ОЛ АРЗЫЎ ЕТКЕН КҮНЛЕР КЕЛДИ
Ҳүрметли Президентимиз жақында ғана «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни»не бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде: быйылғы жылы 145 жыллығы белгиленип атырған уллы ағартыўшы Маҳмудхўжа Беҳбудий исмин тилге алып, оның өз ўақтында биз ушын еки емес, төрт тилди билиў зәрүр, деп жар салғанлығын атап өтти.
Ҳақыйқатында да ХХ әсирдиң басларында ағартыўшы жадид бабаларымыз пүткил өмирин миллий ояныў идеясына бағышлап, үлкени саўатсызлық ҳәм қалақлықтан алып шығыў, миллетимизди ғәплет батпағынан қутқарыў ушын бар күш ҳәм имканиятларын жумсағанлығын, бул жолда олар өз жанларын да қурбан еткенлигин тарийхтан жақсы билемиз.
Мине усындай ағартыўшы инсанлар арасында Маҳмудхўжа Беҳбудий исми ҳүрмет пенен тилге алынады.
Атақлы жазыўшы, жәмийетлик ғайраткер ҳәм өзбек драматургиясы тийкарын салыўшы, жадидшилик ҳәрекети, яғный жаңаша оқыў методикасы лидери дәрежесине жетиў М.Беҳбудий ушын аңсатлыққа түспеди.
Бар-жоғы 44 жас өмир сүрип ел-журтын илим-билимге шақырып, оның илим арқалы жәҳәнге танылыўын мақсет еткен ағартыўшының арзыўлары әрман көринисинде қалды.
1875-жылы 2-январьда Самарқанд қаласында муфтийлер шаңарағында дүньяға келген атақлы ағартыўшының әкеси ислам дининиң жетик қәнигеси болған ҳәм динге байланыслы көплеген мақалалар жазған, илимий жумыслар алып барған.
Сол себепли болажақ ойшыл ҳәм диний ҳәм дүньялық илимлерден хабардар болып өскен.
Балалығынан әдебият, тарийх пәнлери менен қатар сиясатқада қызығып үйренип барған.
Газета-журналлар оқыў арқалы дүньяда жүз берип атырған жаңалықларды оқып олардың өзи жасап атырған орталық пенен сәйкеслигин таллап барған.
Маккеге, Мыср ҳәм Стамбулға еткен саяхатлары оның дүньяқарасының пүткиллей өзгериўине алып келген.
Буннан соң өзи де газета-журналлар менен байланыслар орнатып, өз мақалалары менен шығып, усы мақалаларында мектеп билимлендириўин ҳәм көркем-өнерди раўажландырыў мәселелерин ортаға таслаған.
Әлбетте, усы орында ҳүрметли Президентимиздиң муғаллимлер ҳәм устазлар күнине бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде ата-аналар жаңа Ояныў дәўириниң бесинши шынжыры, бесинши тиреги болады деп бийкарға жоқары баҳа бермегенлигин атап өтиўимиз керек.
Себеби, Маҳмудхўжа Беҳбудийдиң қанындағы ўатансүйиўшилик, илим-билимге қуштарлық, жәҳән менен теңдей қәдем басыўға болған умтылыс сыяқлы пазыйлетлер, ең әўеле ата-анасы берген тәрбия, шаңарақтағы тәлим-тәрбия орталығы, устазлары берген билим арқалы екенлигин тән алыўымыз керек.
Тынымсыз изленислери арқалы сол ўақытлардағы редакторы И.Гаспиринский болған «Таржумон» газетасының турақлы авторларының бири болыўы менен бирге «Ойна» журналынада тийкар салады.
Бул журналдың 1913-жылдан 1915-жылға шекем 68 саны жарық көрген.
Ол 1899-жылы ҳажы сапарына барып, ол жерден муфтий атағына ийе болып қайтады.
Беҳбудий 200ден зыят өзбек ҳәм тәжик тиллериндеги илимий мийнетлердиң авторы болыўы менен бирге жазыўшылықта да өзин сынап көрген.
1911-жылда «Падаркуш» драмасын жазып онда жас әўладтың жетик билимли ҳәм мәдениятлы болыўын сөз еткен.
Бул драма 1912-жылда «Туран» газетасында басылған болса, 1913-жылда өз алдына китап етип шығарылған ҳәм Самарқанд, Бухара, Ташкент қалалары театрларында сахналастырылған.
Усылай етип М.Беҳбудий өзбек драматургиясының тырнағын қалаған.
Лекин, М.Беҳбудий жасаған аласапыран заман, сол ўақытлардағы жәмийетлик дүзим оны 1919-жылы наҳақлық қурбаны болыўға дуўшар етти.
Өзи қайтыс болғаннан соң М.Беҳбудий исми 1937-жылы репрессияға ушырайды ҳәм 1956-жылы ақланады.
Бүгин бабамыз арзыў еткен күнлер келди. Мәмлекетимиз басшысы өзи жолбасшы болып үшинши Ренессанс дәўирин баслап бермекте.
Улыўмаластырып айтқанда Маҳмудхўжа Беҳбудий уллы ағартыўшы ҳәм жетекши жадидши сыпатында миллий мәдениятымыз тарийхынан үлкен орын ийелейди.
Раўаж Отарбаев,
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм Республика «Мәрипат»
үгит-нәсиятшылар жәмийетиниң ағзасы, шайыр.