СЕНАТОР МЕНЕН УШЫРАСЫЎДА МЕКТЕП МАШҚАЛАСЫ КӨТЕРИЛДИ
Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы, сенатор Абатбай Данияров Тахтакөпир районындағы 7-санлы улыўма билим бериў мектеби жәмәәти ҳәм ата-аналар менен ушырасты.
Ушырасыўда Президентимиздиң басшылығында билимлендириў тараўын буннан былай да раўажландырыў, педагог-қәнигелер менен қәбилетли оқыўшыларды қоллап-қуўатлаў, олардың ҳәр тәреплеме терең билим алыўы ушын жаратылған шараятларға тоқтап өтти. Соның менен бирге, тараўды буннан былай да жетилистириў, илим-билимлендириўди раўажландырыў бойынша қабыл етилиўи күтилип атырған пәрманның, елимизде әмелге асырылып атырған жаслар сиясатының мазмун-мәниси бойынша кең түрде түсиник берди.
Билимлендириўге қаратылып атырған кең имканиятларға қарамастан орынларда имканиятлардан нәтийжели пайдаланылмай атыр. Атап айтқанда, усы мектепти быйылғы оқыў жылында 31 оқыўшы питкерген болса, соннан тек 3 оқыўшы жоқары оқыў орнына кирген. Бунда мектеп жәмәәтиниң емес, ата-аналардың да айыбы бар десек, асыра айтқан болмаймыз. Сонлықтан да буннан тийисли жуўмақ шығарыўымыз, оқыўшылардың минез-қулқын, билим алыўға деген умтылысын, келешекке деген көзқарасын түпкиликли өзгертиў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпасы болып табылады. Себеби, жаслардың тәрбиясы ҳәм олардың келешеги ушын бәрше бирдей жуўапкер екенлигин умытпаўымыз тийис.
— Ушырасыўда оқыўшылардың билимли, жетик инсан болып ержетиўи ушын мектеп жәмәәти, ата-аналар ҳәм жәмийетлик шөлкемлер тығыз бирге ислескенде ғана унамлы нәтийже болатуғынлығы турмыслық мысаллар менен атап өтилди,-дейди илаж қатнасыўшысы Юлдузхан Спандиярова. — Ең баслысы, айырым ата-аналар өз перзентлериниң келешеги ушын жуўапкер екенлигин және бир мәрте сезинди.
Ушырасыў қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.