Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:01:31, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘМИЎДӘРЬЯЛЫ ПАХТАКЕШЛЕРДИҢ БӘЛЕНТ ҚЫРМАНЫ

Әмиўдәрья районы пахтакешлери контрактация шәртнамасында көрсетилген 34900 тоннадан зыят пахта тапсырып, усы жыл 19-октябрь күни режени орынлаўға еристи.

Быйылғы жылы да район фермер хожалықлары ерте бәҳәрден шигит егип, өсип шыққан нәллерге ўақтында агротехникалық қәделерге сай тәрбия бериўиниң нәтийжесинде бәлент қырман жаратыўға еристи. Итибарлы тәрепи сонда, жетистирилген өнимниң барлығы  районда шөлкем­лес­тирилген кластер кәрханасы тәрепинен толық қабыл етип алынып, усы жерде қайта исленетуғын болды.

Президентимиздиң тиккелей басламасы тийкарында турмысқа енгизилип атырған иннова­циялық пахта-тоқымашылық кластери системасы өзиниң абзаллығы, жаңалығы, халқымыздың турмыс шараятының жақсыланыўы ҳәм елимиздиң экс­порт потенциалын арт­тырыўдағы роли менен стратегиялық әҳмийетке ийе болмақта. Бул жаңа система шийки затты жетистириўден баслап таяр өним ислеп шығарыўға шекемги процессти өз ишине қамтып алыўы менен экономикамыздың раўажланыўында орны гиреўли болып табылады. Бул тек пахташылықта емес, аўыл хожалығының барлық тараўларында пайдалы болып, онда өним жетистириўши дийқан ҳәм фермерлерден баслап қайта ислеўшилерге шекем бирдей мәп көрмекте.

Райондағы пахташылыққа қәнигелестирилген 362 фермер хожалығы тәрепинен улыўма 15 мың 250 гектар майданға, соннан  3350 гектарына «С-4727»,  8985 гектарына «Султан» сортлары, қал­ған 2915 гектар майданға жаңа сорттағы шигит егилип, бир тегис нәл алынды. Вегетация дәўиринде барлық агротехникалық илажлар сапалы алып барылды. Фермер хожалықлары тәрепинен 34900 тонна пахта шийки затын жетис­тириў бойынша «Amu­daryotex» жуўапкершилиги шекленген жәмийети сырт ел кәрханасы менен контрактация шәртнамалары дүзилди.

Жыйын-терим жумысларын шөлкемлескенлик пенен алып барыў мақсетинде пуқта таярлық көрилди. Бул бағдарда 290 терим отряды шөлкемлестирилди. Бул отрядларға 23 мың 266 теримши қатнастырылды. Олардан 9283 теримши фермер хожалығының жумысшысы болса, 13983 теримши жәмлеспеген халық болып, олар шәртнама тийкарында жумыс алып барылды.

Теримшилер ушын атыз басларында барлық шараят жаратылып, ыссы аўқат шөлкемлестирилди. Терим пуллары ўақтында берилди. Бул теримшилердиң қызығыўшылығын, күш-ғайратын арттырды. Мәжбүрий мийнеттиң де алдын алыў илажлары алып барылды.

Быйылғы жылы мәўсимде терип алынған 22461 тонна пахтаға 1000 сумнан, 12139  тонна пахтаға 1400 сумнан, жәми 40 миллиард сум терим пулы берилди. Бәлент қырманға «Қылышбай», «Орта қала», «Тошёп» «Ақ алтын» «Намуна» аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларындағы фермер хожалықлары өзлериниң мүнәсип үлеслерин қосты.  Атап айтқанда, «Ақ алтын» аўылындағы «Гәўҳар Якубова»,  «Тошёп» аўылындағы «Бекман Аллабергенов», «Дүрмен» аўылындағы «Пирназаров Туребай», «Орта қала» аўылындағы «Эрманов Уразбай» фермер хожалықлары бириншилерден болып шәртнамалы режени орынлап шықты.

— Районымыздың бәлент қырманына аймағымыздағы 19 фермер хожалығы да өзлериниң мүнәсип үлеслерин қосты,-дейди «Йўлдош Ўрозбаев» атындағы алтернативалы машина-трактор паркиниң баслығы Қур­банғали Бешбаев. — Бы­йылғы жылы фермерлеримиз тәрепинен 888 гектар майданға шигит егилип, оннан 2055  тонна пахта жетистирилди ҳәм белгиленген шәртнамалы реже бүгинги күнге 110 про­цент­тен арттырып орынланды. Бул табысымыздың тийкары аўыл хожалығында, соның ишинде, пахташылықта кластер сис­темасының енгизилиўи болып табылады.

Ҳақыйқатында да жаңа системаға өтиў менен бир қатарда атызларды тамшылатып суўғарыў технологияларының кеңнен енгизилиўи бар суўдан ақылға уғрас пайдаланыў, оны үнемлеў арқалы суў тамтарыслығы машқаласының алды алынды. Ғаўаша нәллерин тәрбиялаў дәўиринде суўдан үнемли пайдаланыў мақсетинде «Боз­ёп» аўылындағы «Султанов Сабыр» фермер хожалығында 30 гектар, «Йўлдошбай Насимбек» фермер хожалығында 10 гектар, Бабур аўылындағы «Хайтаков Улуғбек» фермер хожалығында 10 гектар, «Намуна» мәкан пуқаралар жыйынындағы «Сабир Эшчон» фермер хожалығында 10 гектар, «Орта қала» аўылындағы «Эрманов Уразбай» фермер хожалықлары 12 гектар пахта майданында тамшылатып суўғарыў технологиясы енгизилди.

Атызларда еле зүрәәт мол. Қалған зүрәәтти де сепситпей жыйнап алыў мақсетинде районда жы­йын-терим жумыслары шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF