Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:50:06, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

УЛ-ҚЫЗЛАРЫМЫЗДЫҢ ЕКИНШИ ҮЙИНЕ АЙЛАНҒАН  БАҚШАЛАР

­ Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң устазлар күнине бағышланған салтанатлы мәресиминдеги шығып сөйлеген сөзлерин қунт пенен тыңлағанымда, ата-анаңдай әзиз, муғаллим-тәрбияшыларды улығлағанына, өз кәсибиме деген сүйиспеншилигим менен жуўапкершилигим және де арта түсти.

Байрам мүнәсибети менен көп жыллық мийнетлерим баҳаланып, «Содиқ хизматлари учун» медалы менен сыйлықлан­ғандағы қуўанышларымды тил менен жеткерип бере алмайман, - дейди Қоңырат районы мектепке шекемги билимлендириў бөлиминиң баслығы Турғанбийке Әбдижамилова.

­ Әлбетте, жас өспиримлердиң кәсип таңлаўында муғаллимлериниң тутқан орны айрықша. Район ора­йындағы 35-санлы орта мектепте оқығанымда дүньялық тил ­ орыс тили ҳәм әдебияты пәнлеринен Люба Степановна Ким сабақ бергенде, таза теманы санамызға сиңдириў ушын халық қосықлары, ертеклерди айтыўдан баслап үйретер еди. Жоқары классларда атақлы орыс жазыўшысы А.П.Чеховтың қысқа, күлкилидей туйылғаны менен терең мазмунлы гүрриңлери, пьесаларынан үзиндилер қойғанда, рольлерди ҳәр биримизге исенип тапсырды. Соның ушын, 1979-жылы мектепти питкериўден А.П.Чеховтың туўылған үлкеси ­ Таганрог қаласындағы педагогикалық институтқа оқыўға кирдим. Студентлик дәўиримизде орыс тили ҳәм әдебия­тын терең меңгерип алыўымыз ушын устазларымыз оқыған лекция­ларының тәсиршеңлигин арттырыў ушын жазыўшының үй музейинен баслап, қаҳарманларын сүўретлеген көше ҳәм базарларға саяхатқа бирге шығып, сабақ өткенлери өз алдына бир дүнья еди.

Институтты питкерген 1984-жылы өзим оқыған мектепке қәнигелигим бойынша жумыс баслағанымда еле ҳүрметли демалысқа шықпаған қәдирдан устазларыма шәкирт болып, бирге ислесиў несип етти. Ықласлана сабақ оқытқан классларымдағы оқыўшыларым пән олимпиадаларының басқышларында алдынғы орынларды ийелегенликтен жоқары оқыў орынларына тест сынақларынан өтип, студент болғанларына қосыла қуўандым.

Расымды айтсам, мектептеги муғаллимшилигимнен балалар бақшасына тәрбияшы болып жумысымды өзгертиў ойымда жоқ еди. Қоңыратта көп миллетли халықлар жасағанлықтан тәрбияланыўшылардың ата-аналарының өтиниш ҳәм орынлы талаплары бойынша тәрбияшылыққа, соңынан бақша баслығы ҳәм районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлими баслығы лаўазымларына таңлаў арқалы өттим.

Бәрқулла оқып, изленисте жүргенимниң арқасында мийнетлерим көзге көринип, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары халық билимлендириў ағласы болдым.

Мениң ушын үлкен сынақ ҳәм қуўанышлы демлер Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң өткен жылғы республикамыз бойлап сапарында ра­йонымыздағы мәмлекетлик емес, жеке шериклик тийкарындағы ашыл­ған «Қоңыраттың талантлы балалары» атлы мектепке шекемги тәрбия  мәкемесине қутлы қәдемлери тийгенде, жумысларымызға кеўли толып, жақсы баҳа алғанымыз бизлерге талмас күш-жигер бағыш етти.

Президентимиздиң байрам мүнәсибети менен шығып сөйлеген сөзинде: «Биз мектепке шекемги билимлендириў ҳәм мектеп билимлендириўи, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў системасы және илимий-мәдений мәкемелерди болажақ  Ренессанстың төрт байланысқан шынжыры деп билемиз. Бақша тәрбияшысы, мектеп муғаллими, профессор-оқытыўшылар ҳәм илимий дөретиўши зыялыларымызды болса, жаңа Ояныў дәўириниң төрт таяныш тиреги деп есаплаймыз» дегенлерин жумысларымызда баслы жоба етип белгилеп алдық.

Районымызда 2017-жылы 24 балалар бақшасы болған болса, бүгинги күнде санын 32ге жеткердик. Солардан 11 мәмлекетлик, 8 мәмлекетлик емес жеке шерикшилик тийкарында мектепке шекемги тәрбия, билимлендириў мәкемелери, жақын арада және екеўиниң ашылыўы күтилмекте.

Сондай-ақ, балажанлы халқымыздың арасынан ҳәр бири 50 балаға мөлшерленген 17 шаңарақлық тәрбия-билимлендириў мәкемелерин ашыўға тилек билдиргенлер шығып, жәми 8189 бала тәрбияланбақта.

Баслы жетискенлигимиз, районымыз бойынша бақша жасындағы балалардың 62,5 проценти қамтылған болса, жыл ақырына шекем бул көрсеткиш 74 процентке жеткериледи. Тәрбияланыўшыларымыздың ҳәр күнги аўқатлары сапалы, витаминлерге бай, овощ-палыз, мийўе менен үзликсиз тәмийинленип турылыўына биринши гезекте кеўил бөлинеди. Материаллық-техникалық базамызды жылдан-жылға беккемлеп, компьютерлескен дисней класслары, жумсақ ҳәм қатты мебельлер, спорт инвентарьлары, түрли ойыншықлар менен қамтамасыз етилмекте. Тәрбияшыларымыз, музыкантлар, балалар менен жақыннан турып ислесиўши басқа да кәсип ийелериниң билим ҳәм ис-тәжирийбелерин жетилистирип барыўға жетерли дыққат аўдарылады.

Жақында министрлигимиз шеңберинде онлайн тәризде өткерилген «Жылдың ең жақсы тәрбияшысы» таңлаўына 20 ҳәм 1-санлы балалар бақшаларының тәрбияшыларынан Г.Ташмуҳаммедова ҳәм А.Жумамуратовалар биринши ҳәм екинши орынларды ийелеп қайтты...

Турғанбийкениң бизлерге айтары көп екен. Бақша балаларының тәрбиясы, ата-аналары менен бирге ислесиў ҳаққындағы жазған илимий-методикалық көрсетпелери көбейтилип, кәсиплеслериниң талқылаўына усынылған. Ата-аналар кеңеси бақша баслығының жыл жуўмағында есабатын тыңлап, жумысына баҳа бериў арқалы демо­кратиялық жол менен сайлап қойыў тәжирийбеси ен жайдырылыпты.

Өмирлик жолдасы Қошқарбай менен еки ул, еки қызды өсирип камалға келтирген. Қызлары Айнура менен Айсаралар анасының кәсибин таңлап, мийнет жолларын балалар бақшаларында тәрбияшылықтан баслапты. Айсарасы өткен жылы мәмлекетлик емес жеке шерикшиликке тийкарлап ашқан 50 орынлық «Дисней дүньясы» балалар бақшасына басшылық етеди. Аймурза менен Айдослар жоқары мағлыўматлы, бири есапшы, екиншиси экономист.

Қошқарбай болса, өткен жылы ашқан 18 гектарлық бағшылық пенен мийўе-палыз өнимлерин жетис­тириўге қәнигелестирилген фермер хожалығында мол өнимлер жетистирип, бақша тәрбияланыўшыларына инам етпекши.

Жақын жылларда мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде тәрбияланып атыр­ған ул-қызларымыздың жоқары сана-сезимли, ой-өрислери раўажланған, саў-саламат өскенлигинен ибрат алып, «екинши үйи»не айланған бақша­ларға бармай, шаңарақларында қысылып-қымырылып өскенлердиң излеринен қарап емес, бирге қол усласып қәдем таслайтуғынына исеним билдиремиз.

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Қоңырат районы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF