КОРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ БИРГЕ ИСЛЕСИЎДИ ТАЛАП ЕТЕДИ
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен 2017-жыл январь айының 3-сәнесиндеги «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы нызамға қол қойылыўы мәмлекетимизде елимизди иштен жемириўши бундай иллетке қарсы гүресиўдиң жаңа бағдарламаларын ҳәм гүресиў режелерин белгилеп берди.
Бул иллетке қарсы гүресиў қайсы дәўирде де ең актуал мәселе сыпатында алып қаралған жәмлесиў ҳәм бирликти талап етеди. Коррупцияның келип шығыў себеплери ҳәм оның пайда болыў тарийхы да ерте дәўирлерге барып тақалады. Бул иллетти жәмийетти иштен жемириўши үлкен күш сыпатында алып қарайтуғын болсақ, оған қарсы гүресиў мәмлекетимизде жасап атырған ҳәр бир пуқараның ўазыйпасы ҳәм миннети болыўы тийис. Бул иллетке қарсы гүресиў ушын жаңадан қабыл етилген нызамның әҳмийети болса оғада жоқары есапланады.
Мәмлекетимизде бүгинги күнде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша бир қатар режелер ислеп шығылып, бул ўазыйпаларды әмелге асырыўда ҳәр бир мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер тәрепинен мәҳәлле ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларында ушырасыўлар өткерилмекте. Ушырасыўлар барысында коррупцияның ақыбетлерин терең аңлаўлары ҳәм бул иллеттиң қандай ақыбетлерге алып келиўлери бойынша видеороликлер қойып берилмекте.
Соны да атап өтиў керек, Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы ҳәм районлық статистика бөлимлери тәрепинен жергиликли мәкеме ҳәм шөлкемлер менен бирге коррупцияға қарсы гүресиў бойынша өз-ара бирге ислесиў жолға қойылып, ҳәзирги күнде реже тийкарында бирқанша жумыслар әмелге асырылмақта. Алып барылып атырған жумыслар нәтийжесинде мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиўде жәмлескенлик ҳәм қоллап-қуўатлаўдың бар екенлигин көриўимизге болады.
Соңғы жылларда елимизде коррупцияға қарсы гүресиў жумысларының нәтийжесинде бузғыншы ой-қыялда жүрген шахслар тәрепинен әмелге асырылыўы нәзерде тутылған бирқанша жынаятлардың алды алынып, олар жынайый жуўапкершиликке тартылды. Тилекке қарсы, ҳәзирги күнде арамызда пуш қыяллар менен жүрген кимселер де табылып қалады. Сол ушын да, коррупцияға қарсы гүресиўди ҳеш қашан тоқтатпай, керисинше, бул ислердиң жеделлигин және де жоқарылатыўымыз тийис.
Г.САГАТДИНОВ,
Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы бас ҳуқық мәсләҳәтшиси.