Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:44:00, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢА ЛАБОРАТОРИЯ ҚӘЎИПСИЗ САПАР ҲӘМ АНЫҚ ДИАГНОЗҒА КЕПИЛЛИК БЕРЕДИ

Ташкент қаласында Корея технологияларына тийкарланып COVID-19 ға тест тапсырыў бойынша лаборатория жумыс баслады. Бул лаборатория Өзбекстан Республикасы Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасы ҳәм Корё университети клиникасы менен биргеликте ашылған.

Лабораторияны Қубла Кореяның жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшылары, олардың басшылығында билим алған жергиликли қәнигелер басқарады.

— COVID-19 кеселлигин тексериў мақсетинде PCR тес­тин өткериў ушын усы лабораторияны шөлкемлестириў зәрүрлиги Өзбекстан пуқараларының Корея Республикасына мийнет миграциясы арқалы барыў жағдайларының кескин артыўы себепли жүзеге келди, - дейди профессор Сеунг Юн. — Пандемия шараятында Кореяға барғанда биринши гезекте, Өзбекстаннан шығып кетиўден 48 саат алдын тапсырылған коронавирустың жоқлығы ҳаққындағы тест нәтийжелери соралады.

Мағлыўматларға қарағанда, жаңа лаборатория ашылмастан бурын Кореяға Өзбекстаннан барған ҳәм  PCR тес­ти кери нәтийжеге ийе пуқаралар Сеулдеги лабораториядан өткенде олардың ярымында коронавирус инфекциясы бар екенлиги анықлан­ған. Нәтийжеде бул пуқаралар Кореяда өзлериниң есабынан 5 мың долларға еки ҳәпте даўамында емлениўге ямаса Өзбекстанға қайтып кетиўге мәжбүр болған.

— Корё университети қәнигелери тәрепинен шөлкемлестирилген лаборатория өз жумысын баслаўы менен өзбекстанлылардың COVID-19 ға байланыслы машқалаларына шек қойылды, -дейди Өзбекстан Республикасы Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасының Қарақалпақстан Республикалық бөлими директоры О.Халимов. — Бул еки мәмлекет ушын да пайдалы ҳәм әҳмийетли жойбар болды. Миллий палатаның усынысы менен бүгинги күнде кореялы шыпакерлер жергиликли лабораторияларда жумыс ислейтуғын қәнигелерди оқытыўды баслады.

Корея технологиялары тийкарында ашылған жаңа лаборатория заманласларымызға COVID-19  бойынша өзиниң жағдайын анық билиўге ҳәм қорықпастан сапарға шығыўға имканият жаратады.

2019-жылы Өзбекстан Республикасы Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасы ҳәм Корё университетиниң клиникасы арасында бирге ислесиў ҳаққында меморандумға қол қо­йылды. Усы ҳүжжет тийкарында Өзбекстан халқына сапалы медициналық жәрдем көрсетиўди мақсет еткен қоспа бағдарламаларды әмелге асырыў, денсаўлықты сақлаў системасында илимий өндирис ҳәм бирге ислесиў жолға қойылмақта.

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF