САЛЫҚ КОМИТЕТИ БАСЛЫҒЫНЫҢ АРНАЎЛЫ ШТАБЫ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ
Хожели районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў ҳәм инвестициялық потенциалын арттырыў мәселелерине Мәмлекетлик салық комитетиниң баслығы жуўапкер етип бириктирилип, бул жерде Мәмлекетлик салық комитетиниң баслығы Ш.Кудбиевтың арнаўлы штабы шөлкемлестирилди.
Штаб тәрепинен район халқының машқалалары үйренилип, оларды тез арада шешиў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў илажлары әмелге асырылады. Сондай-ақ, социаллық инфраструктурасы раўажландырылады — мәҳәллелер, көшелер абаданластырылып, коммуналлық тәмийнат ҳәм байланыс системаларының сапасы жақсыланады.
Ҳәзирги ўақытта бул бағдардағы жумыслар режеге муўапық нәтийжели түрде баслап жиберилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.