Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:58:01, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АҚЫЛ-ПАРАСАТ ҲӘМ ИЛИМ — ЕҢ ҮЛКЕН БАЙЛЫҚ

ЯКИ ҮШИНШИ РЕНЕССАНСҚА ЖОЛ

Мийўелердиң писип жетилисиў ўақты болғаны киби инсаныйлық пазыйлетлердиң де камалға жетиў пурсаты бар. Ақыл — ең кеш писетуғын мийўе, дейди даналар.

Лекин ақыл толысыўы, ақ-қараны таныў ушын қартайыўды күтиў шәрт емес. Қаншелли ерте илим-билим жолына кириссек, өзликти аңлап жетиўимиз, өмир сүриўден тий­карғы мақсет нелигин уғыўымыз мүмкин. Солар қатары жаслықта үйренилген илим — тас­қа ойылған нағыс киби барабар болып, бир өмир инсан есинде сақланады. Тарийх бул ҳақыйқатлықты көплеп мысаллар менен дәлиллейди.

Ибн Сино жүдә кишкенелигинен китап оқыўды әдет еткен. Илим шоққыларына еркин түрде оқып-үйрениўи нәтийжесинде ерискен. Бул туўралы өзи сондай жазып қалдырған: «Он жасымда қуранды үйрендим, көркем әдебиятларды оқып шықтым. Кейин логика илимине байланыслы китапларды оқып, өз бетинше бул илимниң нәзик тәреплерин өзлестирдим. Соңын ала медицина илимине мүрәжат етип, көплеп китаплар оқыўға киристим. Қысқа ўақыт ишинде медицина тараўындағы билимлерим ҳәм даўалаў усылым сол дәрежеде кең тарқалды, сол дәўирдиң ең ҳүрметли ҳәкимлери алдыма мәсләҳәт сорап келе баслады. Мен ҳәкимлик (тәўипшилик) әмелияты менен де тынбай шуғылландым ҳәм  маған инсанларды даўалаў илиминиң дәрўазалары кең ашылды. Бул ўақытта енди ғана 16 жасқа тол­ған едим. Әне сол жасымда түнлери уйқы, күндизлер тыным билмей, тек илим менен бәнт болдым. Инсан тә­бияты өз билимлерин беккемлеў ҳәм илим жолында алға барыўға қай дәрежеде уқыплы болса, мен де сол дәрежеде ҳәрекет етип, тер төктим...»

Ибн Сино өзиниң өнимли дөретиўшилиги, бай мийрасы менен Орта Азия қатары Шығыс ҳәм Европа  мәмлекетлери мәденияты, илим-пәни раўажына үлкен үлес қосты. Оның мийнетлериниң улыўма саны 450ден аслам болған. Бирақ бизге соннан 160қа жақын шығармалары ғана жетип келген. Ол өз дәўиринде-ақ «Шайх ур-раис» («Данышпанлар сәрдары») деген уллы атқа миясар болған. Итибар берип қарасақ, Ибн Сино энциклопедист алым, тәбияттаныўшы, философ, астроном, тилши, математик, музыкатаныўшы, ҳуқықтаныўшы, жазыўшы ҳәм шайыр болған. Бир инсан усыншама сыпатқа ийе болыўы мүмкин екен, неге онда биз?

Шексизлик әлемге тән. Шегаралар тек бизиң мийимизде, санамызда ғана бар. Биз өз-өзимизди қабыққа орап таслағанбыз. «Ҳәмме тараўды билиў мүмкин емес», «тил үйрениў қыйын», «бул мениң қолымнан келмейди», «жасаў аңсат емес» — о-ҳо. Бундай сылтаў-бәнелерди узақ даўам еттириў мүкин. Лекин, қалай ойласаңыз да бул ҳақыйқат дегени емес. Бул тек сизиң шекленген пикириңиз ғана. Нобель сыйлығы ийеси, белгили физик Алберт Эйнштейн: «Ҳәмме имкансызлық нелигин биледи. Лекин, имкансызлық нелигин билмейтуғын кимсе пайда болады да, жаңалық жаратып кетеди» деген. Дүньяны өзгерттирген алымлар қолай имканият болыўын күтпеген, бәлким излениўден тоқтамай инсаният ушын көплеп имканиятлар жаратқан.

Солай етип әпиўайы ҳақыйқат: дүньяны өзгерткенлер сиз ҳәм биз қатары әпиўайы инсанлар еди. Олардың сыры — қатаң интизам, мейтин сабыр-тақат ҳәм мийнетсүйгишлик, пидайылығында болған. Олар өзликти аңлап жетиў жолында тынымсыз изленген.

Ибн Сино Арастудың «Метафизика» шығармасын яд болып кеткенше қайта-қайта оқыйды. Кейин Абу Насыр Фарабийдиң «Метафизиканың тийкарғы қағыйдалары» китабын оқып шығып, философияға байланыслы бәрше сораўларға жуўап тапқанлығын айтады.

«Бәрше пәнлердиң тийкар­ғы нызам-қағыйдалары метафизикаға тийкарланады (метафизика тәбияттан тысқарыдағы ҳәдийселер туўралы илим). Ол ең кейин үйренилсе де, негизи биринши орында турады» деп келтиреди. Ибн Сино логика илимин үйрениў күтә зәрүр екенлигин айтады: Логика — инсан талғамын өсиреди, пикирлеў шеңберин кеңейтеди, билип-билмегенлериңди көз алдыңа келтирип, тәртипке салады...

Улыўма инсаниятқа уллы хызметлери сиңген даналар саналы ой сүриў, еркин пикирлеў тәрепдары болған.

Бүгин биз жаслардың дүньяқарасы кең, еркин пикирлеўши, интеллектуал потенциалға ийе болып камалға келиўин қәлеймиз. Лекин буған қалай ерисиў жоллары ҳаққында анық тоқтамға келингени жоқ. Ҳәр бир инсан қайталанбас индивид болғаны ушын да бул мәселениң шешилиўи қыйындур. Бирақ ҳәммениң стандарт ойлаўы, стандарт  тәлим-тәрбия бериў күлкилидей. Креатив пикирлеў ҳаққында көп айтамыз. Жасларымызды буған таярлаў ушын, алдын ата-аналар, устаз, муғаллимлер креатив пикирлеўи керек емес пе? Тән алыў керек, биздеги билимлендириў системасы усы күнге шекем балаларды таяр қәлип тийкарында оқытыўға мөлшерленген еди. Ҳәмме бир пәннен бир китаптағы мағлыўматларды оқыйды, бир тапсырманы орынлайды (кимлердур көширеди) — Еркин излениўшилик жоқтың қасында. Балаға не жақсы, не жаман екенлиги «бундай етпе», «бундай ислеў керек!» тәризинде қатаң уқтырылады. Нәтийжеде бала өз бетинше бир ис етиўге айбынады. Қәтешиликке жол қойыўдан қорқады. Ақыр-ақыбетинде өз-өзине деген исенимин, балаларға тән қызығыўшылық қәбилетин жоғалтады. Ҳәмме қатары болып жүре береди. Ҳәмме қатары оқыўын питкереди, ҳәмме қатары жумыс ислейди, ҳәмме қатары... Сол ушын да, даналар балаға үйретиў емес, ибрат көрсетиў әҳмийетли екенлигин атап өткен. Бир ҳикметти кел­тирсек:

Бир дәўлети асып-тасқан бай баласына сабақ бериў, адамлар қай дәрежеде кәмбағал жасап атырғанлығын көрсетиў ушын аўылға алып барады. Олар аўылдағы күтә кәмбағал адамның үйинде бирнеше күн мийман болады. Өз үйине қайтқаннан соң әкеси баласынан: — «сапарымыз қалай болды?» - деп сорайды.

— Жүдә жақсы, - дейди баласы.

— Хош нелерди үйрендиң?

— Бизде бир ийт бар, оларда болса төртеў. Бизиң бағымыз ортасында үлкен ҳәўиз бар, олар аўылында арғы жағысы көринбейтуғын әжайып көл бар. Бизде түнги шырақлар болса, олар аспанында сансыз жулдызлар нур шашады. Бизиң ҳәўлимиз дийўал менен тамамланса, олардың үйлери кең далаңлыққа уласып кеткен...

Баласының узақ тәрийп, салыстырмасынан соң әкеси не дерин билмей, лал болып қалады. Баласы гәпиниң соңында аўыр гүрсинип: бизлердиң сол дәрежеде кәмбағал екенлигимизди көрсеткениңиз ушын рахмет, аға! - дейди.

Балалар бизден көре өзгеше пикирлейди, жақсы ойлайды. Себеби олар қәлби пәк. Олар тек жақсылықты көре алады. Дүньяда жаман адамлар, қыйыншылықлар барлығын биз үлкенлер олар санасына сиңдиргенбиз. Балалардың жол қойған қәте-кемшилигине де жасы үлкен әўлад ўәкиллери себепкер. Неге дегенде, олардың қандай инсан болып ержетиўи Сиз ҳәм Бизге байланыслы...

Бир инсан адамларға үмит берип, дүньяны өзгертиўге қәбилетли болады екен. Бул ҳикметти еситкенде биринши орында негедур устаз-муғаллимлер көз алдымызға келеди. Устазы күшлиниң устамы күшли, дегениндей инсан өмиринде бул кәсип ийелериниң орны салмақлы. Уллы инсанлардың да устазлары уллы шахслар болғанлығын тарийх­тан жақсы билемиз. Хош бүгинги күнде сондай шахс дәрежесине жетискен устазлар бар ма?! Неге олар туўралы сөз етпеймиз?

... Редакциямызға оқыў жылы басы ҳәм жуўмақланар пайты муғаллимлер қатнағыш болып қалады. Газетада мақала шығарыўымыз керек (көбирек сабақ алыў яки баслаўыш класс муғаллими болыў, үстеме ҳақы алыў ушын) еди, бирақ мақала жазыўға уқыбым жоқ, жазыўға көмеклесесиз бе?-дейди. — Неге енди жаза алмайсыз?  Өз пикир, усынысларыңызды жазып келсеңиз болды, - деп айтамыз. Бирақ, ашынарлысы  оларда еркин пикир деген нәрсениң өзи жоқ. Асып кетсе сабақ исленбесин алып келеди. Бәри стандарт. Таяр қәлип. Оқыўшыларды барлайды, өткен сабақты сорайды, таза теманы түсиндиреди, сораў-жуўап болады... Ойланып қаласаң. Бул педагог бала­ларға қалай сабақ өтеди екен? Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты, баслаўыш класс муғаллимлериниң аўҳалы сондай болғаннан соң басқа пән муғаллимлерин айтпай-ақ қояйық. Муғаллим биринши орында өз билимин, пикирин басқаларға жеткерип бериў уқыбына ийе болыўы керек емес пе? Сөйлеў мәденияты, ораторлық шеберлик керек муғаллимге. Тыңлаўшының яғный оқыўшының итибарын өзине магнит киби қарата алыўы биринши орында сөйлеў шеберлигине байланыслы. Бул пазыйлет болмаса, пикирин басқаларға жеткерип билмесе, мың саўатлы болса да, пайдасы не?! Мисли шопан қойларды суўғарыў ушын көлге айдап апарып, суў­ғармастан айдап қайтқаны киби...

«Жақсы атқа бир, жаман атқа мың қамшы», деген дана ата-бабаларымыз. Бәриниң кесири аз китап, газета-журнал оқығанлықтан, өз үстинде аз изленгенликтен, ҳүжданы еле буйығып жат­қанлықтан, мәжбүрий мийнетке көп тартылғанлықтан... Себеплери көп, лекин изленген имкан табары анық. Ана тилимиздиң аўҳалын бир қараң. Сол дәрежеде бай, гөззал тилимиз қай аўҳалға келип қалды?! Қайда бүгинги күн Наўайы, Әжи­ниязлары?! Жақсы ша­йырлар әсир аралап туўылады, деп өз-өзимизди жубатып, Ибрайымларды күтиў...

Айта берсең кемшилик ҳәмме жерде, ҳәмме тараўда да бар. Оны көтерип шығыў, сын­ға алыў, айыпкерлерди жазалаў мүмкин. Лекин тийкарғысы, аржағында болыўы. Инсап, ҳүждан, ар-намыс, меҳир-муҳаббат, инсаныйлық, пидайылық... Биз умытып баратырған пазыйлетлер. Оларды қайта оята алсақ, үшинши Ренессансқа шыннан да тийкар саларымыз анық.

Тарийх — уллы муғаллим. Биз келешекти қурыў ушын өтмиштен сабақ алыўымыз дәркар. Ата-бабаларымыз қалайынша үлкен жетискенликлерге еристи? Дәслепки еки ояныў дәўири зыялылары инсан бахты-ығбалы, жәми­йет пәраўанлығы, жарқын келешек, улыўма инсаният ушын хызмет еткен. Олар бул уллы мақсет жолында өзлерин аямаған, пүткил барлығын бағышлаған. Тек бир тараў менен шекленип қалмастан, универсал болған, бирнеше тиллерди билген. Инсан ақыл-закаўаты теңсиз екенлигин өз искерлиги менен дәлиллеген. Илим, билим инсаниятты ғәплет уйқысынан оятады, меҳир-муҳаббат туйғыларын камал таптырады, деген идеяларды алға сүрген. Абу Райхан Беруний болса, билим алыўды үлкен бахыт санаған.

Қанша көп илим үйренсең, сонша көп саўапқа ерисесең, дейди Аз — Замахшарий. Мү­бәрек ҳәдисте болса: садақаның ең абзалы кисиниң илим үйренип, соң басқа бирадарларына да үйретиўинде, деп келтирилген. Себеби, илим, билим бизди өзликти аңлаўға, жақсы болыўға тәрбиялайды. Инсандағы жақсы минез-қулық, жақсы пазыйлетлер илим үйрениў нәтийжесинде камал табады. Руўхымыз аш қалса жабайыласады. Бундай ҳалатта биз тек те қарын ғамы менен жасайтуғын ҳайўан­ларға уқсап қаламыз.

Екинши ренессанс дәўирине тийкар жаратқан Әмир Темур «Тәңрини яд етип, шын кеўилден сыйынсаң мақсет-муратыңа жетисесең», деп нәсият етеди. Сол қатарлы инсаплы болыў, саналы ой жүргизиў, пикирлеў қәбилети күшли инсан ҳәр қандай қыйын жағдайдан аңсат жол таўып шығып кетиўин уқтыр­ған. Тийкарғысы, «Китап — бәрше жаратыўшылық ҳәм ақыл-закаўаттың, илим-данышпанлықтың тийкары, өмирди үйретиўши устаз» деп, зыялыларды улығлаған.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев мәмлекет басшысы сыпатында ең дәслепки исин журтымыз зыялылары, академиклер менен ушырасыўдан баслағанында үлкен мәни бар. Журтбасшымыз илим-пән раўажысыз, жәмийет ағзаларының руўхый жетиклигисиз мәмлекетти раўажландырып болмаслығын терең сезинип, билимлендириўге үлкен күш берди. «Инсанның сана-сезими ҳәм дүньяқарасы, пикирлеў тәризи өзгермесе, жәмийет өзгермейди, жәми­йет өзгермеген жерде ҳеш қандай жақсы нәтийже де, раўажланыў да болмайды» деген еди Президентимиз.

Бүгин Өзбекстанда жаңа Ояныў дәўири, яғный, үшинши Ренессанс тийкарын кең көлемли демократиялық өзгерислер, атап айтқанда, билимлендириў реформалары арқалы жаратыў көзде тутылған.

 «Аққан дәрья — ақпай қалмас», дейди дана халқымыз. Бүгин уллы бабаларымыздың бийбаҳа мийрасына таянып, жаңа Ренессанс тийкарын жаратыў ушын бизде барлық имканиятлар бар, деўге толық тийкарларымыз бар. Ҳәмме гәп мине усы имканиятлардан қай дәрежеде ақылға уғрас пайдалана алыўымызға байланыслы», деген еди Журтбасшымыз.

Шынында да, елимизде жасларды илим-пән тараўына кең қамтыў, олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде шөлкемлестирилген «Жаслар академиясы» үлкен үмит ҳәм исеним символы десек болады. Сондай-ақ, 2019-жыл 9-сентябрьде Министрлер Кабинети жанында Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў агентлигиниң дүзилиўи билимлендириўдиң улыўма жаңа системасына тийкар жаратты, қәбилетли оқыўшылар менен ислесиўдиң заманагөй, инновацион методикасын қәлиплестириўге имкан берди.

Соңғы үш-төрт жыл ишинде мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери саны 5200ден 14200ге жетти. Усы жылдың өзинде математика жөнелисине 56, химия-биология жөнелисине қәнигелескен 26 мектеп шөлкемлестирилди. Ақырғы төрт жылда мәмлекетимизде 47 жоқары билимлендириў мәкемеси, солардан, шет ел университетлериниң филиаллары шөлкем­лестирилди. Бүгин мәмлекетимиз Жоқары билимлендириў системасында 125 институт, университет, академия бар. Булардың бәри үшинши ренессанстың өмиршеңлигинен дерек береди.

Президентимиз бақша тәрбияшысы, мектеп муғаллими, профессор-оқытыўшылар ҳәм илимий-дөретиўши зыялыларымызды жаңа Ояныў дәўириниң төрт таяныш тиреги, ал, ата-аналарды бул басламаны жақыннан  қоллап-қуўатлап, жаңа Ренессанстың бесинши шынжыры, бесинши тиреги болады деп исеним билдирди.

Туўры, биз әзелден балажанлы халықпыз. Перзентлеримиздиң билимли, қәбилетли, басқаларға уқсамаған ал­ғыр болыўы тәрепдарымыз. Көбирек ул-қызларымыз бенен мақтаныўды қәлейтуғынымыз да ҳақыйқат. Лекин соған жараса ҳәрекет етип атырмыз ба? Қанша ўақтымызды перзентлеримизге бағыш­лай­мыз? Қандай ибрат көрсет­пектемиз? Балаларымыздың өзимизге уқсаған болыўын қәлер ме едик? Өзимизге уқсаўын! Бул  сораўға «аўа» деп жуўап беретуғынлар табылар ма екен?! Өзимизге шеттен бир бағып, қандай қәте-кемшиликлеримиз барлығы дәрҳал көз алдымызға бирме-бир елеслейди. Яқ, биз перзентлеримиздиң бизден көре билимли, ақыллы ҳәм бахытлы болыўын қәлеймиз. Усы ҳақ нийетте шын кеўилден ҳәрекет етсек, әлбетте, келешегимиз айдын болады.

Ҳүрметли Президентимиз жыл басында Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында: «Ең үлкен байлық — бул ақыл-парасат ҳәм илим, ең үлкен мийрас — бул жақсы тәрбия, ең үлкен жарлылық — бул билимсизлик» деген еди. Биз де ата-бабаларымыздың бизге мийрас етип қалдырған бай мәдений мийрасын, билимин терең өзлестирип, және де раўажландырып, келешек әўлад­қа мийрас қалдырыўға миннетлимиз.

 

Несибели МАМБЕТИРЗАЕВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF