Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:01:19, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БМШ  ҲӘМ  ЖАҢА  ӨЗБЕКСТАННЫҢ ХАЛЫҚАРАЛЫҚ  ҚАТНАСЫҚЛАРДАҒЫ  ОРНЫ  

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми дүньядағы барлық мәмлекетлердиң, регионлардың, пүткил жер  жүзилик бирге ислесиўдиң  ең зәрүрли машқалаларын додалаў ҳәм унамлы шешиў ушын дүзилген бирден-бир шөлкем болып табылады.

Жәҳән тарийхында XIX әсирдиң екинши ярымынан баслап халықаралық санааттың  өсиўи, өндиристиң раўажланыўы ҳәм миллетлер аралық қатнасықлар, сондай-ақ, дүньядағы сиясий жағдай, ҳәр тәреплеме бирге ислесиўши халықаралық шөлкемди дүзиўди талап етти. Мәселен БМШ ниң қәнигелестирилген шөлкемлериниң бири — халықаралық телеграф  Аўқамы (1865), соң халық­аралық электр байланысы,  жәҳән метеорология шөлкеми (1874) дүзилген еди.

Биринши халықаралық шөлкем тар шеңберде Князь Альберт басламасы менен 1903-жылы Монакода халықаралық тынышлық институты болып дүзиледи. Биринши жер жүзилик урыстың дәслепки жылында жигирмаға жақын халықаралық шөлкемлер дүзилди.

1915-жылы Англияда Брайс басшылығында  бир топар қәнигелердиң жер жүзилик урыстың алдын алыўға қаратылған ҳәрекети «Миллетлер Аўқамы жәмийети»ниң дүзилиўине алып келди.  АҚШта Президент Вильям Тафт басшылығындағы бул ҳәрекетлер «Тынышлықты беккемлеў аўқамы»на тийкар салды. Бундай жеке басламалар 1919-жылы 28-апрельде «Миллетлер лига»сы нызамын қабыл етиўге ҳәм көп қырлы халықаралық шөлкемди дүзиўге тийкар салды. Бул шөлкем 1946-жылға шекем хызмет алып барды.

БМШниң дүзилиўиниң тарийхы ҳаққында сөз еткенимизде «Атлантикалық хартиясы»ның дүзилиўи - 1941-жылы 14-август бунда мәмлекетлердиң сиясий бағдарын  У.Черчил жазып, оған Ф.Рузвельт тәрепинен дүзетиўлер киргизилип, оны «Атлантикалық хартиясы»нда ол инг­лис тилинде улыўма қәўипсизлик қағыйдаларын  өз ишине алады.

БМШниң дүзилиўинде кейинги қәдем 1942-жылы 26 мәмлекет тәрепинен қол  қойылған  Вашингтон  декларациясында  Бирлескен Миллетлер декларациясы қабыл етилди. «Бирлескен Миллетлер» атамасы биринши рет АҚШ Президенти Ф.Д.Рузвельт тәрепинен 1942-жылы 1-январьдағы усынысында өз көринисин тапты. Онда 26 мәмлекет ўәкиллери өз ҳүкиметлери атынан «Урыс қумар мәмлекетлерге қарсы бирликте гүресиў миннетлемесин» алды. Халықаралық қәўипсизлик шөлкемин дүзиўде 1943-жылы 30-октябрьде Бурынғы Аўқам (СССР), АҚШ, Уллыбритания ҳәм Қытай ҳүкимет басшылары қатнасыўында «Төртлик декларациясы» қабыл етилди. Бунда қысқа мүддет ишинде Халықаралық  тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўши халықаралық шөлкем дүзиў зәрүрлиги атап көрсетилди.

1944-жыл август-октябрь айларында  Думбартон-Окс (АҚШ)та шақырылған конференцияда Бирлескен Миллетлер Шөлкеми нызамының дәслепки жобасы   таярланды, оған СССР: АҚШ ҳәм Қытай ўәкиллери қатнасты». БМШ нызамы тексти Сан-Франциско — (АҚШ)­да 1945-жылы 25-26-апрель конференциясында 50 мәмлекет ўәкиллери тәрепинен таярланып, бул нызам 1945-жылы 25-октябрьде тастыйықланды ҳәм БМШ дүзилген күни деп белгиленеди.

БМШ нызамы өзиниң мазмуны жағынан бирден-бир халықаралық ҳуқықый ҳүжжет болып табылады. Нызам 19  бап ҳәм 111 статьядан ибарат. БМШ қурамына 6 тий­карғы уйым киреди.

  1. Бас Ассамблея
  2. Қәўипсизлик Кеңеси
  3. Экономикалық ҳәм Социаллық Кеңес
  4. Қәўендерлик Кеңес
  5. Халықаралық суд
  6. Секретариат хызметинен ибарат.

 1948-жылы БМШниң Мәде­ният ҳәм илимди раўажландырыў мәселелери  менен шуғылланыўшы қәнигелестирилген шөлкеми — ЮНЕСКО дүзилди.

Халықаралық қатнасықларда  инсан ҳуқықларын қорғаў БМШ ҳәрекетиниң тийкарғы мәселелериниң бирине айланды. 1948-жылы БМШ Бас Ассамблеясында «Инсан ҳуқықлары (бойынша) Пүткил Жәҳән Декларациясы» ның қабыл етилиўи халықаралық әҳмийетке ийе болды. Сондай-ақ, энергетика ҳәм шийки зат ресурсларына байланыслы мәселелерди шешиўге қаратылған халықаралық шөлкемлер арасында ядро қураллары тарқалыўының алдын алыў ҳәм атом энергиясынан тынышлық мақсетинде пайдаланыўды қадағалаў менен шуғылланыўшы БМШниң Атом энер­гиясы бойынша Халықаралық Агентлиги — МАГАТЭ әҳмийетли орын ийелейди.

БМШ мәмлекетлер арасындағы өз-ара  жәнжеллер ҳәм оларды сапластырыў бойынша 1948-1991-жыллар даўамында тынышлықты қоллап-қуўатлаў ушын 23 опера­цияны әмелге асырды.

Бурынғы Аўқам конституциясының 80-статьясында ҳәр бир республиканың халықаралық шөлкемлер хызметине қатнасыў ҳуқықына ийе деп жазылғаны менен, БМШде өз ўәкиллигине ийе болған Белоруссия ҳәм Украинадан басқа ҳеш бир республика ғәрезсиз түрде сырт ел мәмлекетлери менен дипломатиялық ҳәм консуллық қатнасықлар алып бармаған еди.

1961-жылғы дипломатиялық қатнасықлар ҳаққындағы Вена конвенциясында көрсетилиўинше дипломатиялық тән алыныў тек ғана ғәрезсиз мәмлекетлерге тән болып, Федерация субъектлерине тийисли болмаған екен. Себеби, Федерация субъектлеринде Орай ҳәрекетиниң күшли болыўы нәзерде тутылған.

1991-жылы 31-августта Өзбекстан  Республикасы ғәрезсизлигин жәрия­лаўы Өзбекстан Республикасын Халықаралық қатнасықлардың тең ҳуқықлы субъектине айландырды. 1991-жылы 18-ноябрьде қабыл етилген «Мәмлекет ғәрезсизлигиниң тийкарлары» ҳаққындағы Нызам ғәрезсизлигимиздиң негизин ҳуқықый жақтан тастыйықлады. Өзбекстан өз ғәрезсизлигине ийе бол­ғаннан кейин 1991-жылы декабрьден 1992-жылы 3-июльға шекем дүньяның 111 мәмлекети республикамыз ғәрезсизлигин тән ал­ған еди ҳәм олар менен  40тан зыят дипломатиялық қатнасықлар орнатылған. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигин дүньяның 186дан зыят мәмлекетлер тән алды ҳәм 100ден зыят мәмлекетлер менен дипломатиялық байланыслар орнатылды.

1992-жылы 29-январьда қәўипсизлик Кеңес БМШ Бас Ассамблея­сына Өзбекстанды БМШне ағза етип алыўға усыныс билдирди. 1992-жылы 6-январьда қәўипсизлик Кеңес баслығы Дэвид Хэнней Өзбекстан ўәкиллери менен БМШде бирге ислесетуғынын билдирди.

Нәтийжеде 1992-жылдың 2-мартында Өзбекстан Республикасы Халықаралық тынышлық қәўипсизликти сақлаў ҳәм бирге ислесиў шөлкеми — БМШне ағза болды. БМШ бинасы алдында Өзбекстан Республикасы Байрағы көтерилди.

1993-жылы 28-сентябрьде биринши Президентимиз БМШ Бас Ассамблеясының 48-сессиясында БМШ Минберинде турып Орайлық Азияда қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў мәселелери бойынша БМШ тың турақлы семинарын өткериўди қәўипсизлик Кеңесинде жүзеге келген қарама-қарсы мәселелерди талқылаў бойынша арнаўлы топар дүзилди.  Орайлық Азияны ядросыз зона деп жәриялаўды, химиялық ҳәм  бактериологиялық қуралды шеклеў бойынша халықаралық қадағалаў орнатыў бойынша, наркобизнеске қарсы гүресиў ушын БМШниң регионал комиссиясын дүзиў, Арал машқаласы бойынша БМШтиң арнаўлы комиссиясын дүзиў усынысын билдирди.

1993-жылы 24-октябрьде республикамызда БМШ ўәкилханасы ашылды. Бунда Орайлық Азияда турақлылықты тәмийинлеў бойынша семинар шөлкемлестириўге Таш­кент­те барлық шараятлар жаратып бериўге таяр екени билдирилди. Республикамыз бундай халықаралық шөлкемниң тең ҳуқықлы ағзасына айланғаннан кейинги дәўирде Ташкент қаласында БМШниң раўажланыў бағдарламасы кеўиллилер бағдарламасы, Европа бирге ислесиўиниң мәсләҳәт хызмети ўәкилханасы, Жәҳән банки, Европа раўажланыў ҳәм тиклениў банки ҳәм басқа да абырайлы халықаралық шөлкемлердиң ўәкилханалары өз жумысын баслады.

Бүгинги күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң инсан мәплери ҳәм оның келешегин тәмийинлеўге қаратыл­ған пидайылық хызмети менен БМШ дүзимлери менен бирге ислесиўди раўажландырыўда әҳмийетли мәселелер ортаға тасланды.

Мәселен: 2017-жылы 19-сент­ябрьде БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында сөйлеген сөзинде «Инсан мәплери ҳәм ҳуқықларын тәмийинлеў демократиялық жәмийет тийкары» баянатында «Инсан мәплери ҳәр нәрседен үстин» деген Уллы идеяны ортаға таслай отырып, БМШ Председателине БМШ Бас Ассам­блеясының Орайлық Азия мәмлекетлериниң қәўипсизликти тәми­йинлеў ҳәм регионал бирге  ислесиўди беккемлеў барысындағы ҳәрекетлерди қуўатлаўға қаратылған арнаўлы резолюциясын қабыл етиўге усыныс билдирди.

Және де Орайлық Азияда қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәми­йинлеўге байланыслы машқалалар ҳаққында сөз ете отырып, регионымыздағы улыўма суў қорларынан ақылға муўапық пайдаланыў сыяқлы зәрүр машқаланы ортаға таслады.

Бүгинги күни өз шешимин күтип турған экологиялық машқалалардың бири Арал апатшылығына 72-сессия қатнасыўшыларының дыққатын қаратты. Онда «Мениң қолымда — Арал апатшылығы сәўлеленген карта» буған артықша түсиник зәрүр емес деп көрсете отырып, теңиздиң қурыўы менен байланыслы болған ақыбетлерди сапластырыў халықаралық көлемдеги  ҳәрекетлерди бирлестириўди талап ететуғынын ортаға таслады. БМШ тәрепинен Арал апатшылығынан жәбир көрип атырған халыққа әмелий жәрдем көрсетиў бойынша қабыл еткен арнаўлы бағдарламаны толық иске асырыў бойынша халық­аралық көлемде бирге ислесиўге шақырды. Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басламасы  менен БМШ қәўендерлигинде 2018-жылы 28-ноябрь күни Арал теңизи ҳәм Арал бойы регионы бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында  ТРАСТ фонды дүзилди.

Усы ТРАСТ фондының Презентациясы ҳәм баспасөз конферен­циясында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы Муса Тәжетдинович Ерниязовтың БМШниң Жоқарғы Минберинде турып баянат жасаўы Арал апатшылығының ақыбетлерин дүньяға танытыўда үлкен әҳмийетке ийе болды.

Президентимиздиң 2018-жыл 15-16-ноябрь күнги республикамызға сапары даўамында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда 2019-2021-жылларда  кеўип қалған теңиз ушын 500 мың гектар жасыл қатламлар жаратыў ушын улыўма халықлық пидайылық ҳәрекет басланды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев усы жылдың 23-сентябрь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас Ассамблеясының 75-сессиясында өзбек тилинде шығып сөйлеп, республикамыздың ертеңги келешеги, Орайлық Азия регионы ҳәм пүткил жәҳән мәмлекетлери алдында өз  шешимин күтип турған глобал машқалаларға байланыслы өз усынысларын билдирди.

Мәселен, БМШ басшылығында Пандемиялар дәўиринде мәмлекетлердиң миннетлемелери ҳаққында кодексти ислеп шығыў, жаслар ҳуқықлары ҳаққындағы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми конвенциясын қабыл етиў бойынша Өзбекстан басламасын қоллап-қуўатлаўға шақырыўы, Турақлы раўажланыўға ерисиўде ҳәм инсан ҳуқықларын тәмийинлеўде парламентлердиң ролин арттырыў ҳаққындағы БМШ Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясын қабыл етиўди усыныс етиўи, Орайлық Азия мәмлекетлери ушын стратегиялық әҳмийетке ийе болған регионымыздың глобал экономикалық, транспорт ҳәм транзит жолларына терең интеграциясын тәмийинлеў мақсетинде БМШ басшылығында транспорт-коммуникация байланысларын раўажландырыў регионаллық орайын ашыўды усыныс етиўи, терроризмге қарсы гүрес­те регионаллық бирге ислесиўдиң 10 жыллық нәтийжелери ҳәм келеси перспективаларына бағышланған халықаралық конференцияны өткериўди қуўатлаўы, 2021-жылы ЮНЕСКО менен биргеликте әййемги Хийўа қаласында «Орайлық Азия жәҳән цивилизациялары кесилиспесинде» темасында халықаралық форумды өткериўге шақырыўы, БМШ жанында аўған халқының дәрт ҳәм тәшўишин тыңлайтуғын турақлы жумыс ислейтуғын комитет шөлкемлестириўди усыныс етиўи, сондай-ақ, бүгинги күнниң глобал климат өзгерислерин пайда етип атырған Арал бойы регионын экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында БМШ Бас Ассамблеясының  арнаўлы резолюциясын қабыл етиўге усыныс билдириўи тек Өзбекстан Республикасы ушын ғана емес, Орайлық Азия ҳәм Жәҳән жәмийетшилиги ушын да үлкен әҳмийетке ийе болды.

Президентимиз өз сөзинде дүнья жәмийетшилигин тынышсызландырып атырған кәмбағаллықты саплас­тырыў ҳәм оған қарсы гүресиўди БМШ Бас Ассамблеясының гезектеги сессиясының тийкарғы темаларының бири сыпатында белгилеўи ҳәм оған бағышланған глобал саммит өткериўди усыныс етиўи инсан мәплерин қорғаўға қаратылған меҳир-сақаўат ҳәм жоқары адамгершиликтиң үлгиси болып табылады.

Президентимиз БМШниң  75-сессиясында шығып сөйлеўинде:

Жас әўладты социаллық қоллап-қуўатлаў олардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўда халықаралық ислесиўди раўажландырыў.

Бүгинги глобалласыў ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологиялары жедел раўажланып баратырған шараятта жасларға тийисли сиясатты қәлиплестириўге қаратылған улыўмаласқан халықаралық ҳуқықый ҳүжжет — БМШниң Жаслар ҳуқықлары ҳаққында халықаралық конвенциясын ислеп шы­ғыўға усыныс билдирди.

Президентимиз сессияда Ислам дини бизди жақсылық ҳәм тынышлықты, инсаный пазыйлетлерди сақлаўға хызмет ететуғынын, бунда Имам Бухарий хызмети менен Қураннан кейинги муқаддес китап «Саҳиҳи Бухарий»диң  жазылғанын ҳәм оны дүнья тән алғанын көрсете отырып, Самарқанд қаласында Имам Бухарий атындағы Халық­аралық илим-изертлеў Орайын, ал, Ташкентте Ислам цивилизациясы Орайы дүзгенин атап көрсете отырып, БМШ Бас Ассамблеясының «Ағартыўшылық ҳәм диний баўырыкеңлик» деп аталған арнаўлы резолюциясын қабыл етиў усынысын билдирди.

Бул ҳүжжеттиң қабыл етилиўиниң тийкарғы мақсети — бәршениң билим алыў ҳуқықын тәмийинлеўге саўатсызлық ҳәм жәҳилликке қарсы гүресиўге хызмет етиўден ибарат. Динге исениўшилердиң диний ҳуқықларын қорғаўға, олардың кемситилиўине жол қоймаўға қаратылғанынан  дәрек береди.

Бүгинги күни Президентимиз Ш.Мирзиёев басшылығындағы республикада алып барылып атырған реформалардың баслы мақсети — жаңа Өзбекстанды  қурыў ҳәм инсан мәплерин толық тәмийинлеў жолында халықаралық шөлкемлер менен тынышлық, раўажланыў ҳәм пәраўанлық жолында бирге ислесиўди күшейтиўден ибарат.

Ж.Айтмуратов,

Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик университети  

«Археология»   кафедрасы   доценти.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF