Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:54:20, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

УЛЛЫ ШАЙЫР ҲӘМ ОЙШЫЛ ӘЛИЙШЕР НАЎАЙЫ ТУЎЫЛҒАН КҮНИНИҢ 580 ЖЫЛЛЫҒЫН КЕҢНЕН БЕЛГИЛЕЎ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Уллы шайыр ҳәм ойшыл, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Әлийшер Наўайының теңсиз дөретиўшилик-илимий мийрасы тек ғана халқымыз емес, ал дүнья әдебия­ты тарийхында миллий мәдениятымыз ҳәм әдебий-эстетикалық ой-пикирдиң раўажланыўында айрықша орын тутады. Уллы ша­йыр өзиниң поэзиялық ҳәм прозалық шығармаларында уллы улыўма инсаныйлық идеяларды, ана тилимиздиң бийбаҳа сөз байлығы ҳәм шексиз сүўретлеў имканиятларын пүт­кил гөззаллығы менен көрсетип, жер жүзиндеги миллионлаған китапқумарлар кеўлинен мүнәсип ҳәм беккем орын ийеледи.

Соңғы жылларда Әлийшер Наўайының бай ҳәм көп қырлы дөретиўшилик мийрасын ҳәр тәреплеме терең үйрениў, оның өлмес шығармаларын елимизде ҳәм сырт еллерде кеңнен үгит-нәсиятлаў және естелигин мәңгилестириў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, шайыр туўылған қутлы 9-февраль сәнесин ҳәр жылы әдебият ҳәм мәрипат байрамы сыпатында жоқары дәрежеде белгилеў дәстүри енгизилди. Уллы сөз шебериниң шығармалары турақлы басып шығарылып, наўайытаныўшылық тараўында көплеген изертлеўлер алып барылмақта, республикалық ҳәм халықаралық көлемде илимий әнжуманлар өткерилмекте.

Соның менен бирге, Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик Өзбек тили ҳәм әдебияты университети  шөлкемлестирилгени, елимиз және бир қатар сырт еллерде естеликлери орнатылғаны, шығармалар топламы толық басып шығарылғаны, пайтахтымыз орайындағы уллы бабамыздың саўлатлы архитектуралық естелигине үйлесимли түрде Жазыўшылар бағының қурылғаны мәдений турмысымыздағы үлкен ўақыяларға айланды.

Жанажан Ўатанымыз «Миллий тиклениўден — миллий раўажланыўға қарай» деген бас принцип тийкарында раўажланыўдың пүткиллей жаңа басқышына қәдем қойып, жаңа Ояныў дәўири — Үшинши ренессанс тырнағын жаратып атыр­ған бүгинги күнде Әлийшер Наўайының өлмес әдебий мийрасы мысалында өзбек әдебияты ҳәм мәдениятын терең үйрениў ҳәм ғалаба ен жайдырыў ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе.

Әлийшер Наўайы шығармаларында терең сәўлелениўин миллий ҳәм улыўма инсаныйлық идеялардың дүнья прогресинде тутқан орнын және өсип киятырған жас әўладтың интеллектуаллық потенциалын арттырыў, олардың қәлбинде жоқары әдеп-икрамлылық пазыйлетлерди тәрбиялаўдағы үлкен әҳмийетин нәзерде тутып, сондай-ақ, уллы шайыр ҳәм ойшылдың әдебий-илимий мийрасын елимизде ҳәм халықаралық көлемде және де терең изертлеў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде:

  1. Мәденият минис­трлиги, Илимлер акаде­миясы, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы және кең жәмийетшилик ўәкиллериниң 2021-жылы уллы шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайы туўыл­ған күниниң 180 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
  2. Төмендегилер:

Әлийшер Наўайы туўылған күниниң 580 жыллығын белгилеў бойынша шөлкемлестириў комитети  (кейинги орынларда — Шөлкемлестириў комитети) қурамы ә-қосымшаға муўапық;

Әлийшер Наўайы туўылған күниниң 580 жыллығын  белгилеў бойынша әмелге асырылатуғын илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда — илажлар бағдарламасы) 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Шөлкемлестириў комитетине Әлийшер Наўайы туўылған күниниң 580 жыллығын  белгилеў шеңберинде өткерилетуғын илажларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, усы қарар ҳәм илажлар бағдарламасының өз ўақтында сапалы ҳәм толық әмелге асырылыўын муўапықлас­тырып барыў ўазыйпалары жүкленсин.

  1. Министрлер Кабинети тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте:

Әлийшер Наўайының өмири ҳәм дөретиўшилигин мәмлекетимиз ҳәм халықаралық көлемде кеңнен үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық жәмийетлик фондын шөлкем­лестириў ҳаққында»ғы қарары жойбарын ислеп шықсын;

Әлийшер Наўайының дөретиўшилик мийрасын терең үйрениў ҳәм ғалаба ен жайдырыўға үлкен үлес қосқан елимиз ҳәм сырт ел пуқараларын және илимий-дөретиўшилик мәкемелерин сыйлықлаў мақсетинде Әлийшер Наўайы орденин шөлкемлестириў  бойынша усыныс киргизсин;

Аўғанстан Ислам Республикасының Ҳират қаласындағы Әлийшер Наўа­йының мақбара комплексинде қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларын әмелге асырыў имканиятларын үйренип шықсын ҳәм нәтийжеси бойынша усыныс киргизсин.

  1. Мәденият минис­трлиги Сыртқы ислер министрлиги, Илимлер академиясы, Мәмлекетлик бажыхана комитети менен биргеликте сырт еллерде сақланып атырған Әлийшер Наўайы қәлемине тийисли ҳәм ол жасаған дәўирге байланыслы қол жазбалардың факсимиле нусқаларын елимизге алып келиў илажларын көрсин.
  2. Илимлер академиясы:

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў минис­трлиги менен биргеликте 2020-2021-жыллар даўамында  Әлийшер Наўа­йының қол жазбалары тийкарында шайыр шығармаларының толық илимий басылымын жаратыў  жумысларын әмелге асырсын;

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў минис­трлиги менен биргеликте 2020-жыл декабрьге шекем Әлийшер Наўайы дөретиўшилик мийрасының түсиндирмесин жаратыў жумысларын жуўмағына жеткерсин және оларды «Наўайы ҳәм жаслар» арнаўлы бағдарламасында жайластырыў ушын Жаслар ислери агентлигине усынсын;

Әлийшер Наўайы атындағы мәмлекетлик әдебият музейинде 2021-жыл ноябрь айында Әлийшер Наўайы жасаған дәўир, ша­йырдың өмири, дөретиўшилиги, әдебий орталығы, устазлары, заманласлары ҳәм избасарлары ҳаққында сөз етиўши, шығармаларының қол жазба ҳәм басылым нусқалары ҳаққында мағлыўмат бериўши әдебий-көркем көргизбени шөлкемлестирсин.

  1. Инновациялық раўажланыў министрлиги тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте Әлийшер Наўайының өмири ҳәм дөретиўшилик мийрасын изертлеў бойынша илимий-изертлеў жумысларына мәмлекетлик буйыртпа талапларына муўапық илимий жойбарлар таңлаўын жәрияласын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президенти Адми­нистрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги Мәлимлеме техноло­гиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Илимлер академиясы менен биргеликте 2021-жылдың ақы­рына шекем Өзбекстан Миллий китапханасында Әлийшер Наўайы шығармалары және наўа­йытаныў илими бойынша әмелге асырылған илимий изертлеўлердиң электрон платформасын жаратсын.
  3. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Министрлер Кабинети жанындағы Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў агентлиги Әлийшер Наўайы шығармаларын избе-из оқытыў концепциясын ислеп шықсын және 2021-2022-оқыў жылынан барлық билимлендириў мәкемелеринде сол тийкарда оқытыўды жолға қойсын.
  4. Жаслар ислери агент­лиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2020-жыл декабрьге шекем төмендеги мәселелерди өз ишине алған «Наўайы ҳәм жаслар» арнаўлы бағдарламасын ислеп шықсын  ҳәм әмелге асырсын;

улыўма билим бериў мектеплери арасында «Наўайы мийрасхорлары» ғәзелшилик таңлаўын, Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплер оқыўшылары арасында «Наўайыны түсиниў» темасында жазба жумыслар таңлаўын өткериў ҳәм жеңимпазларды мүнәсип сыйлықлаў;

бес тийкарғы баслама шеңберинде  жас программистлерди кеңнен тарт­қан ҳалда Әлийшер Наўайы шығармаларының мобиль қосымшаларын жаратыў ҳәм оларды жаслар арасында ен жайдырыў.

  1. Министрлер Кабинети жанындағы Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў агентлиги ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң 2021-жылы Ташкент қаласында Әлийшер Наўайы атындағы дөретиўшилик мектебин шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Мәденият министрлиги, Илимлер академиясы, Наўайы ўә­лая­ты ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2021-жыл ноябрь айының биринши он күнлигинде Наўайы қаласында «Әлийшер Наўайы дөретиўшилик мийрасының адамзаттың руўхый-ағартыўышылық раўажланыўындағы орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий конференцияны және Ташкент қаласында Әлийшер Наўайы туўылған күниниң 580 жыллығына бағыш­ланған салтанатлы әдебий-көркем конференцияны жоқары дәрежеде өткерсин.
  3. Мәденият минис­трлиги 2021-жылы Әлийшер Наўайының өмири ҳәм шығармалары тийкарында жаңа спектакльлерди жаратыў және «Наўайы тулғасы ҳәм шығармалары сахнада» республика театрларының фес­тивалын өткериў, шайырдың ғәзеллери тийкарында «Саз-сәўбет» кешелерин,  мақам таңлаўларын шөлкемлестириўди тәмийинлесин.
  4. «Өзбеккино» миллий агентлиги 2021-жыл даўамында Әлийшер Наўайының шығармалары тийкарында көркем ҳәм мультипликациялық фильмлер, шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги менен байланыслы жаңа мағлыўматлар ҳәм дәреклер тийкарында толық метражлы көркем —публицистикалық фильм жаратыў илажларын көрсин.
  5. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Қаржы министрлиги Илимлер академиясы, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў минис­трлиги менен биргеликте 2021-жылы «Әлийшер Наўайы туўылған күниниң 580 жыллығы» рубрикасы астында шайырдың шығармалары, оның өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳақ­қындағы илимий ҳәм ғалабалық китаплар дүркинин басып шығарыў илажларын көрсин.
  6. Сыртқы ислер министрлиги 2021-жылдан баслап турақлы түрде:

Илимлер академиясы, Жазыўшылар аўқамы ҳәм басқа да жуўапкер минис­трликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте елимиздиң сырт елдеги дипломатиялық ўәкилликли уйымларында Әлийшер Наўайының өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған илажлар шөлкемлестириўҢ

сырт елде жасап атыр­ған өзбек тили қәнигелерин, дилмашларды тарт­қан ҳалда Әлийшер Наўа­йының шығармаларын шет тиллерге аўдарма ислеў, басып шығарыў ҳәм сырт еллерде презентациялар өткериў бойынша системалы жумысларды әмелге асырсын.

  1. Қаржы министрлиги, Мәденият министрлиги, Илимлер академиясы Әлийшер Наўайы атындағы Мәмлекетлик әдебият музейи имаратын толық реконструкциялаў, жаңа заманагөй экспозиция жаратыў, зәрүр техникалық ҳәм керекли үскенелер менен тәмийинлеў ушын керекли қаржылар ажыратыў илажларын көрсин және 2021-жыл октябрьге шекем оңлаў жумысларын жуўмағына жеткерсин.
  2. Өзбекстан Көркем өнер академиясы ҳәм Республикалық «Өнермент» ассоциациясы 2021-жыл февраль айында Әлийшер Наўайының өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған сүўретлеў көркем өнери шығармалары, миниатюралар, халық әмелий көркем өнери үлгилериниң көргизбелерин өткерсин.
  3. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассо­циациясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Әлийшер Наўайы туўыл­ған күниниң 580 жыллығын белгилеў менен байланыслы илажларды кеңнен жарытыў, шайыр шығармалары тийкарында арнаўлы көрсетиўлер ҳәм еситтириўлер, оқыў-ағартыўшылық фильмлер жаратыў усыныс етилсин.
  4. Усы қарарда нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў дәреклери етип Мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары, шөл­кемлердиң өз қаржылары және нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер белгиленсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ари­повқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

 

      Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

      Ташкент қаласы, 2020-жыл 19-октябрь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF