ИЙЕСИЗ ХАТ
БАРЛЫҒЫ НЕДЕН БАСЛАНДЫ?
Редакциямызға Нөкис қаласы 23-санлы «Қум аўыл» МПЖна қараслы «Арал қызлары» көшеси турғынларынан төмендеги мүрәжат келди: «Көшемиздеги жайлар 1998-жылдан баслап салына баслады. Биреў алдын, биреў кейин дегендей жай тикледи.
Қыс түсти, күн суўытты, газсыз күн өтпейди. Газ тартыў керек болды. Нөкис қаласы ҳәкимияты жер орын берген менен суў, электр энергиясы, газ бенен иси болмайтуғынын ҳәмме биледи. Мусылманшылық, бизде әйтеўирден-әйтеўир арза көтерип барғанды ар көреди. Сонлықтан биринши келген хожалықлар өз есабынан ҳәр қыйлы өлшемдеги трубадан газ тартып ала баслады. Кейинги келген алдын тартып алғанға пулын төледи дегендей. Сөйтип еплеп отыр едик. Бирақ, ҳәр қыйлы өлшемдеги трубалардың келтиретуғын зыяны да бар екен. Қыс болса газ басымы азайып кетеди, соннан бала-шағамыз тоңып атырғаны. Жас балалыларды дым аяйсаң. Базылар усындайда қыста кирейге шығып кетиўге мәжбүр. Бир күни Нөкис қалалық газ кәрханасынан шабарманлар келди. Айтыўынша, бизлердиң трубаларымыз улыўма талапқа жуўап бермейди екен. «Трубаларды жаңаламасаңыз, газ тармағынан үзип таслаймыз!» дегени бәринен асып түсти. Бизлер ҳайран болдық. «Сонда трубаларды жаңалаўға және ақша жыйнаўымыз керек пе? Онда газ кәрханасы не ислейди?». Биреў ақыл айтты: «газ кәрханасына барайық, жағдайымызды түсиндирейик». Бул ҳәммеге мақул түсти. Жыйналысып газ кәрханасына хабарластық. Бирақ, үмитимиз пушқа шықты. «Бизде газ тартыўға қаржы жоқ. Өз есабыңыздан труба алсаңыз, бизлер тартып бериўге жәрдем бере аламыз», деп арқамыздан сыйпалап қайтарып жиберди», дейди мүрәжатта.
Мүрәжатқа дурыслы жуўап болмағаннан кейин олар 2018-жылдың 26-июлинде «Ўзтрансгаз» АЖ «Қарақалпақстангаз» филиалы баслығы Х.Аймановқа ҳәм Нөкис қаласы ҳәкими П.Турешовқа усы мәселеде мүрәжат етеди. Сол жылдың 22-ноябринде «Ўзтрансгаз» АЖ «Қарақалпақстангаз» филиалы баслығынан төмендеги жуўап келеди: «Қарақалпақстангаз» филиалы ҳәм «Қарақалпақгазжойбар» ЖШЖ жойбарлаў институты хызметкерлери менен биргеликте орынға барып үйренип шығып, жойбарлаў институты тәрепинен жойбар смета ҳүжжетлери ислеп шығылды. Объект баҳасы жәми 91 миллион 85 мың сумды қурап, ҳәзирги ўақытта Нөкис қалалық ҳәкимиятынан қаржы ажыратып бериўде әмелий жәрдем соралды. Сондай-ақ, Нөкис қалалық ҳәкими тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Қаржы министрлигине 2018-жыл 21-ноябрь күни 01-02/655-санлы қатнас хаты арқалы «Арал қызлары» көшесине жаңадан газ тармақларының қурылыс жумыслары ушын қаржы ажыратыўда жәрдем берилиўи соралды. Қарақалпақстан Республикасы Қаржы министрлиги тәрепинен қаржы мәселелери шешилгеннен соң «Қарақалпақстангаз» филиалы тәрепинен қурылыс-монтаж жумыслары әмелге асырылатуғынлығын мәлимлеймиз».
НӨКИС ҚАЛАСЫ ҲӘКИМИНИҢ ХАТЫНА ЖУЎАП ҚАЙДА?
«Арал қызлары» көшеси турғынлары жоқарыдағы хатты оқып бираз өзин басып алды. Өйткени, Нөкис қаласының ҳәкими булар ушын жан күйдирген, Қаржы министрлиги менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинен әмелий жәрдем сораған. Оның үстине «Қарақалпақгаз жойбар» ЖШЖ де жойбар сметасын ислеп шыққан, енди қаржы ажыратылса, әлем гүлистан. Булар да көпшилик қатары жоқары басымдағы тәбийғый газден пайдаланады.
Бирақ, бул еле басламасы екен. Себеби, сол жылы да, оннан кейинги жылы да әмелий жәрдем сораған Нөкис қаласы ҳәкиминен ҳеш қандай жуўап болмады. Мүрәжаттың шешимин сорап барғанларғаЖ «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинен жуўап келмей атыр» деген жуўап қайтарыла берди.
МҮРӘЖАТТЫ ҮЙРЕНГЕНДЕ...
Сентябрь айының басында редакциямызға 14 пуқара қол қойған мүрәжатын алып келди. Онда: «Еки жылдан берли Нөкис қаласы ҳәкимлиги бир жуўап пенен диңкемизди қуртып жиберди. Енди не қыларымызды билмей қалдық», деген сөзлер бар еди.
Негизинде бул мүрәжат пенен Нөкис қаласы ҳәкимиятының санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы бөлими шуғылланған екен. Сонлықтан, биринши нәўбетте жумысты хаттың дәрегин излеўден басладық. Усы бөлимниң жетекши қәнигеси Султанияз Байниязовқа барып, еки жыл бурынғы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине жиберилген хаттың дәрегин сорадық. Ол компьютерин әри-бери изледи, таба алмағаннан соң Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жанылғы энергетика, коммунал хожалығы ҳәм абаданластырыў мәселелери бойынша секретариатының бас қәнигеси Султан Балтабаев пенен телефон арқалы сөйлести. Қызығы, бул мүрәжат бойынша ол да түсиникке ийе емес екен. Излеп көретуғынын айтты. Бир жақсы жери, ҳәкимият қәнигеси таўып беремен деп ўәдесин берип қалды.
Соңынан хаттың дәрегин ҳәр күни ҳәкимияттан сорап турдық. Бирақ, ҳәрекетлер зая кетти. Ақыр-соңында ҳәкимияттың жетекши қәнигеси 2018-жылы бул жерде ислемегенин, оның ҳәзирги орнында Қ.Худайбергенов деген хызметкер ислегенин, бул мүрәжат пенен сол шуғылланғанын айтып қутылды. Бирақ, изсиз жоғалған хаттың тәғдири не болды? Сонлықтан, және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жанылғы энергетика, коммунал хожалығы ҳәм абаданластырыў мәселелери бойынша секретариатының бас қәнигеси С.Балтабаевқа қоңыраў етип, таўып бериўин өтиниш еттик. Ол хатты табатуғынын айтса да, маған бере алмайтуғынын билдирди. Себеби, хат ҳәкимияттан келген, ҳәкимиятқа бериледи екен. Егер ҳәкимият бериўди лазым тапса, аларсаң, деген жуўап айтты.
Солай да ҳәкимияттың қәнигесине шәрт те қойып кетти. Хатты мениң қолыма бермеўди, ал, мағлыўмат етип бериўди тапсырды. Буған да қайыл едик. Жоқарғы уйымның изсиз жоғалған хатқа жуўабын тапсақ, барлығы шешилетуғындай түйилди.
Бирақ, ҳәкимиятқа жуўап хаттың берилиўи де аңсат болмады. Бүгинги күнде жумысты жеңиллестиретуғын телеграмм каналы, электрон почта болыўына қарамастан, бас қәниге С.Балтабаевтың хатты жибериўге ўақты болмады...
Хат зорға Нөкис қаласы ҳәкимиятының есигин таўып барды. Жуўап хаттан нусқа алыў да аңсат болмады. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жанылғы энергетика, коммунал хожалығы, абаданластырыў мәселелери бойынша секретариатының 2019-жыл 18-январьдағы №6-07/11-санлы хаты Нөкис қаласы ҳәкимлиги ҳәм «Қарақалпақстан газ» филиалына жиберилген екен (Еслетип өтемиз, хат 2019-жыл 18-январьда жазылған). Бирақ, негедур бул хат Нөкис қаласы ҳәкимиятына 2020-жылдың сентябрь айында жетип келди. Ал, Қарақалпақстан Республикасы Финанс министрлигиниң 2018-жыл 7-декабрьдеги №см/06-02/4153-санлы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығының орынбасары С.Нағметовқа жоллаған хатының қысқаша мазмуны төмендегише: «...Нөкис қаласы ҳәкиминиң хаты ҳәм пуқаралардың мүрәжатында билдирилген мәселелер Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 31-марттағы 256-санлы «Инженерлик коммуникация тармақларына жалғаныў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң административлик регламентлерин тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, «юридикалық ҳәм физикалық тәреплерди газ тармақларына жалғаў бойынша мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўдиң административлик регламенти» бойынша әмелге асырылыўы мақсетке муўапық деп есаплаймыз» делинген.
Бул дегени пуқаралар газ тармағына жалғаныў ушын мәмлекетлик хызметлер орайына мүрәжат етиўи ҳәм тийисли тәртипте төлемлерин төлеўи лазым деген сөз.
ЖУЎМАҚ
Бириншиден, «Арал қызлары» көшесине жер орын берилгенде, газ, электр энергиясы, суў тармақларына жалғаныўының әмелге асырылыў мәселеси ҳәкимият тәрепинен неге көрип шығылмаған? Бул ушын тағы көше турғынлары айыплы ма? Ал, Өзбекстан Республикасының «Жер ҳаққында»ғы Нызамының 36-статьясы 2-пунктинде: ажыратылған жерге еки жыл даўамында қурылыс жумыслары алып барылмаса, жерге ийелик етиў ҳуқықы бийкар етиледи, делинген. Егер ҳәкимият тәрепинен жер орын берилип, ол жерге суў тармағы тартылмаса пуқаралар қалай жай салыўы мүмкин? Яқшы, жайды еплеп, водовоз бенен суў тасып салып алды дейик. Ал, енди бул жерде пуқаралар электр энергиясысыз, газсыз қалай отырады? -деген саўаллардың басы ашық қалмақта. Егер ҳәкимияттың ўазыйпасы тек жер орын бериў, ўақтында салмағаны ушын алып қойыўдан ибарат болатуғын болса, онда пуқаралардың ол жерде жасаўы ушын зәрүр инженерлик коммуникациялар тармақларына жалғап бериў кимниң ўазыйпасына киреди?
Екиншиден, алдын айтып өткенимиздей, «Арал қызлары» көшеси турғынлары Нөкис қаласы ҳәкимиятына 2018-жылы мүрәжат еткен. Ал, Нөкис қаласы ҳәкимиятынан Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине қаржы сорап жиберилген 2018-жыл 21-ноябрь күнги 01-02/655-санлы қатнас хаты неге 2020-жылдың сентябрь айына шекем шаң басып жатқан? Тағы да Қарақалпақстан Республикасы Қаржы министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары С.Нағметовтың атына 2018-жыл 7-декабрьдеги №см/06-02/4153-санлы хаты сонша ўақыт неге Нөкис қаласы ҳәкимиятына жиберилмеген? Туўрысын айтқанда, бизлер «ийесиз хат»тың дәрегин сорамағанымызда елеге шекем шаң басып жата беретуғын ба еди? Ким билипти...
Өзи жуўап хатларға, ҳәр қандай мүрәжатларға жуўап бериўдиң мүддети қанша? Бул бойынша Өзбекстан Республикасының «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы Нызамының 19-статьясындаF «Арза яки шағым арза мәселени мазмуны бойынша шешиў шәрт болған мәмлекетлик органға келип түскен күннен баслап 15 күн ишинде, қосымша үйрениў ҳәм тексериў, қосымша ҳүжжетлерди сорап алыў талап етилгенде болса, бир айға шекем болған мүддетте көрип шығылады» делинген.
Ал, «Арал қызлары» көшеси турғынларының Нөкис қаласы ҳәкимиятына берген мүрәжаты 2018-жылдың июль айында берилген болса, онда не ушын ҳәкимият еки жылға шекем Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине қатнас хат жибергенин айтып оларды алдап-суўлап тынышландырып келген? Бул Нөкис қаласы ҳәкимиятының жуўапкер хызметкерлериниң мүрәжатлар менен ислесиўде үлкен қәте-кемшиликлерге жол қойып атырғанын көрсетпей ме?
Үшиншиден, жоқарыдағы мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Нөкис қаласы ҳәкимиятына хабарласқанымызда бир неше тосқынлықларды жеңип өтиўимизге туўра келди. Мысалы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң бас қәнигеси С.Балтабаевтан Нөкис қаласы ҳәкимияты тәрепинен жиберилген қатнас қағазға Министрлер Кеңесиниң жуўабын сорағанымызда, ол жуўапты маған бермейтуғынын, ҳәкимиятқа жиберетуғынын айтты. Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары Б.Шариповтан да усыған уқсас гәп еситтик. Бизге Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жиберген хатты бериў ушын редакцияның қатнас қағазы соралды.
Бул лаўазымлы адамлардың ҳәрекетлери нызамға қаншелли туўры келеди? Өзбекстан Республикасының «Журналистлик жумысын қорғаў ҳаққында»ғы Нызамының 5-статьясында: «Журналист өз кәсибине байланыслы жумысын әмелге асырыў ўақтында мәлимлеме топлаў, оны анализлеў ҳәм тарқатыў, мәлимлеме алыў ушын мәмлекетлик органлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары, жәмийетлик бирлеспелер, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлерге мүрәжат етиў, мәмлекет сыры яки нызам менен қорғалатуғын басқа сырды айтпағанда ҳүжжетлер, материаллар ҳәм мағлыўматлардан пайдалана алыў ҳуқықына ийе», деп көрсетилген. Нызам алдында ҳәмме тең екенлигин олар билмей ме?
Төртиншиден, Қарақалпақстан Республикасы Қаржы министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен Нөкис қаласының ҳәкимлигине берген жуўабында бул мәселе «юридикалық ҳәм физикалық тәреплерди газ тармақларына жалғаў бойынша мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўдиң административлик регламенти» бойынша әмелге асырылыўы мақсетке муўапық екенлигин атап өткен. Регламентте болса газ тармағына жалғаныў ушын пуқаралар Мәмлекетлик хызметлер орайына мүрәжат етиўи, төлемин төлеўи айтылған. Министрликтиң мәселени нызамға сәйкес шешилиўин айтқаны орынлы, әлбетте. Деген менен, бул регламент 2018-жылда пайда болғанын, сондай-ақ, Мәмлекетлик хызметлер орайының ашылғанына да көп болмағанын негедур ядынан шығарған. Булай деўимизге тийкар сол, «Арал қызлары» көшеси турғынлары жайларына 2018-жылы кирип, газге жалғаныўды сорап атырған жоқ. Ал, 2000-жыллары-ақ жайына кирип, газ тармағына жалғап бериўди сорап атыр. Онда неге олар пуқаралардан Нөкис қаласы ҳәкимиятының айыбы менен бурынғы тәртип пенен «Арал қызлары» көшесине газ тартылмағаны ушын 2018-жылға келгенде жаңа регламент бойынша мәмлекетлик хызметлер орайына хабарласыўды усыныс еткенине түсиниў қыйын. Өйткени, мүрәжатты үйрениў барысында лаўазымлы шахслар усы тәрепине итибар қаратпағаны өкинишли.
Узын гәптиң қысқасы, үйрениў барысында пуқаралардың мүрәжатларына Нөкис қаласы ҳәкимияты үстиртин қарағанының, тек қурғақ жуўап берип қутылыўға итибар бергениниң гүўасы болдық. Жер орынды бергенде, «Меннен кеткенше, ийесине жеткенше» усылында жол тутқан. Сонша адамның қыста газ басымы төменлигинен қыйналып атырғанына бас аўыртыўды өз ўазыйпасы деп билмеген. Ҳүрметли Президентимиздиң «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек» деген шақырығын басқаша түсингендей көринеди...
Халқымыз әзелден мийирман халық. Жығылғанды сүйеген. Бир-бирине жәрдем қолын созып келген кеңпейил халық едик. Бүгинги күнде жоқарыдағыдай гейпара лаўазымлы шахслардың Президентимиз айта беретуғындай «аяғы жерден үзилип», өзлерине тапсырылған ўазыйпаларына немқурайдылық пенен қараўы, өз халқының турмысын жақсылаўға, олардың абадан, төгин-шашын турмыста жасаўына имканият жаратып бериўдиң орнына, пуқаралардың мүрәжатларына немқурайдылық пенен қатнас жасап атырғаны оғада тәшўишли жағдай.
Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,
өз хабаршымыз.
Нөкис қаласы.
СҮЎРЕТЛЕРДЕ: «Арал қызлары» көшесине тартылған жарамсыз
газ трубаларынан көринислер.
Автордың түсирген сүўретлери.