ҚӘДИРИҢ БӘЛЕНТ БОЛСЫН, АНА ТИЛИМ!
Быйыл Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамының қабыл етилгенине қә жыл толады. Бул тарийхый ҳүжжетке көре, өткен жыллар даўамында өзбек тили беккем ҳуқықый тийкар ҳәм жоқары статусқа ийе болды.
Ҳәзирги күнде өзбек тили турмысымыздың барлық салаларында — мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў, мәмлекетлераралық қатнасықлар, илим, тәлим-тәрбия, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларында жедел қолланылмақта.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан раўажланыўының бүгинги жаңа басқышы — миллий раўажланыў дәўири талапларынан келип шығып, өзбек тилиниң жәмийеттеги орны ҳәм абырайын арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Бүгинги күнде өзбек тили байрамын кең түрде белгилеў бойынша мәмлекетимиздиң барлық орынларында ҳәр қыйлы әнжуманлар, ушырасыў ҳәм түрли илажлар әмелге асырылмақта.
Усындай илажлардың бири, Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалында «Қәдириң бәлент болсын, ана тилим!» атамасында онлайн байрам илажы шөлкемлестирилди.
Илажды филиал директоры Ф.Худойбердиев ашып берди. Онда Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының орынбасары, республика «Марипат» үгит-нәсиятшылар жәмийети ағзасы, шайыр Р.Отарбаев, Жиззах политехника институты социаллық пәнлер кафедрасы оқытыўшысы Ҳ.Хидиров, филиал оқытыўшысы, филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) С.Бекчанова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, өзбек тилиниң әҳмийети, тил илимин раўажландырыў, оның тарийхый басып өткен жоллары ҳаққында қатнасыўшыларға түсиниклер берип өтти.
Онлайн байрам илажы филиал студент-жаслары тәрепинен таярланған көркем-әдебий шығыўлары менен даўам етти.
Р.АРЗИЕВ,
НМКИ Нөкис филиалы Баспасөз хаткери.