Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:40:11, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫНДА СУЎДЫ  ҮНЕМЛЕЎ ТЕХНОЛОГИЯЛАРЫ

Суў там-тарыслығын жумсартыў ушын бүгинги күни мәмлекетимизде суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў үлкен әҳми­йетке ийе. Дий­қаншылықта, әлбетте, үнемли усыллардың бири ­ тамшылатып суў­ғарыў есапланады.

Европа Аўқамы, Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги, Европа Аўқамының Орайлық Азия Регионаллық Экология орайының Өзбекстандағы филиалы, «Суўшы» жәмийетлик бирлеспеси тәрепинен Европа Аўқамының Өзбекстанның аўыл-аймақларында суў ресурсларын турақлы басқарыў бағдарламасы шеңберинде Өзбекстанда суў ҳәм қоршаған орталық мәселелери бойынша хабардарлығын арттырыў ҳәм де бирге ислесиўди раўажландырыў жойбары бойынша биргеликте «Аўыл хожалығында суўды үнемлеў технологиялары» атамасында Шымбай районында семинар өткерилди.

Семинарға Қарақалпақстан Республикасы дийқан-фермер хожалықлары басшылары, қыйтақ жер ийелери, мәкан пуқаралар жыйыны ўәкиллери, суў хожалығы мәселелери бойынша жумыс алып барып атырған жергиликли шөлкем ўәкиллери, «Суўшы» жәмийетлик бирлеспеси қәнигелери ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.

Семинарда Өзбекстан Республикасы «Суўшы» жәмийетлик бирлеспесиниң Директорлар Кеңеси баслығы Т.Мажидов, усы бирлеспениң экология бойынша қәнигеси А.Хужақуловлар сөзге шығып, аўыл хожалығында суўды үнемлеў технологияларын, оның түрлери ҳәм пайдаланыў зәрүрликлери ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берди.

Усы жерде атап өтиў орынлы, аўыл хожалығында суўды үнемлеў технологияларын Өзбекстан Республикасында суў там-тарыслығы мүнәсибети менен аўыл хожалығын суў менен турақлы тәми­йинлеў ушын пайдаланыў зәрүр. Суў тутыныўшысы болған мәмлекетимиз аўыл хожалығында суўды үнем­леўши ҳәр түрли технологиялар қолланылмақта. Яғный, келте қарықлар арқалы суўғарыў, тамшылатып, жамғырлатып суўғарыў, гидрогель гранулаларынан пайдаланыў, лазерь үскенелери менен жерди тегислеў, топырақ астынан суўғарыў, көшпели ийилиўшең пластик трубалар жәрдеминде қарықларға плёнка төсеп суўғарыў усыллары пайдаланылмақта.

Суўды үнемлеў технологияларының ең нәтийжелиси ­ тамшылатып суў­ғарыў есапланып, бул усылда суў жергиликли ҳәм мәдений  төгинлер, суўғарылатуғын жерлердиң барлығына берилмес­тен, тек ғана өсимликтиң тамырына жибериледи. Лекин, тамшылатып суў­ғарыў усыллары әдеўир қымбатқа түседи. Соның ушын, Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты илимпазлары тәрепинен конструкциясы әпиўайы, арзан, монтаж ҳәм демонтаж, экс­плуатация етиў, ылай суўларды биймәлел тамшы­лат­қышлардан өткерип жиберетуғын, барлық бөлимлер таярланатуғын пәс басымлы суў­ғарыў сис­темасын ислеп шықты. Буны ислетиў ушын 1,5-2,0 м басым пайда етиў керек (20-30 м басым пайда етиўши насос қурылмасы шәрт емес). Суўды каналлардан яки арнаўлы қурыл­ған ыдыслардан алыў мүмкиншилиги пәс басымлы тамшылатып суў­ғарыў системасынан пайдаланыўдағы суўды үнем­леў технологиясында қолланылыўы, сондай-ақ, суўды үнемлеў техноло­гияларының ҳәр бири ҳаққында айрықша тоқтап өтилиўи әҳмийетли болды.

­ Семинардағы ҳәр бир қатнасыўшы суўды тамшылатып суўғарыў технологиясы, пәс басымлы тамшылатып суўғарыў сис­темасы, суў ресурслары, экология ҳәм шығындыларды жыйнаў, қайта ислеў бойынша берилген мағлыўматлардан пайда­ланған ҳалда өзлериниң буннан кейинги жумысларында бул мәселелерди халық санасына сиңдириўге айрықша итибар қаратыў кереклиги атап өтилди, - дейди жойбардың Қарақалпақстан Республикасы бойынша мәс­ләҳәтшиси Р.Кошеков.

Илаж даўамында жойбар қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алып, пикир-усынысларын билдирди.

 

Г.ХАЛМУРАТОВА,

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF