Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:35:49, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР ҲӘМ ЖАСЛАР  МАШҚАЛАЛАРЫ ҮЙРЕНИЛДИ

Усы жыл 15-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының басламасы менен Елликқала районында  пуқараларды көшпели қабыллаў өткерилди.

Илажда райондағы 4 сектордың басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ҳәм районлық Кеңестиң депутатлары, кәрхана, мәкеме, жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Көшпели қабыллаў барысында пуқаралардан тийкарынан емлениў, коммерциялық банклерден кредит алыў, жумысқа орналасыў, турақ жай менен тәмийинлеў, жолларды оңлаў, ишимлик суўы, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм коммуналлық хызметлер бойынша мүрәжатлар келип түсти. Мәселен, райондағы «Сахтиён» посёлкалық пуқаралар жыйыны турғыны Икрам Йулдашев электр тәмийнаты, «Ақшакөл» аўылынан Жәҳәнгир Рустамов қәнигелиги бойынша жумысқа орналасыў, район орайынан Данахан Қурбанова кредит алыў, Зулфия Юсупова емлениў, «Әмирабад» аўылынан Муқаддас Султанбаева саўда дүканы ушын жер орын алыў мәселелеринде мүрәжат етти. Олардан 21 мүрәжат сол жердиң өзинде шешимин тапты. Қал­ған ўақыт талап ететуғын 18 мүрәжат тийисли тараў басшыларына тапсырылды ҳәм орынланыўы Халық қабыллаўханасы тәрепинен қадағалаўға алынды.

Көшпели қабыллаўдан соң район ҳәкими Сейдамат Авезов, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының ўәкиллери бир қатар кәрханалардың жумысын, олардағы бәнтлик мәселесин көзден өткерди. Социаллық жәрдемге мүтәж жаслардың, «темир дәп­тер»ге киргизилген шаңарақлардың жағдайлары менен танысты. Олар тәрепинен билдирилген машқалалардың шешими бо­йынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилип, жасларға саўғалар тапсырылды.

Райондағы «Бостан Мега текстиль», «Бостан оптимал текстиль» кәрханаларында, «Эксим голд» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы ыссыханада, район ора­йындағы «Жаслар мийнет гүзары»нда болып, бул жерде мийнет етип атыр­ған ҳаял-қызлар ҳәм жаслар менен сәўбетлести. Олардың машқалалары үйренилип, сапластырыў илажлары көрилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF