ЖАПЫРАҚЛАРДЫ ЖАҒЫЎДЫҢ ЗЫЯНЫ
Тереклердиң тәбият ҳәм инсан өмиринде айрықша әҳмийетке ийе екенлиги ҳәммемизге белгили. Тереклер ҳәр дайым тәбиятқа инсаниятқа пайда келтирген.
Саясы жанға, мийўеси денеңизге дәрман. Бирақ ҳәр бир мәўсимниң өз қәсийети бар.
Гүз мәўсими келиўи менен тереклер өзиниң жасыл әлемин босатып береди. Бунда инсанлар тәрепинен тереклерден төгилген жапырақларды жыйнаў, тасыў ислери қәўетерге салады.
Сол себепли оны жағып жибериў жағдайлары да гүзетиледи. Келиң, усы орында жанған жапырақлардың қаншелли зыян екенлигин статистикалық мағлыўматлар арқалы көрип шығайық. Бир тонна жапырақ жанғанда атмосферада 30кг углерод оксиди ажыралып шығады. Буннан тысқары инсан саламатлығы ҳәм қоршаған орталыққа зыянын тийгизиўши басқа бирикпелер, яғный алтынкүкирт андриди, азот оксиди ҳәм қурамалы органикалық бирикпелер диоксинлар да тасланады.
Жағылған жапырақлардан шыққан түтин атмосфера қурамындағы кислород муғдарын кемейтеди. Әсиресе, шала жанған жапырақлар өзинен зәҳәрли газ шығарады. Қәнигелердиң пикиринше, зыянлы бирикпелерге тойынған ҳаўадан дем алған инсанлардың дем алыў жоллары, көз ҳәм орайлық нерв системасы зыянланады. Соның менен бирге организмде өкпе саратаны, бронхиал астма кеселлиги келип шығыў кәўпи артады.
Бул түтинлер әсиресе , балалар жүрек қан тамыр, дем алыў жоллары кеселликлерине шалынған ҳәм аллергиясы бар инсанларға көбирек зыян келтиреди. Коронавирус пандемиясы дәўиринде атмосфераның түрли бирикпелер менен патасланыўы, усы кеселлик пенен кеселленип даўаланып шыққанлар ушын қәўипли. Солай екен, атмосфераны қорғаў талапларына бойсыныў ҳәм қоршаған орталықтың тазалығын тәмийинлеў инсан саламатлығын қорғаўда айрықша әҳмийетке ийе. Сол себепли экологиялық тынышлықты тәмийинлеў, жәмийетте саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, келешек әўладтың саламат турмыста жасаўына хызмет көрсетиўи лазым.
Дильфуза Генжебаева,
Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы
партия шөлкеми атқарыў комитети қәнигеси.