ШОМАНАЙЛЫЛАР КАТТАҚЎРҒОН ТӘЖИРИЙБЕСИН ҮЙРЕНБЕКТЕ
Усы жылдың 13-14-октябрь күнлери Шоманай районы ҳәкими Баҳадир Янгибаевтың басшылығында сектор басшылары ҳәм алдынғы аўыл хожалығы хызметкерлери, қурылысшылар, исбилерменлер, билимлендириў, мәденият ҳәм санаат тараўы қәнигелеринен ибарат жумысшы топар Самарқанд ўәлаятына барып, ўәлаяттың Каттақўрғон районы аймағында әмелге асырылып атырған жаңаланыўлар менен жақыннан танысты.
Топар ағзаларын ҳәким орынбасарлары, сектор баслықлары күтип алды.
Дәслепки танысыў даўамында Каттақўрғон районында алып барылып атырған кең көлемли жумыслар ҳаққында мағлыўмат берип өтилди.
Хызмет сапарының биринши күни топар райондағы «Каттақўрғон Электро Техника» кәрханасындағы трансформатор ислеп шығарыў, «Эргаш ота» жеке меншик медицина орайы тәрепинен бой тиклеген 7 қабатлы 350 орынға мөлшерленген мийманхана қурылысы, «Фаровон Голд Чорва» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиндеги нәсилли шарўа малларының тәрбияланыў усыллары бойынша тәжирийбе алмасты.
Сапар даўамында райондағы «Фирдавс қандолат Инвест» кәрханасында да болып, бул жерде 15 түрдеги өнимлерди писириў үскенелери, тат баспайтуғын металлдан исленген кондитер столларын ислеп шығарыў және кондитер өнимлерин ислеп шығарыў барысы менен танысты.
Сондай-ақ, делегация райондағы «Каттақўрғон кластер» ҳәм «Амино голд инвест» ЖШЖлары ҳәм фермер хожалықларында болып, пахта терими ҳәм ғәлле егиў барысын көзден өткерди. Районда соңғы үш жылда алып келинген заманагөй жер айдаў, тасыў орып-жыйнаў, туқым егиў сеялкалары сыяқлы техникалар менен танысты.
Райондағы ири пилле, жипек, жипек мамығы ҳәм жипек таласын ислеп шығарыў ҳәм қайта ислеў кәрханаларының бири «Кумуш тола» жеке меншик кәрханасының, «Самарқанд қулпынай Импех» кластери тәрепинен 500 гектар ашық майданға ҳәм 500 гектар халық хожалығы жерлерине Польша мәмлекетинен алып келинип, егилип атырған «Зинга-зинга» қулпынайының егилиў агротехникасы менен танысты. Буннан тысқары, биринши сектор баслығы ҳәм ағзалары ушын жаратылған шараятлар менен танысып, тәжирийбе алмасты.
— Бундай ушырасыўлар халқымызды және де жақынластырады, аўызбиршилигин тәмийинлейди, Каттақўрғон районында әмелге асырылған дөретиўшилик жумыслар, атап айтқанда, қурылыс, абаданластырыў жумысларында Каттақўрғон районы ҳәкими Аъзамхон Бахромовтың хызметлери бар екенин көрдик ҳәм көп нәрсени үйрендик. Бул ушын ҳүрметли Президентимизге шексиз миннетдаршылығымызды билдиремиз,-дейди Шоманай районы ҳәкими Баҳадир Янгибаев.
Сапардың екинши күни топар ағзалары заманагөй архитектура тийкарында бой тиклеген «Самарқанд сити» комплекси ҳәм Қорасув массивинде жаңадан бой тиклеген «Обод маскан» мәҳәллесиндеги қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары менен таныстырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.ҲАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.