Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:57:25, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАБАМЫЗДАН МЕҲРИМИЗДИ АЯМАЙЫҚ

(А.Досназаровтың исмин мәңгилестириў ҳаққында)

Соңғы гезлери ҳүкиметимиз ҳәм жәмийетшилигимиз тәрепинен қарақалпақ халқының даңқлы перзенти Аллаяр Қораз улы Досназаровтың исмин мәңгилестириў бо­йынша бирқанша ийгиликли илажлар исленбекте.

Буған 2018-жыл октябрь айында «Аллаяр әўладлары» инталы топары тәрепинен Россия Федерациясының Карелия Республикасына барып, Кемь қаласындағы «Ески қәбирстан»ға мрамордан ескерткиш — қулпытастың орнатылыўын, А.Досназаровтың өмири ҳәм хызметине бағышлан­ған «Ел перзенти» (Авторы А.Султанов) романының «Билим» баспасы тәрепинен, «Аллаяр Досназаров» китабының (Авторы Б.Алланиязов) «Қарақалпақстан» баспасы тәрепинен шығарылыўын, Қарақалпақстан тарийхы ҳәм мәденияты Мәмлекетлик музейиниң басламасы менен Жас тамашагөйлер театрында А.Досназаровты еслеў кешесиниң өткерилиўин, «Қарақалпақстан» телеканалында бирқатар көрсетиўлердиң берилиўин атап өтсек арзыйды.

Ал, 2020-жылдың 18-сентябрь сәнесинде Нөкис қаласы, А.Досназаров көшеси бойына бабамыз Аллаяр Қораз улы Досназаровтың бюс­тиниң орнатылыўы Қарақалпақстан халқы ушын үлкен бир саў­ға, жас өспирим әўладлар ушын үлги алатуғын саўап ис болды. Буның ушын халқымыз ўәкиллери ғалаба хабар қуралларында Өзбекстан Республикасы Президентине, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесине, Нөкис қаласы ҳәкимиятына шексиз миннетдаршылықларын билдирип атыр.

Деген менен булардың барлығы «Қамыр ушынан пәтир» сыяқлы. Бабамыз Аллаяр Досназаровтың ел-халық алдындағы хызметлери еле де үлкен ҳүрмет-иззетлерге ылайық. Бәршеге белгили, Россия Федерациясының Карелия Республикасындағы Аллаяр Досназаровтың қойымшылығына қулпытас орнатылды, көпшилик тутқынлар қатары ол кепинсиз көмилген Беломор-Балтик каналы бойындағы Кемь қаласының «Ески қәбирс­тан»ынан топырақ алып келди. Енди көзге сүрмес ол топырақты Аллаяр бабаның туўылған мәканы — Қара­өзек жерине араластырып,  Республикамыз басшылары менен Қара­өзек районы ҳәкимиятының қоллап қуўатлаўында Аллаяр Досназаровқа рәмзий қойымшылық жаратсақ бул үлкен бир ийгиликли ис болар еди.

Тағы бир айтакететуғын нәрсе, Қарақалпақстанда музейлер баршылық, мысалы, Бердақ, И.В.Савицкий тағы басқалар атында музейлер бар, бирақ Аллаяр Досназаровтын атында елеге шекем музей жоқ. Сонлықтан ендигиден былай Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейине Аллаяр Досназаровтың исмин бериў, Қараөзек районындағы А.Досназаров атындағы АПЖда ­оның филиалын ашыў мақсетке муўапық болады.

Илгериде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги, Қарақалпақстан мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры, Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи «Қарақалпақ халқының даңқлы перзенти» атамасында Аллаяр Қораз­улы Досназаровты еске алыў кешесин өткергенде бул мәселе тал­қыланып, оның саўлатлы имараты алдына бабамыздың естелигин орнатыў усыныс етилген еди. Буны ел ағасы, нураный ақсақал Қәллибек Камалов, Өзбекстан қаҳарманы, тарийхшы алым Ғайратдин Хожаниязов ҳәм тағы басқалар қоллап-қуўатлады. Бундай шешим республикамыз басшыларына да мақул түседи, деп ойлайман.

Сондай-ақ, Аллаяр Досназаровтың атына жәмийетлик фонд ашыў зәрүр. Сонда биз бабамыздың атын мәңгилестириў ислерин усы фонд арқалы әмелге асырыў мүмкиншилигине ийе боламыз.

Республикамыз басшылары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетшилик шөлкемлер бабамыз Аллаяр Қораз ­улы Досназаровтың исми әўлад­ларға үлги болып қалыўы ушын күш-жигерин аямай, өз үлеслерин қосады, деп исенемен.

Алпысбай СУЛТАНОВ,

Қарақалпақстан халық жазыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF