадр­ларды және запастағы ҳәм резервтеги медицина хызмети офицерлерин таярлаў;

билимлендириў процесине халық­аралық тәлим стандартларына тийкарланған алдынғы педагогикалық ҳәм иннова­циялық медицина технологияларын, заманагөй оқыў бағдарламаларын ҳәм оқыў-методикалық қатнасларды кеңнен енгизиў;

әскерий медицина әмелиятында бар машқалалардың шешимине қаратылған фундаменталь, әмелий ҳәм инновациялық илимий-изертлеў жумысларын әмелге асырыў;

миллий ҳәм сырт елдиң жетекши жоқары, жоқары әскерий билимлендириў және илимий-изертлеў мәкемелери менен өз-ара бирге ислесиўде билимлендириў процесин раўажландырыў, денсаўлықты сақлаў тараўында илимий-изертлеўлерди өткериў;

билим алыўшыларды адамгершилик ҳәм жоқары мәнаўий идеялар тийкарында, ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў.

  1. Академия:

мәмлекетлик жоқары әскерий билимлендириў мәкемеси болып есапланатуғыны;

Ташкент медицина акаде­миясы жанындағы Әскерий-медициналық факультетиниң барлық ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасқоры болып есапланатуғыны;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гербиниң сүўрети ҳәм мәмлекетлик тилде аты түсирилген мөр, банк есап бети ҳәм сырт ел валютасындағы банк есап бети, штамп ҳәм бас­қа да реквизитлерге ийе болатуғыны белгиленсин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

Академияда оқыў ушын 2021-2022-оқыў-жылынан баслап талабанлар Өзбекстан Республикасы жоқары медициналық билимлендириў мәкемелери емлеў факультетлериниң бесинши басқышын ҳәм медициналық-профилактикалық факультетлериниң төртинши бас­қышын тамамлаған, оқыў жуўмақлары бойынша ең жоқары нәтийжелерди көрсеткен, оқыўын Әскерий медицина академиясында даўам еттириў ҳәм келешекте шәртнама бойынша әскерий хызметти өтеў тилегин билдирген, сондай-ақ, денсаўлығының жағдайына бола әскерий хызметке жарамлы болған студентлер арасынан Өзбекстан Республикасы Қорғаныў минис­трлиги тәрепинен сайлап алынады;

Академияда курсантлардың мәжбүрий еки жыллық оқыўы еки басқышлы әскерий медицина оқыў бағдарламасы тий­карында: биринши жыл — бакалавриатта, екинши жыл — Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери ушын зәрүр болған қәнигеликлер бойынша әскерий интернатурада әмелге асырылады;

Академияның бакалавриат бас­қышын тамамлаған курсант­ларға дәслепки «медициналық хызмет лейтенанты» әскерий атағы ҳәм  «әскерий врач» қәнигелигин беретуғын мәмлекетлик үлгидеги диплом және әскерий интернатураны тамамлағаннан соң, гезектеги  «медициналық хызмет аға лейтенанты» әскерий атағы ҳәм тийисли қәнигеликтиң берилгенлиги ҳаққында белгиленген үлгидеги гүўалық бериледи;

Академияның әскерий медицина оқыў бағдарламасы тийкарында тәлим алған питкериўшилердиң Өзбекстан Республикасы жоқары медициналық билимлендириў мәкемелери емлеў ҳәм медициналық-профилактика факультетлериндеги оқыўы Академиядағы оқыўға теңлестириледи;

медицина тараўындағы тар қәнигеликлер бойынша медицина кадрлары Академияның клиникалық ординатура ҳәм магистратурасында, илимий-педагогикалық кадр­лар болса оның  докторантурасында  таярланады;

Өзбекстан Республикасы Қор­ғаныў министрлиги Орайлық әскерий клиникалық госпиталы Академияның оқыў ҳәм клиникалық базасы, сондай-ақ, тийкарғы тәмийнат орайы болып есапланады.

  1. Академияға 2021-2022-оқыў жылынан баслап:

Өзбекстан Республикасының бас­қа медициналық билимлендириў мәкемелерин питкерген медицина хызметкерлерин төлемли-контракт тийкарында қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўға;

ҳүкиметлераралық келисим ҳәм шәртнамалар тийкарында сырт еллер ушын медицина кадр­ларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўға рухсат етилсин.

  1. Академия структурасында юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Әскерий медицина илимий-изертлеў институты шөлкемлестирилсин ҳәм оның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсинF

санитариялық-эпидемиялогиялық дәреклерди, ҳәдийселерди, факторларды ҳәм биоло­гиялық қәўипсизлик ҳаққындағы көз-қараслардың қәлиплесиўин илимий жақтан үйрениў, заман талапларына жуўап бериўши, биологиялық қәўип-қәтерлерге оператив жуўап бере алатуғын нәтийжели системаны қәлиплестириў ҳәм раўажландырыў бо­йынша изленислер алып барыў;

халық ҳәм жеке қурамның биологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўындағы илимий-изертлеўлерди алып барыў ҳәм оларға қарсы илимий тийкарланған комплексли илажларды ислеп шығыў, биоло­гиялық қәўип-қәтерлерди қадағалаў системасын муўапықластырыў;

биологиялық қәўипсизлик тараўында миллий кадрларды таярлаў ҳәм тараўға байланыслы илимий-изертлеўлердиң алып барылыўында оқыў-илимий орай сыпатында жумыс ислеў;

илимий тийкарланған қолланбаларды жаратыў ҳәм әмелиятқа енгизиў мақсетинде әскерлердиң медициналық тәмийнатын шөлкем­лестириў тәжирийбесин ҳәм бар машқалаларды үйрениў.

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери Әскерий медицина академиясының шөл­кемлестириў-штат структурасы 1-қосымшаға;

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери Әскерий медицина академиясында оқытылатуғын қәнигеликлер (бағдарлар) дизими 2-қосымшаға;

 Медицина тараўында әскерий кадрларды таярлаўдың сапалы жаңа системасын шөлкемлестириў бойынша «жол картасы» 3-қосымшаға;

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери Әскерий медицина академиясы шәртнама бойынша әскерий хызметкерлердиң ийелеп тур­ған лаўазымлары бойынша тийкарғы әскерий атақлары ҳәм тариф разрядларының дизими 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Академияны шөлкемлестириў оның шөлкемлестириў-штат структурасына тийкарланып 40 курсант ҳәм 100 тыңлаўшы штат бирликлери Қор­ғаныў министрлигине қосымша, қалған штат бирликлери болса — Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги әскерлериниң белгиленген шекленген улыўма саны шеңберинде ажыратылыўы арқалы әмелге асырылады.

Өзбекстан Республикасы қорғаныў министрине, зәрүрлик болғанда, Академияның шөлкемлестириў-штат структурасына Қорғаныў министрлиги әскерлериниң белгиленген шекленген улыўма саны шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. Академия Ташкент қаласы, Мырза Улығбек районы, Зыялылар көшеси, 4-жай мәнзили бойынша 83-санлы әскерий қалаша аймағында бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги:

Ташкент медицина акаде­миясы жанындағы Әскерий медицина факультетине 2019-жылда оқыўға кирген курсантлардың оқыўын 2020-2021-оқыў жылында әмелдеги билимлендириў бағдарламалары бо­йынша Ташкент медицина акаде­миясы ҳәм Академияның базаларында жуўмақлаў илажларын көрсин;

Академияның 2021-жылғы питкериўшилери арасынан оқыў жуўмағы бойынша ең жоқары көрсеткишлерге ийе болғанларға әскерий интернатурада оқыўды даўам еттириўге рухсат берилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы қорғаныў министрине, бурынғысынан басқаша тәртипте, Академияның Әскерий медицина илимий-изертлеў институты офицерлери қурамы лаўазымларын контракт бойынша әскерий хызметти өтеў тилегин билдирген медицина тараўындағы жоқары мағлыўматлы пуқара қәнигелери есабынан қаплаўға, онда оларды медициналық тексериўден өткериў нәтийжелерине бола дәслепки ҳәм әскерий-кәсиплик сайлап алыўды өткермей, сондай-ақ, әскерий хызметте болыўдың белгиленген жас шегарасына жеткенине қарамас­тан, контракт бойынша әскерий хызметке алыўға және үлкен офицерлер қурамының әскерий атақларын бериўге рухсат берилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте Академия және Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм байланыс әскерий инс­титуты жанында юридикалық тәреп статусына ийе болмаған илимий-изертлеў жумысын раўажландырыў қорларын шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарарының жойбарын тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине белгиленген тәртипте киргизсин.
  3. а) Академияның педагогикалық жумыс пенен шуғылланыўшы басшысы, басшы орынбасарлары ҳәм профессор оқытыўшылар қурамына және Әскерий медицина илимий-изертлеў институтының басшысы ҳәм илимий хызметкерлерине төмендеги муғдарда айлық үстеме төленетуғыны:

базалық лаўазым мийнет ҳақының 50 проценти муғдарында — пуқара қурамындағы жумысшыларға;

тийкарғы лаўазым мийнет ҳақының 100 проценти муғдарында — контракт бойынша әскерий хызметкерлерге;

б) Академия және Өзбекстан Республикасы Қорғаныў минис­трлиги Мәлимлеме коммуникация технологиялары ҳәм байланыс әскерий инс­титутының бас, жетекши, аға ҳәм киши илимий хызметкерлери лаўазымларындағы пуқара хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў нызамшылықта белгиленген бюджет қаржыларының есабынан фундаменталь, әмелий изертлеўлер ҳәм инновациялық жумыслардың илимий-техникалық бағдарламаларын әмелге асырыўда қатнасыўшы илимий-изертлеў мәкемелери илимий ҳәм басшы хызметкерлериниң базалық лаўазым мийнет ҳақыларына тең муғдарда әмелге асырылатуғыны;

в) Академияда оқыў ҳәм оқыў-әмелий шынығыўларды өткериўге тиккелей тартылатуғын республиканың басқа да медицина қәнигелерине педагогикалық жумыстың ҳәр бир академиялық сааты ушын Академия тәрепинен Өзбекстан Республикасында белгиленген базалық есаплаў муғдарының 10 проценти муғдарында қосымша ҳақы төленетуғыны;

г) Академияның тәмийнаты Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети, Қор­ғаныў минис­трлигиниң бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм Нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да қаржылар есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2021-2022-оқыў жылы басланғанға шекемF

Академияға профессор-оқытыўшылар ҳәм илимий хызметкерлер қурамының таңлаўын өткерсин және вакант лаўазымлар, оларға қо­йылатуғын талапларды есапқа ал­ған ҳалда, тийисли қәнигеликтеги жоқары мағлыўматлы қәнигелер менен белгиленген тәртипте толықтырсын;

Академияның оқыў процеси ҳәм илимий-изертлеў жумысына, соның ишинде, шәртнама тийкарында, жетекши миллий ҳәм сырт ел билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери, мәмлекетлик басқарыў уйымлары, хожалық бирлеспелери ҳәм басқа да шөлкемлердиң маман қәнигелери ҳәм экспертлерин тартсын;

алдынғы миллий ҳәм сырт ел жоқары билимлендириў, қәнигелес­тирилген  ҳәм илимий-әмелий орай және илимий-изерт­леў институтларының кадр­лар потенциалы ҳәм материаллық-техникалық базасынан пайдаланған ҳалда Академияның профессор-оқытыўшылар қурамы ҳәм илимий хызметкерлериниң кәсиплик таярлығын турақлы түрде жетилистирип барыўды тәмийинлесин.

Академия баслығына билимлендириў тараўында миллий ҳәм халық­аралық жоқары билимлендириў және илимий-изертлеў мәкемелери менен белгиленген тәртипте еки тәреплеме ти­йисли келисим ҳәм шәртнамалар дүзиў ҳуқықы берилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги:

еки ай мүддетте Академияның инфраструктура объектлериниң қурылысын жеделлестириў бойынша Ҳүкимет қарарының жойбарын;

үш ай мүддетте Академияны заманагөй оқыў әсбап-үскенелери, лаборатория қурылмалары ҳәм тренажёр комплекслери менен тәми­йинлеўди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери Әскерий медицина академиясының инфраструктурасы және оқыў-материаллық базасын жаратыў ҳәм жетилистириў бойынша комплексли бағдарламаны ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў минис­трлиги және Қаржы минис­трлиги усы қарарда нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў ушын Қорғаныў минис­трлигине 2021-жыл ҳәм келеси жылларда қосымша орайлас­тырылған капитал қойылмалардың лимитлерин ҳәм бюджет қаржыларын ажыратсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги және басқа да мәпдар минис­трликлер ҳәм уйым­лар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Махмудовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2020-жыл 22-октябрь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF