«ЖҮРЕГИМНИҢ ТӨРИНДЕ САЙРАП ТУРҒАН БҮЛБИЛИМ!»
Бурынғы аўқам ҳүким сүрип турған 1989-жылы өзбек тилине мәмлекетлик тил статусы берилиўи ғәрезсизликке ерисиў жолындағы ең әҳмийетли қәдем болды.
Ўатанымыз ғәрезсизликке ерискеннен кейин ана тилимиз өзиниң ҳақыйқый орны ҳәм абырайына ийе болды, ең әҳмийетлиси Өзбекстан Республикасы Конституциясында мәмлекет тилиниң статусы ҳуқықый тәрептен беккемленип қойылды. Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тили ҳаққында»ғы Нызамының қабыл етилиўи ана тилимиздиң және де раўажланыўына кең имканият жаратты. Усы орында өзбек тили ғәрезсиз мәмлекетимиздиң Байрағы, Герби, Гимни, Конституциясы қатарында туратуғын, нызам жолы менен қорғалатуғын муқаддес тымсалларынан бирине айланды. “әрезсизлик шарапаты менен тилимизде, оның раўажланыўына итибар және де артты. Тил инсан келбети ҳәм ишки сезимлерин билдиретуғын гөззал туйғы. Өз тилине меҳир-муҳаббатлы инсан халқын, Ўатанын, миллий қәдириятларын, мәдений мийрасларын да ардақлайды. Буннан бес әсир алдын Әлийшер Наўайы бабамыз «Тилге итибарсыз елге итибарсыз» деп бийкарға пикир билдирмеген.
Өзбек тили дүньядағы ески, гөззал ҳәм бай тиллерден бири есапланады. Тилдиң бийтәкирар имканиятларын халқымыздың заманлар сынаўынан өтип киятырған нақыл-мақал ҳәм ҳикметли сөзлери, бийтәкирар ибаралары, дәстанларында, шайыр ҳәм жазыўшыларымыз шығармаларында анық көриў мүмкин. Маҳмуд Қашқарийдиң «Девону луғат-ит түрк» китабы, Ахмед Яссаўийдиң ҳикметлери, Әлийшер Наўайының «Ҳамса»сы, Заҳириддин Муҳаммад Бабурдың «Бабурнама»сы, Абдулла Қадирийдиң бийтәкирар романлары, Шолпан, Абдулла Арипов, Муҳаммад Юсуфлардың жалынлы поэзиясы ана тилимизде жазылған бийбаҳа дүрданалар есапланады. Тилимиздеги айырым сөзлерди басқа тиллерге аўдарма ислеп болмайды. Оларды тек ғана өзбек тилинде ислетиў мүмкин. Бизиң ана тилимиз дүньядағы үш мыңға жақын тиллер арасында түркий тиллер топарына кирип, жанлы тил сыпатында қыпшақ, қарлуқ, оғуз группаларында көринеди. Тилимиздиң раўажланыўында сөз мүлкиниң султаны Әлийшер Наўайының хызметлери өз алдына. Ҳәзирети Наўайы тил ҳаққында «Кеўил ғәзийнесиниң қулпы тилдур, ол ғәзийнениң гилтинен сөз бил» деп жазады.
Өз ана тилимизге болған муҳаббатты халқымыздың, адамлардың әпиўайы сәўбетлеринде, жоқары адамгершилик пазыйлетлеринде көрип, бийықтыяр усы ел перзенти болғанымнан мақтанамыз. Тил мәденият айнасы ҳәм руўхыятымыз қанаты. Биз ана тилимиз арқалы халықлар, миллетлер арасында ҳәрдайым әзиз екенлигимизди ҳасла умытпаўымыз керек.
Данышпан ата-бабаларымыз әзелден сөйлеў мәдениятына айрықша итибар қаратқан. Олар қалдырған шығармаларды оқыр екенбиз, ҳәр бир сөз өз орнында қолланғанына гүўа боламыз. Сөздиң әҳмийетин ҳәмийше билип ҳәм түсинип жасаўымыз тийис. Солай екен, ана тилимизди қәдирлеп сақлаў, оған ҳүрмет көрсетиў ҳәр биримизге үлкен жуўапкершилик жүклейди. Мен жас журналист сыпатында мәмлекетлик тилимиз өзбек тилиниң күнделикли турмысымызда қолланыў жағдайларын жарытып бараман. Географиялық объектлердиң аталыўы ҳәм мәмлекет тили ҳаққындағы нызамның орынланыўы бойынша анализ мақалалар берип бараман. Мени көбирек көшелердеги илдирилип қойылған афишалар, әсиресе, ҳүжжетлерди жүргизиўде өзбек тили нормаларына елеге шекем әмел етилмей атырғаны, тек ғана пуқараларымыз емес, бәлки, жоқары лаўазымдағы жуўапкерлер тәрепинен көпшилик жағдайларда өзбек тили нормаларын бузып атырғанлығы тәшўишке салады. Айырым көркем өнер ғайраткерлери қосық текстлериндеги сөзлердиң мазмун-мәнисине қарамастан ислетилиўи, қарым-қатнастағы, сәўбетлесиўдеги турпайылықлар тийкарында инсан саўаты ҳәм мәдениятының қай дәрежеде екенлигин көрсетеди. Мениңше, бул қәтеликлерди пүткиллей туўрылаў ушын мектеплердеги ана тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшыларының қәниге ҳәм саўатлылығын турақлы арттырып барыўы керек. Тилекке қарсы, айырым өзбек тили ҳәм әдебияты пәни муғаллимлери бар, олар өзлери өзбек тилинде пикирин жазба ҳәм аўызеки баян етиўди еплей алмайды. Редакцияға мақала алып келген «тилши»ниң бир бет мақаласында жигирмадан зыят грамматикалық ҳәм орфографиялық қәтелер болса, басқаларға жол болсын.
Ҳәр бир халықтың өзлигин көрсетиўши миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлары бар. Тиришилик ушын таза ҳаўа менен қуяш нуры, нан ҳәм суў қаншелли зәрүр болса, миллеттиң жасаўы ҳәм раўажланыўын ана тилсиз көз алдымызға келтирип болмайды. Миллий тил ҳәм оның раўажланыў жолында ғамқорлық көрсетиў бир топар қәнигелерге тийисли илимий-әмелий тараў яки мәўсимлик бир илаж емес, керисинше, бул әўладтан-әўладларға өтип, байып ҳәм раўажланып киятырған халық тилиниң сап ҳәм тазалығы ҳаққында күйиниў, ана тилиниң мәңги жасаўы ушын, миллет мәнаўияты, руўхыяты ҳәм мәденияты ушын гүрес демекдур. Сонлықтан да, бүгинги күни Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң жеке өзи өзбек тилине болған итибарды ҳәр қашанғыдан да арттырыў, миллет тилине болған пүткил жәмийетшиликтиң қызығыўшылығын және де асырыў ушын барлық илажларды көрмекте. Елимизде Президент Пәрманына муўапық, өзбек тилине мәмлекетлик тил статусы берилген күн үлкен байрам сыпатында кең белгилениўи пикиримиздиң тастыйығы. Қалаберсе, жақында Журтбасшымыз БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясында өз баянатын ана тилимиз өзбек тилинде баян еткени дүньялық тарийхый ўақыя болды.
Уллы бабаларымыз, өзбек әдебиятының тийкарын салыўшы Әлийшер Наўайы дөретиўшилиги ҳәм хызмети ҳәммемизге үлги болмағы керек. Уллы ойшыл «Муҳокамат ул-луғатайн» шығармасында бир әҳмийетли машқала ҳаққында мынадай деп жазадыF «Халық арасынан шыққан талант ийелери шеберлик ҳәм қәбилетлерин өз тиллери турғанда өзге тил менен баян етпесе ҳәм иске асырмаса еди. Егер, еки тилде де дөретиўшилик етиў қәбилетлери болса, өз тиллеринде көбирек жазғанда еди». Наўайы ҳақыйқый миллетсүйер шайыр сыпатында өзбек тили ҳәм әдебиятының қаншелли бай, рәң-бәреңлиги ҳәм шексиз имканиятларын пүткил дөретиўшилиги менен сыпатлап, оның абырайын дүнья көлемине алып шықты. Бизиң ендиги ўазыйпамыз, усы дәстүрди жан-тәнимиз бенен даўам еттириўимиз керек.
Жуўмақ орнында сүйикли шайырымыз Еркин Ваҳидовтың қосық қатарларын келтирмекшимен: «Ана тилим, жан тилим. Жүрегимниң төринде сайрап турған бүлбилим!».
Лобархан БАЗАРБАЕВА,
ҚМУ, журналистика қәнигелиги сыртқы бөлим студенти.