Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:45:41, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚТЫҢ КҮТКЕНИ ДЕ УСЫ ЕДИ

яғный, азық-аўқатымыз қәўипсиз, жетерли, баҳасы да бир жөн болса...

Жақыннан берли базарларымызда күнделикли азық-аўқат өнимлери баҳасының қымбатлап кетиўи хал­қымызды қәўетерлениўге сала баслады.

Әсиресе, гөш, мәйек, өсимлик майы ҳәм қумшекер өнимлериниң кескин қымбатлаўы базар сатыўшылары менен пуқаралар арасында тартыслы машқалаларды туўдырып, көплеген сораўларды келтирип шығармақта. Бул болса, «Көп аўыз көп сөйлейди» дегениндей, ҳәр ким тийкарсыз ҳәр қыйлы гәп-сөзлер тар­қатпақта. Хош, халық арасында бундай нарыйзашылықлардың келип шығыўына не себеп болмақта? Бириншиден, адамлардың пуқаралық ҳуқықынан жетерли дәрежеде пайдаланып билмеўи ҳәм ҳуқықый мәденият түсинигиниң толық қәлиплеспеўи салдарынан усындай түсинбеўшиликлер келип шықпақта. Ҳәр бир қарыйдар сатып алып атырған өниминиң неге тийкарланып баҳасы қымбат екенлигин билиўи, өним сапасы, санитариялық-гигиеналық талапларына әмел етилиўине, сондай-ақ, тәрезиниң туўрылығына итибар қаратып, пайда болған сораўлар бо­йынша базар администрациясынан баслап, жергиликли ҳәкимият, салық ҳәм басқа да бир қатар шөлкем ҳәм уйымларға мүрәжат етиўине, дереклесиўине ҳақылы.

Бәршемиз гүўамыз, дүнья бойлап, соның ишинде бизиң мәмлекетимизде де коронавирус пандемиясы басланған ўақытлары көпшилик адамлар азық-аўқат өнимлерин ҳәдден тыс көп топлаўға киристи. Бул бириншиден, оларды жарамсыз ҳалға келтирсе, екиншиден, өнимлер баҳасының кескин көтерилип кетиўине алып келди.

Бирақ, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен пандемияның дәслепки күнлеринен баслап-ақ, азық-аўқат қәўипсизлигин ҳәм ишки базарда баҳаның турақлылығына ерисиў бо­йынша системалы түрде, пуқта ойланған  реже тийкарында жумыслар жолға қойылды.

Халықтың азық-аўқат өнимлерине болған талабын толық қанаатландырыў, базарларда аўыл хожалығы өнимлери баҳасының турақлылығын тәмийинлеў — бүгинги күнниң ең баслы талабы. Азық-аўқат өнимлериниң арзан ҳәм жетерли муғдарда болыўы халық разылығының тийкарғы өлшемлериниң бири.

Жақында 16-октябрь күни Президентимиз басшылығында «Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм ишки базарда баҳалардың турақлылығын сақлаў илажлары» бойынша өткерилген видеоселектор мәжилиси халық мәпи ҳәм турмысын жақсылаўға қаратылған ийгиликли ислердиң айқын көриниси болды.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы «Базардағы баҳаларды арзан етсек, адамларды разы ете аламыз»,-деп айтып өтип, өнимлерди арзанлатыў бойынша тийисли тараў басшыларына айрықша тапсырмалар берген еди.

Онда қала, район ҳәкимлери ҳәм сектор басшылары өз аймағында жаратылған система, базардағы шараятлар ҳәм баҳалар бойынша халыққа есабат бериў кереклиги айтылды. Аймақларда азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм ишки базарда баҳалардың турақлылығын сақлаў бойынша ҳәкимлерге берилген тапсырмалардың орынланыўын басшылыққа алыў мақсетинде Нөкис қаласы, Тақыятас ҳәм Хожели районларында сессия өткерилди.

НӨКИС ҚАЛАСЫ. 21-октябрь күни Нөкис қаласы ҳәкимлигинде Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң гезектеги XVI сессиясы болып өтти.

Сессия жумысында Нөкис қаласы ҳәкиминиң қаржы, экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары Қ.Хожановтың мәлимлемеси тыңланды.

Атап өтилгениндей, 2018-2020-жылларда коммерциялық банклер тәрепинен шарўашылық, қусшылық, балықшылық, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм қайта ислеў мақсетинде жәми 15,0 миллиард сум муғдарында жеңиллетилген кредит қаржылары ажыратылған. Нәтийжеде, бир ғана шарўашылық тараўында қаламызға сырт еллерден 1,1 мың бас ири шақлы ҳәм 1,5 мың бас майда шақлы шарўа маллары алып келинип, халықтың гөш ҳәм сүт өнимлерине болған талабы толық қанаатландырылыўына ерисилди.

Мәмлекетимизде жаратылған қолайлы шараятлар нәтийжесинде быйылғы жылдың 9 айы жуўмағы менен қала бойынша 385 тонна гөш, 1,6 мың тонна сүт, 100 тонна картошка, 1,8 мың тонна овощ, 260 тонна палыз,  235 тонна мийўе, 2,9 миллион дана мәйек өнимлери жетилистирилип, халқымыздың дастурханына жеткерилди. Деген менен, «Атыздан-тутыныўшыға» принципи тийкарында жумыслар жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмегени, күнделикли түрде жаңаланып баратуғын азық-аўқат өнимлерин топлаўға итибар қаратылмаўы базарлардағы баҳалардың көтерилиўине алып келип атырғаны атап өтилди. Мәселен, усы жылдың январь-сентябрь айларында сүт өнимлериниң баҳасы 16,0, картошканың баҳасы 13,7, гөш өнимлериниң баҳасы 11,4, өсимлик майының баҳасы 10,2, қумшекер, шай ҳәм қосымша өнимлердиң баҳасы болса 5,4 процентке өскен.

Нөкис қаласында быйыл 1-ноябрьден 2021-жылдың 1-майына шекем тийкарғы азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлигин, ишки базарға өним жеткерип берилиўин системалы шөлкемлестириў арқалы баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў бо­йынша режели илажлар әмелге асырылады.

Мәжилисте Нөкис қаласындағы «Темир дәптер»ге киргизилген 3 мың 879 шаңараққа 3 ай даўамында зәрүр азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериў ушын жәми 3,2 миллиард сум муғдарындағы қаржы талап етилетуғынлығы айтылды.

Халықтың зәрүрлиги ушын тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлерин жергиликли ислеп шығарыў есабынан тәмийинлениў, кем болған ямаса жетиспеген өнимлерди болса қосымша қаплаў дереклерине анықлық киргизилди.

Талқылаўларға қарағанда, қала халқының тийкарғы азық-аўқат өнимлерине болған талабы жергиликли ислеп шығарыў есабынан тәми­йинленеди.

Халықтың гөш өнимлерине деген талабын қанаатландырыў, улыўма тутыныў базарында гөш өнимлериниң усынысын көбейтиў мақсетинде районлардағы фермер хожалықлары тәрепинен гөш өнимлерин арзан баҳада алып келиниўи көзде тутылған. Бунда ең дәслеп, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, арнаўлы мектеплер ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелерине жеткерип бериў белгиленген. Бул өз гезегинде базарларда усыныс-талаплардың артыўына ҳәм баҳалардың түсиўине хызмет етеди.

Ғазнашылық уйымларынан алын­ған мағлыўматларға бола, бүгинги күнде бюджет мәкемелерине 1 кг. гөш 53 мың сумнан жеткерилип берилмекте.

Сессияда күн тәртибине қойыл­ған мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

 Сессияға Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги директорының биринши орынбасары Д.Саиджонов қатнасты.  

ТАҚЫЯТАС РАЙОНЫ. 22-октябрь күни Тақыятас районы ҳәкимлигиниң үлкен мәжилислер залында Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиниң гезектеги XIV сессиясы болып өтти.

Сессияның күн тәртибине 2 мәселе қойылып, онда Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев басшылығында усы жылы 24-сентябрь күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде аймақларды социаллық-экономикалық раўажланыў дәрежесин баҳалаўдың рейтинг көрсеткишлери нәтийжесине бола «қанаатланарсыз» баҳаланған Тақыятас районы сектор басшыларының жол қойған кемшиликлери бойынша халыққа мүрәжаты ҳәм буларды сапластырыўға қаратылған ўазыйпалар бойынша «Жол картасы»ның таныстырылыўы ҳәм Президентимиздиң азық-аўқат қәўипсизлигин ҳәм ишки базарда баҳалардың турақлылығын сақлаў илажларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша тапсырмасы басшылыққа алынды.

Сессия жумысын район ҳәкими И.Маткаримов басқарып барды.

Онда Тақыятас районы ҳәкими халықтан кеширим сорап, ўазыйпаларды өз ўақтында орынлаўға ўәде берди. Онда районды «қызыл» тайпадан алып шығыў бойынша исленетуғын жумыслар ҳаққында сөз болды.

Атап өтилгениндей, район рейтинг баҳалаўдың 6 бағдарының 22 көрсеткишинен, атап айтқанда, «Экономикалық раўажланыў ҳәм нәтийжелилик көрсеткишлери»нде (максимал балл — 7,5, әмелде — 0,84) оғада төмен баҳа алған.

Бүгинги күнде бул көрсеткишлер өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда 9 айдың жуўмағы бо­йынша санаат өнимлериниң көлеми 130 процентке, соннан, аймақлық санаат өнимлери 102 процентке, халықтың жан басына есаплағанда 110 процентке, тутыныў товарлары 131 процентке өсиўи гүзетиледи.

Сондай-ақ, экспорт көлеми 3 миллион АҚШ долларын қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 2 есеге көбейген.

Районда ҳәзир тоқтап қалған 5 кәрхананың жумысы қайта тикленген. Жыл жуўмағы менен жәми ислеп шығарылған өнимде (хызмет)те киши бизнестиң үлеси 1,2 процентке, исбилерменлик субъектлериниң өмиршеңлиги 54 процентке, белсендилиги 55 процентке, өсиўи 30 процентке ҳәм киши бизнес арқалы жаңа жумыс орынларының жаратылыўындағы үлеси 74 процентке көбейтиледи...

Сессияда Тақыятас районы сектор басшылары кемшиликлерди сапластырыўға байланыслы ўазыйпалар бойынша «Жол картасы»н усынды.

Район ҳәкими И.Матмуратов районның «қанаатланарсыз» аймаққа түсип қалыў себеплерин қатнасыўшылардың дыққатына усынды. Оның айтыўынша, районның социаллық-экономикалық раўажланыў дәрежеси төмен болыўына аймақтағы бар имканиятлардан толық пайдаланбаў, бир қатар кемшиликлерге бийпәрўа қараў себеп болған. Ҳәким жәмийетшилик алдында кемшиликлерди тән алып, оны дүзетиў илажлары ҳаққында өз пикир-усынысларын билдирди. 

Ҳәкимликтиң мағлыўматына бола, сессияда азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм ишки базарда баҳалардың турақлылығын сақлаў бойынша зәрүр илажларды белгилеў мәселелери додаланды.

Сессия қатнасыўшылары тәрепинен күн тәртибиндеги мәселелер бо­йынша пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар сектор басшыларынан өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

Сессия жумысына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы У.Жалменов қатнасты.

ХОЖЕЛИ РАЙОНЫ. 23-октябрь күни Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң гезектеги XII сессиясы болып өтти.

Сессия күн тәртибинде 2 мәселе — азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм ишки базарда баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў, райондағы географиялық объектлерге атама бериў ҳәм базыларының атамаларын өзгертиў мәселелери қарап шығылды.

Хожели районы ҳәкими Ж.Ермашов биринши мәселе бойынша мәлимлеме берип, Президентимиздиң видеоселектор мәжилисинен соң ра­йонда ҳәким ҳәм басқа сектор басшылары тәрепинен бир неше әҳми­йетли тутыныў товарларының баҳасы үстинен қадағалаў орнатылғанлығын айтып өтти.

Бүгинги күнде районда 123 мыңнан аслам халық жасайды. Санитариялық талапларға муўапық, район халқы ушын быйылғы жылдың қыс ҳәм келеси бәҳәр мәўсими ушын жәми 27 мың 422 тонна азық-аўқатлық өнимлер талап етилетуғын болса, соннан, 25 мың 327 тоннасы ишки ислеп шығарыў есабынан қанаатландырылса, ал, 2095 тоннасы Өзбекстанның басқа ўәлаятларынан алып келиниўи есабынан әмелге асырылыўы режелестирилген. Атап айтқанда, 300 тонна таўық гөши, 916 тонна картошка, 679 тонна қумшекер ҳәм 200 тонна пияз өнимлериниң басқа аймақлардан алып келиниўи көзде тутылған. Бул ушын тәмийинлеўши кәрханалардың өз қаржылары менен бирге 3 миллиард 48 миллион сум муғдарында кредит қаржыларын өзлес­тириў белгиленген.

Буннан тысқары, 2020-2021-жыл қыс ҳәм бәҳәр мәўсимине 4 түрдеги, яғный картошка, пияз, гешир ҳәм гүриш киби тийкарғы аўыл хожалығы өнимлерин резервке топлаўдың улыўмалық прогноз көлемлери белгилеп алынып, оған көре райондағы аймақлық таярлаў шөлкемлери ҳәм социаллық тараў мәкемелери тәрепинен жәми 2 мың 526 тонналық өнимлерди резервке алып қойыў режелестирилген.

Хожели районында жумыслар жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген. Әсиресе, Жумысшы топардың тий­карғы ўазыйпалары, сектор баслықларының, ҳәр бир сектор қурамындағы ағзалардың, сондай-ақ, мәкан пуқаралар жыйыны баслығының ўазыйпалары нелерден ибарат екенлиги дәлме-дәл белгиленген.

Сессияда күн тәртибиндеги екинши мәселе — Өзбекстан Республикасының «Географиялық объектлердиң атамалары ҳаққында»ғы Нызамының 4-статьясы талапларына жуўап бермейтуғын географиялық объектлердиң атамаларына  өзгерислер киргизиў мәселеси бойынша район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Сейтмуратовтың мәлимлемеси тыңланды.

Усының менен районлық кеңестиң гезектеги X88 сессиясы өз жумысын жуўмақлап, күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли шешим қабылланды.

ЖУЎМАҚ  ОРНЫНА

БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш шөлкем Бас Ассамблеясының 75-сессиясында сөйлеген сөзинде — 2021-жылы азық-аўқат системалары бойынша Саммитке шақырыўға усыныс билдирип, Жер жүзилик жәми­йетшилигин азық-аўқат ислеп шығарыў, қайта ислеў ҳәм пайдаланыў тәртибин түп-тийкарынан өзгертиў, соның менен бирге ис-ҳәрекетлерди бирлестириўге шақырғаны да тосыннан емес. Буннан гөзленген мақсет — ашлықты сапластырыў, аўқатланыў менен байланыслы кеселликлерди қысқартыў, планетамызда азық-аўқат системаларын реформалаў ҳәм анық илажларды келисип алыўдан ибарат.

Мәмлекетимиздиң ең әҳмийетли миссиясы бүгингидей сынаўлы демлерде халықтың азық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатландырыў ҳәм ҳәр күнинен разы, келешекке үлкен үмит, исеним менен жасаўына ерисиўден ибарат.

Видеоселектор мәжилисинде Президентимиз тәрепинен атап өтилгениндей, бүгиннен баслап барлық илажларды көрип, әмелдеги системаны өзгертпесек, алдымыздағы қыс ҳәм бәҳәр айларында қыйын болады. Азық-аўқат өнимлерин көбейтип, базардағы баҳаларды арзанлатсақ, адамларды, әсиресе, кем тәмийинленгенлерди разы еткен боламыз, -деген еди.

Ашық-айдынлық тийкарында болып өткен сессия жумысларынан жуўмақ шығаратуғын болсақ, мақсет анық, ўазыйпалар белгили. Басшылыққа алынған ўазыйпалардан болса, халыққа тек ғана нәтийже керек. Халық арзанластырылған баҳалардың қағазда ямаса экранларда көриниўин емес, еркин таңлаў имканиятынан пайдаланып, ҳақыйқый турмыста көриўин, ўақтынша «көз қуўандыратуғын»дай етип емес, ал, турақлы қәлипте қалыўын қәлейди ҳәм күтеди.

Гүлнара ЖҮГИНИСОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF