Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:46:39, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖЫРЛАРЫН ҚОБЫЗДА СӨЙЛЕТКЕН «ҚОРҚЫТ АТА»

Жақында Қарақалпақ Мәмлекетлик қуўыршақ  театрында  мәмлекетлик буйыртпа тийкарында  сахналастырылған «Қор­қыт ата»  спектаклиниң премьерасы менен 30-мәўсимниң ашылыўы болып  өтти.

Фольклор | Этнос | Ассамблея народа Казахстана

«Қорқыт ата»ның исми  пүткил түркий тиллес халықларында сондай-ақ, қарақалпақлар арасында  да кеңнен тарқалған. Ол туўралы көплеген рәўиятлар бар. Қарақалпақлар арасында жазба түринде де  «Қорқыт ата» туўралы мағлыўматлар тарқалғанлығы мәлим. Дереклерде айтылыўынша, «Қорқыт ата» шама менен VIII-XI әсир  аралығында жасап, дөретиўшилик еткен...

Спектакльди автор М.Бегимов терең мазмунда жақсы сахналастырған. «Қорқыт ата»  туўралы халық аўзында жүрген  аңызлар   қуўыршақ образларына көшип, тамашагөйлерде анық ҳәм түсиникли пикир оятыўда, әлбетте театр режиссёрының мийнети гиреўли. Сол қатары  «Қорқыт ата» жасаған дәўир картинасын жаратыўда да үлкен шеберлик көзге тасланады. Бас қаҳарманның басынан кеширген қыйыншылықлары, оны қалай жеңип өткенлиги, ибратлы өмир жолы ҳәр қандай тамашагөйде унамлы тәсир қалдырары сөзсиз. Соны да айтып өтиў керек, спектакльдеги ўақыялар  он еки жастан үлкенлер ушын арналған.

Спектакльдиң қысқаша мазмуны: «Бир патшаның жалғыз баласы болып, ол қырық жигити менен аңға шығып, қайтып келмей, изсиз кетеди. Патша  жоғалған  баласын излеп, ҳеш жерден дерегин таба алмайды. «Егер кимде-ким баламды таўып әкелсе, есапсыз  дүнья-мал беремен» деп қалаға  жар урдырады. Сонда да, ҳеш ким хабарын билмейди.  Қәҳәрленген патша  «Егер енди кимде-ким баламның хабарын айтса өлтиремен» деп жәриялапты. Баланың  хабарын тек «Қорқыт ата»  биледи екен. Ол айтайын десе қорқыпты. Сөйтип қобыз әсбабын соғыўға кирисипти. Патша дәр­гайына барып, қобызын қолына алып, перзентиниң хабарын бирме-бир  баян етеди. Патша оны өлтирмекши болғанында, Қорқыт ата  «Баланың хабарын мен емес, мына қобыз айтты» - деп сөзге шешенлиги себеп аман қалады.

Оның усындай ақыллы, даналығына патша тән берип, бир қасық қанынан кешеди...

Спектакльдиң сәтли шығыўында актёрлар Ш.Алламбергенов, Н.Төреев, П.Кулимов,  И.Джуманиязова, С.Темирхановлардың мийнетлери айрықша.

 З.ЖАҚСЫМУРАТОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF