КОММУНАЛЛЫҚ ХЫЗМЕТ ТАРАЎЫНДАҒЫ ЖАҢАЛАНЫЎЛАР
Халық саны жылдан-жылға артып барар екен, олардың коммуналлық хызметлер көрсетиў саласына болған талабыда артатуғынлығы сөзсиз.
Сол себепли де, өткен ўақыт ишинде мәмлекетимизде Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басламасы менен халыққа турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиўдиң сапасын түп-тийкарынан арттырыўға қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. 2017-жыл 18-апрельдеги «Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў системасын басқарыўды буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм «Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары бул саладағы жумыслардың еле де жанланыўына түртки болды. Қарар тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги шөлкемлестирилди. Хош, бүгинги күнге келип министрлик тәрепинен республикамызда әмелге асырылған жумыслар ҳәм алға қойылған мақсет ҳәм ўазыйпалар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министри Әдилбек Досназаров пенен сәўбетлестик.
— Әдилбек Аллаярович, халықтың барлық қатламларының турмыс дәрежеси ҳәм жәмийетимиздеги социаллық орталық үлкен социаллық әҳмийетке ийе болған турақ жай коммуналлық хызмет саласының нәтийжели жумыс ислеўине байланыслы. Ең дәслеп министрликтиң мақсет ҳәм ўазыйпаларына тоқтап өтсеңиз...
Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты ислеп шығып, оны әмелге асырыў, көп квартиралы жайлардың техникалық жағдайын мониторинг етиў, соның ишинде, көп квартиралы турақ жай қорын капитал ҳәм жеңил оңлаў жумысларын шөлкемлестириў, жеке меншик турақ жай мүлк ийелери ширкетлериниң жумысларын муўапықластырыў, көп квартиралы турақ жай қорын сақлаў, олардан пайдаланыў ҳәм пайдаланыў қәрежетлерин анықлаў бойынша талапларға, көп квартиралы жайлардың техникалық жақтан пайдаланыў қәделерине ҳәм буларға жақын аймақлардың санитариялық қағыйдалары ҳәм гигиена талапларына муўапық ҳалда сақланыўына әмел етилиўин бақлап барыўды күшейтиў, суў тәмийнаты ҳәм канализация объектлерин, ыссылық тәмийнаты системаларын ҳәм бас режелери менен байланыслы ҳалда раўажландырыў, модернизация ҳәм қайта оңлаў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм олардың сапалы орынланыўын қадағалаў, усы тараў бирлеспелери искерлигин муўапықластырыў ҳәм басқарыўды тәмийинлеў ўазыйпалары белгиленди.
— Республикамыздағы көп квартиралы турақ жай қорын 2020-2021-жыллар гүз-қыс мәўсимине таярлаў бойынша қандай жумыслар әмелге асырылмақта?
Бүгинги күнде республикамыздағы көп квартиралы жайларға 97 турақ жай мүлк ийелери ширкети ҳәм 8 басқарыў компаниялары хызмет көрсетип келмекте. Республикамыз бойынша 2020-жылдың 1-январь жағдайына жәми 1386 көп квартиралы жайлар болып, соннан 794и еки қабатлы, 363и төрт қабатлы, 215и бес қабатлы ҳәм 2еўи тоғыз қабатлы жайлардан ибарат. Соннан, 193 көп квартиралы жайлар жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылған.
Мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында өткен 2017-2019-жылларда көп квартиралы турақ жай қорын оңлаў, әтирапын абаданластырыў мақсетинде барлық дереклер есабынан 168,7 млрд.сумлық (соннан, Аралбойы аймағын раўажландырыў қоры есабынан 125,2 млрд.сум, жергиликли бюджет есабынан 26,3 млрд.сум, коммерциялык банк кредитлери есабынан 17,2 млрд.сум) қаржылар жумсалды. Усы каржылар есабынан 524 көп квартиралы үйлердиң там төбелери шиферланды, 440 балалар майданшасы жаңадан қурылды, 625 жайдың алдына бетон қапламасын жатқарыў жумыслары алып барылды. Сондай-ақ, 326 көп квартиралы жайлардың фасады ҳәм 1853 кириў подъездлери оңланып, 1744 темир қапылар, 1886 дана фрамугаларға пластик ромлар орнатылып, 294 жертөле бөлегинде оңлаў жумыслары алып барылды.
2020-жылда республикамыздағы көп квартиралы турақ жай қорын оңлаў ҳәм гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў мақсетинде жәми 35,1 млрд. сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылып, бүгинги күнде бул жумыслар объектлерде жуўмақланыў алдында.
Соннан, 98 көп квартиралы жайдың төбелери шиферланды, 4 жайдың жертөле бөлеги ҳәм 22 дана кириў подъездлери оңланды, 80 көп квартиралы жайдың алдына бетонлаў жумыслары алып барылды, 43 дана кодлы темир есиклер орнатылды. Сондай-ақ, 73 дана балалар майданшасы ҳәм 39 дана сыртқы улыўма ҳәжетханалар жаңадан қурып питкерилди.
Министрлик жанындағы «Оңлаў-тиклеў хызмети» мәмлекетлик унитар кәрханасында шөлкемлестирилген диспетчерлик хызмети көп қабатлы турақ жай қорында жүзеге келген жағдайлардың алдын алыў мақсетинде 24 саат даўамында жумыс алып барып, кемшиликлер өз ўақтында сапластырылмақта.
— Халықтың ыссылық энергиясы менен тәмийинлениўи ҳәм оннан нәтийжели пайдаланыўдағы жумыслар, алдағы режелер туўралыда айтсаңыз...
— Қарақалпақстан Республикасында жәми 3 орайлық, 4 локал қазанханалар бар болып, олар тәрепинен республикамыздағы 83 көп квартиралы турақ жайлардағы 2304 шаңараққа ҳәм 25 дана социаллық тараў мәкемелерине ыссы суў ҳәм ыссылық энергиясы жеткерилип берилмекте.
Республикамыздағы ыссылық тәмийнаты объектлери ҳәм көп қабатлы турақ жай қорын жақсылаў мақсетинде 20l9-жылы Аралбойы аймағын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде ыссылық тәмийнаты тармақларын модернизация ҳәм қайта оңлаўға 6,85 млрд.сум орайласқан қаржылар ажыратылып, толық өзлестирилди.
2020-жылда Қарақалпақстан Республикасындағы ыссылық тәмийнатын жақсылаў мақсетинде Арал бойы аймақларын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде жәми 6,7 млрд. сум қаржылар есабынан Нөкис қаласындағы «66-квартал» қазанханасының 2,2 км. ыссылық тармақлары ҳәм Тақыятас районында 5,9 км ыссылық тармақларын теплоизоляцияланған ыссылық тармақларына алмастырыў ислери режелестирилген.
1-сентябрь жағдайына Нөкис қаласында 1,6 км (70,8 процент) ҳәм Тақыятас районында 4,6 км (73,1 процент) ыссылық тармақларында реконструкция жумыслары әмелге асырылып, бул объектлер 2020-жылдың 1-октябрь сәнесине пайдаланыўға тапсырылды.
Халықаралық қаржы институтлары қатнасыўында 2024-2026-жылларда «Когенерация технологияларын қолланған ҳалда Нөкис қаласының ыссылық системаларын модернизация етиў» жойбарының әмелге асырылыўы белгиленген. Жойбар шеңберинде Нөкис қаласында 230 млн. АҚШ доллары муғдарындағы қаржылар есабынан 3 қазанхана, 36,8 км. ыссылық тармақларын ҳәм қазанханаларды когенерация технологияларын қолланған ҳалда қайта оңлаў жумысларының әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.
Жойбарды әмелге асырыў нәтийжесинде 250 турақ жай (9215 шаңарақ) ҳәм 33 басқа тутыныўшылардың жабык системада дизимге өткерилиўи нәтийжесинде ыссылық тәмийнаты жақсыланыўы күтилмекте. Бул жойбар бойынша Японияның «JICА» компаниясының кредит қаржыларын ажыратыў бойынша Япония ҳүкимети менен тийисли бирге ислесиўди жетилистириў бойынша жумыслар алып барылмақта. Ҳәзирги күнде жаңадан қурылып атырған көп квартиралы жайларға заманагөй, индивидуал ыссылық тәмийнаты орнатылмақта.
— Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў ушын қәнигелердиң маманлығын жетилистириў, хызмет көрсетиўдиң заманагөй түрлерин енгизиў бағдарында қандай жумыслар алып барылмақта?
— Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги жанындағы «Коммунал оқыў» оқыў-методикалық орайы тәрепинен жеке турақ жай мүлк ийелери шерикликлери баслықлары, «Оңлаў-тиклеў хызмети» МУК қәнигелери қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў курсларында оқытылып, арнаўлы сертификатлар берилди.
Ҳүкиметимиз тәрепинен көп квартиралы жайларды басқарыў ҳаққындағы ҳәрекеттеги ҳәм қабыл етилип атырған ҳүжжетлер менен таныстырыў мақсетинде Нөкис қаласы ҳәм районлардағы хызмет көрсетип атырған турақ жай мүлк ийелери шерикликлери менен биргеликте семинарлар шөлкемлестирилмекте.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 30-январьдағы 67-санлы қарарына муўапық, көп квартиралы үйлерди басқарыў системасына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў арқалы «Абат үй» автоматластырылған биллинг системасы жолға қойылды. Бул электрон системаның абзаллықлары, көп қабатлы жайдың техникалық хызмети ушын мәжбүрий төлемлер мүлк ийесиниң жеке есап бети арқалы банк кассалары ҳәм барлық түрдеги CLICK, UPАY, PАYME электрон төлем системалары арқалы төлениўи, булар ҳаққындағы мағлыўматлар оңлайн түринде мүлк ийесиниң жеке қол телефоны номерине СМС арқалы жиберилиўи, төленген қаржы ҳәм бар болған қарыздарлық ҳаққында абонентти хабардар етип турыў имканияты жаратылған.
— Әлбетте, қандай коммуналлық хызмет болмасын, ол сапалы исленсе тутыныўшы да разы болыўы тәбийғый. Министрлик жанындағы «Оңлаў ҳәм тиклеў хызмети» МУК хызмети нелерден ибарат?
— Ҳақыйқатында да, аймақтағы көп квартиралы турақ жай қорын мәўсимлик пайдаланыўға өз ўақтында ҳәм сапалы таярлаў көп квартиралы турақ жай қорын ири ҳәм ағымдағы оңлаў және тутас аймақларда хызметлерди көрсетиў мақсетинде «Оңлаў ҳәм тиклеў хызмети» МУКда бүгинги күнде 18 түрдеги хызмет көрсетиўши автотехникалар бар болып, тараў хызметкерлериниң халыққа сапалы коммуналлық хызмет көрсетиў ушын барлық арнаўлы техника ҳәм әсбап-үскенелери менен тәмийинленген.
Кәрханада диспетчерлик хызмети шөлкемлестирилген болып, пуқаралардан келип түскен мүрәжатларды өз ўақтында үйренип әмелий жәрдем етиў мақсетинде 1184 қысқа номери арқалы төлемли хызметлер көрсетиўде жолға қойылмақта.
Ҳәзирги дәўир жаңаланыўлар дәўири. Бизиң мақсетимиз турақ жай коммуналлық хызмет саласының шешилиўи тийис болған бир қатар машқалаларды сапластырыў, республика халқының сапалы турақ жай коммуналлық хызметлери менен қамтып алыныўын тәмийинлеў, сондай-ақ, тараўдағы жоқарыда айтып өткенимиздей, нәтийжели системаның жаратылыўына ерисиў, бул саладағы әмелге асырылып атырған реформалар халқымыздың пәраўан ҳәм абадан турмыста жасаўы, оларды разы етиў, исенимин ақлаўдан ибарат.
Сәўбетлескен: Г.САПАРОВА,
арнаўлы хабаршымыз.