Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:46:00, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПИКИРЛЕР ТЫҢЛАНАТУҒЫН, МАШҚАЛАЛАР ТАЛҚЫЛАНАТУҒЫН ОРТАЛЫҚ БАР

ямаса «Жәмийетшилик еситиў»де белсенди болайық!

Президентимиздиң 2019-жыл 17-январьдағы «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы жөнелиси бо­йынша Ҳәрекетлер стратегиясының «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»н­да әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы ПП-5635-санлы Пәрманы тийкарында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған жаңаланыўларға бийпәрўа болмаған барлық пуқараларды, сырт елде жасап атырған ўатанласларымызды, исбилерменлер жәмийети ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллерин, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды елимизде әмелге асырылып атырған реформалар әтирапында ықтыярлы түрде бирлес­тириў мақсетинде Республикалық «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети ҳәм оның аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилген еди.

Ҳәрекеттиң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими 2019-жыл апрель айынан баслап өз жумысын алып бармақта.

Жоқарыдағы пәрман тийкарында «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы, жергиликли кеңес депутатлары арасынан сайланған, бир ўақыттың өзинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының мәсләҳәтшиси болып есапланады.

Бул ҳәрекеттиң тий­карғы мақсети — елимизде әмелге асырылып атыр­ған реформаларды, сондай-ақ, нызамлар, қарарлар менен бирге дүньяда ҳәм елимизде болып атыр­ған ең соңғы хабарлардан өз ўақтында ҳәммени бирдей хабардар етиў болып табылады. Әсиресе, оларды кешиктирместен ең шетки алыс аўыллардағы халыққа жеткериў, оларда қызығыўшылық оятыў ҳәм алға қарай умтылдырыў бо­йынша ҳәрекетке келтириўден ибарат. Соның менен бирге, олардың пикир-усынысларын, турмыста орын алып атыр­ған машқалаларын еситетуғын ҳәм талқыланатуғын орталықты жаратып бериў арқалы кең халық қатламының мәмлекетке деген исенимин беккемлейди.

Пәрманға муўапық, жәмийетшилик қадағалаўдың нәтийжели системасын қәлиплестириў, Мәм­лекетлик бағдарламалардың әмелге асырылыўын системалы мониторинг етиў ҳәм нәтийжелери ҳаққында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине үйренип шығылған мағлыўматларды ҳәм усынысларды турақлы түрде киргизип барыў «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң тийкарғы ўазыйпасы сыпатында белгиленген.

Жоқарыдағылардан келип шығып, 15-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң мәжилислер залында «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң шөлкемлестириўи менен «Өзбекстан Республикасы «Жәмийетшилик қадағалаў ҳаққында»ғы Нызамының 6-статьясына муўапық, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 10-январьдағы «2020-2022-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4565-санлы қарары менен тастыйық­лан­ған бағдарламасының 5 ҳәм 5а қосымшаларына муўапық, быйылғы 2020-жылда улыўма билимлендириў ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди қурыў, қайта оңлаў, капитал оңлаў ҳәм үскенелер менен тәмийинлениўи бойынша Нөкис қаласындағы 26, 37 ҳәм Тақыятас районындағы 12, 13-санлы мектеплерде алып барылған жумыслардың орынланыўы бойынша жәмийетшилик еситиўи өткерилди.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяпов, орынбасары Д.Өтемуратов, минис­трликтиң бөлим баслықлары, депутатлар, сиясий партиялардың ўәкиллери, қалалық ҳәм районлық халық билимлендириў бөлимлериниң баслықлары, Нөкис қаласы ҳәм Тақыятас районынан мәкан пуқаралар жыйынлары баслықлары, қурылыс мәкемелери ҳәм ғалаба хабар қуралларынан ўәкиллер қатнасты.

Мәжилисти «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес депутаты Т.Романов басқарып барды.

Атап өтилгениндей, Жәмийетшилик еситиў — бул мәмлекетлик уйымлардың лаўазымлы шахсларының хызмет ўазыйпасына тийисли, социаллық әҳмийетке ийе болған ямаса пуқаралардың, юридикалық шахслардың ҳуқықлары, нызамлы мәплерине ҳәм жәмийет мәплерине байланыслы мәселелерди додалаў ушын шөлкемлестирилетуғын жыйналыс болып есапланады.

Жыйналыс қатнасыўшылары жәмийетшилик еситиўге киргизилген мәселелер бойынша өз пикирлерин билдириўге ҳәм усынысларын киргизиўге ҳақылы.

Аманжол АЯПОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри:

— Быйылғы жылда жәми 18 орта билим бериў мектеплеринде, соннан жаңа қурылыс бойынша 1 мектеп, қайта оңлаўда 12 ҳәм капитал оңлаўда 5 мектепте қурылыс оңлаў ҳәм үскенелеў жумыслары алып барылыўы белгиленген болып, улыўма орта билим бериў мектеплериниң жаңа қурылысы, қайта оңлаў, капитал оңлаў жумыслары ушын жәми 34 миллиард 469,2 миллион сум қаржы ажыратылды. СоннанF Нөкис қаласындағы 26-санлы мектептиң қайта оңлаў жумыслары ушын 3 миллиард 452,7 миллион сум қаржы ажыратылып, 480 оқыўшы орынға мөлшерленген қосымша имарат қурылып атыр. Бүгинги күнде қурылыс оңлаў жумыслары 95 процентке орынланды.

Нөкис қаласындағы 37-санлы мектептиң реконструкция жумыслары ушын 2 миллиард 747,5 миллион сум қаржы ажыратылып, бул мектепте де 420 оқыўшы орынға мөлшерленген қосымша имарат қурылып атыр. Бүгинги күнде қурылыс-оңлаў жумыслары 95,2 процентке орынланды.

Пайтахтымыздағы 49-ҳәм 50-мектептиң ҳәр бирине 1 миллиард 041,3 миллион сум қаржы ажыратылып, реконструкция есабынан 12х24 көлемдеги спорт залы тазадан қурылып, толық жуўмақланды.

Тақыятас районындағы 13-санлы мектептиң реконс­трукция жумыслары ушын 2 миллиард 308,0 миллион сум қаржы ажыратылып, 216 оқыўшы орын­ға мөлшерленген қосымша имарат қурылып ҳәм тийкарғы оқыў корпусында капитал оңлаў жумыслары алып барылып атыр. Бүгинги күнде қурылыс-оңлаў жумыслары 95,8 процентке орынланды.

Бүгинги күнде усы мектеплердиң АКТлери толтырылмақта...

Мәжилисте Нөкис қаласындағы 26, 37 ҳәм Тақыятас районындағы 12, 13-санлы мектеплердиң ишки ҳәм сыртқы жағдайлары қатнасыўшыларға слайд арқалы көрсетилип, жол қойылған қәте-кемшиликлерди сапластырыў бойынша бир қатар пикир-усыныслар ортаға тасланды. Министрлик тәрепинен оқыўшыларымыздың заман талабына жуўап беретуғын барлық қолайлықлар жаратылған мектеплерде оқыўын даўам еттириўине имканият жаратылатуғынлығы басшылыққа алынды.

Қатнасыўшылар тәрепинен республиканың барлық мектеплеринде қапыларының бирдей болыўы, ҳәжетханалардың тазалығы, әсиресе, ҳәзиргидей пандемия шараятында оқыўшылар карантин қағыйдаларын сақлаўында қолларды тез-тез жуўып турыўы ушын қол жуўғышларды орнатыў зәрүрлиги, китаплардың жетиспеўшилиги сыяқлы бир қатар әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир-усыныслар билдирилип, жыйналыс мазмунлы өтти.

Жыйналыс соңында Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяповқа «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң сертификаты тапсырылды.

Гүлнара ЖҮГИНИСОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: жыйналыс пайытынан көринис.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF