ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ТОҒЫЗЫНШЫ СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА
МӘЛИМЛЕМЕ
Усы жыл 23-октябрь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тоғызыншы сессиясы болып өтти.
Республикамыздың қала ҳәм районлары менен видеоконференция тәризинде өткен сессияға Олий Мажлис Сенаты ҳәм ҳүкимет ағзалары, секторлардың, тараўлардың басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, сондай-ақ, республика, қала ҳәм район студиялары қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды.
Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.
Күн тәртибинде дәслеп Қарақалпақстан Республикасында азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм ишки базарда баҳаның турақлылығын сақлаў ҳаққындағы мәселе қаралды.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў, экономиканың турақлылығын ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпа болып табылады.
Усы жылдың 16-октябрь күни Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында болып өткен видеоселектор мәжилисинде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, ишки базарда баҳаның турақлылығын сақлаў ҳәм азық-аўқат өнимлери менен толтырыў, ҳәр бир аймақ бойынша халықтың кейинги жылдың май айына шекем гөш, мәйек, ун, май, қумшекер, гүриш, картошка, гешир ҳәм пияз өнимлерине болған талабын қанаатландырыў, бул өнимлерди қашан, қай жерден алыў бойынша анық есап-санақ етиў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилди.
Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша аймақларда әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша сектор басшыларының жергиликли Кеңеслердиң сессияларында мәлимлеме бериўи және олардың бул процессте жуўапкершилигин арттырыў зәрүрлиги атап өтилди. Сондай-ақ, қысқа мүддетте ҳәр бир аймақта азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша өз алдына қорларды шөлкемлестириў ўазыйпасы да тапсырылды.
Усы белгиленген ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда республикамызда «Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў» қоры шөлкемлестирилмекте. Бул қордың шөлкемлестирилиўи халықтың күнделикли зәрүрлиги ушын талап етилетуғын тийкарғы азық-аўқат өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеўде, базарларда баҳалардың турақлылығын сақлаўда айрықша әҳмийетке ийе болыўы күтилмекте.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитетиниң баслығы Б.Тажиев шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында болып өткен видеоселектор мәжилисинде ишки базарды азық-аўқат өнимлери менен толтырыў, баҳаның турақлылығын сақлаў бойынша додаланған мәселелердиң әҳмийетине, оның орынланыўын тәмийинлеў бойынша кешиктириўге болмайтуғын ўазыйпаларға тоқтап өтти.
Сессияда сектор басшыларының мәлимлемелери тыңланды. Бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары А.Тажетдинов, Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры Ф.Алламбергенов, Ишки ислер министри А.Темирханов, Салық басқармасының баслығы Х.Бекчанов, Миллий гвардияның Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы баслығы М.Юсупов шығып сөйлеп, өзлерине бириктирилген аймақларда азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, ишки базарда баҳаның турақлылығын сақлаў ҳәм азық-аўқат өнимлери менен толтырыў бойынша исленип атырған жумысларға тоқтап өтти. Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенаты ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары тәрепинен билдирилген пикир ҳәм усыныслар есапқа алынып, тийисли қарар қабыл етилди.
Сессияда «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң айырым комитетлери ҳәм комиссиясы қурамына өзгерис және қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды. Депутатлар бул бойынша да тийисли қарар қабыл етти.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе, «Миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў бойынша Қоңырат районында әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы туўралы район ҳәкиминиң мәлимлемеси ҳаққында»ғы мәселе қаралды. Бул бойынша Қоңырат районының ҳәкими Қаллибек Халмуратовтың мәлимлемеси тыңланды ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.
Депутатлар Жоқарғы Кеңес Президиумы тәрепинен сессиялар аралығында қабыл етилген тийисли қарарларды тастыйықлаў ҳаққындағы қарарды қабыл етти.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тоғызыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.