БЕЛСЕНДИ ЖАСЛАРҒА КӨКИРЕК БЕЛГИСИ ТАПСЫРЫЛДЫ
Усы жыл 14 октябрь күни Нөкис қаласындағы Жаслар орайында республикамыздан 4 ықтыярлы жасқа «Меҳр-саховат» көкирек белгиси тапсырылды.
Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы, сенатор А.Данияров, «Жаслар келешегимиз» қорының атқарыўшы директоры Х.Саттаров ҳәм басқалар, пандемия дәўиринде жүзеге келген қәўип-қәтерге қарсы нәтийжели гүресиўде ҳәм оның ақыбетлерин сапластырыўда республикамыз жасларының да белсендилик көрсеткенлигин айрықша атап өтти.
Олардың арасынан, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына, бағыўшысын жоғалтқан кекселерге, карантин себепли күнлик дәрамат дәрегин жоғалтқан адамларға азық-аўқат өнимлери, дәри-дәрмақ ҳәм басқада күнделикли зәрүр затларды өз ўақтында жеткерип бериўде «Жаслар келешегимиз» қорының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық координаторы Болатбек Бахбергенов, 1197 қысқа номерли «Call center» орайында бийғәрез хызмет көрсеткен ықтыярлы жаслардан Саламат Сайджанов, Гүлзар Еркебаева ҳәм Бекбосын Әдилбаевлардың мийнетлери айрықша атап өтилди.
— Дүнья жүзи көлеминде глобал машқалаға айланған коронавирус пандемиясы дәўиринде бийғәрез жәрдем көрсетиўде өрнек болған жаслар қатарында мени де усы сыйлыққа мүнәсип тапқанынан қуўанышлыман,-дейди «Меҳр-саховат» көкирек белгиси ийеси Гүлзар Еркебаева. — Бул сыйлық биз жасларға үлкен жуўапкершилик жүклейди.
Илажда көкирек белгилери салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.