ХАЛЫҚТЫҢ ЕҢ ИСЕНИМЛИ ЎӘКИЛИ
Биз тез пәт пенен илгерилеп баратырған интернет әсиринде жасап атырмыз. Дерлик ҳәр күни интернеттемиз. Тән алыў керек, заман өзгермекте. Тезлик, ашықлық, анықлық, әдалат, бийтәреплик...
Бул түсиниклер — бүгинги күн талабы. Хош, журналистика тараўында биз күткен нәтийжеге еристик пе! Мениңше, яқ. Буның себеби неде деп ойлайсыз!
Журналистлер алдына соңғы жылларда үлкен талаплар қойылмақта. Бирақ, машқалаларды жарытыўда қандайдур тосықлар болып атырғанлығы ҳәммеге мәлим. Айырым басшылар, шөлкемлер ең дәслеп машқалаға шешим табыў орнына, машқаланы алып шыққан журналист яки блогер менен қызықсынып, оның менен мүнәсибетин өзгертип, журналистке басым өткериўге де урынбақта. Бул жағдай көпшиликке таныс, қулаққа тез-тез шалынатуғын гәплерден болып қалды. Неге пуқара тийисли шөлкемлерден көре, ғалаба хабар қуралларына, социаллық тармақларға мүрәжат етеди! Жуўапкер инсанлар, басшылар машқаласын тыңламағаннан, айдынлық киргизбегеннен соң, әдалатсызлыққа ушырағаны ушын да солай ислейди. Болмаса, жабыўлы қазан жабылыўынша қалып кете береди. Усы орында сораў туўылады. Неге тийисли шөлкем, басшылар журналист яки блогер жарытқан машқала яки мүрәжатты терең үйренбей турып, машқаланы шешиў орнына оны көтерип шыққан инсанға ашыўланып, доқ урады!
Өмир бар екен, биз бир тегис жолдан жүре алмаймыз. Жумыс бар жерде кемшилик те болыўы ҳақыйқат. Ҳәр бир аймақта шешилиўин күтип турған машқалалар баршылық. Бизлерде редакциямызға жиберилген мүрәжатлар негизинде журналистлик тексериўлер алып бармақтамыз. Бирақ бизге мәлим болмақта, айрым шөлкем басшылары яки тийисли жуўапкер хызметкерлер, мүрәжатшылардан «социаллық тармақларға неге видео шығарасыз яки мүрәжат етесиз?, киби доқ урып, жаман мүнәсибетте болып, халықта нарийзашылық кейпиятын оятпақта. Президентимиздиң илгери сүрген ашықлық, айдынлық сиясатын шетлеп өтиўге ҳеш бир басшы яки хызметкердиң ҳақы жоқ! Себеби, шөлкем яки басшылардың ўазыйпасы машқалаға ашық көз бенен қарап, ақылана шешим табыўдан ибарат емес пе?! Мүрәжатшыға ҳә деп қағаз, ручка услатып, машқаланы шешиў орнына тилхат жаздырыўын қандай түсиниў мүмкин?
Бүгинги күнде жәмийетшилик қадағалаўы күшейип бармақта, машқалалар өзин көз-көз етип қоймақта. Демек, биз Мәмлекетимиз басшысының халықшыл сиясаты, халық пенен сәўбетлесиў дәўириндемиз. Пуқара болса мүрәжат етиўге ҳақылы. Машқаласын айтқанлығы ушын оны қысқыға алыў, оған қопал мүнәсибетте болыўға ҳеш бир басшының ҳақы жоқ. Журналисттиң жәриялаған сын мақаласын кимлер менендур ғыйбат етип, талқылағаннан көре, буған айдынлық киргизип, ҳәр тәреплеме үйренилсе мақсетке муўапық болмас па еди? Жақында журналистика бойынша жаңаланыўлар, жаңа қарарлар қабыл етилиўи күтилмекте. Сын мақалалар еле көбейеди. Бул қайсыдур басшыға жақпайды. Лекин, журналист бар екен ол өз ўазыйпасын орынлап «халық айнасы», «ҳүкимет ҳәм халық ортасындағы көпир» ўазыйпасын атқара береди. Болмаса журналисттиң кимге, неге кереги бар?
Мақалам арқалы қайсыдур басшының атын тилге алып, фактлер келтириўден жырақпан. Бул ҳәр кимниң ҳүжданына пайлы. Олсыз да «гәп ийесин табады». Төменги буўын машқалаға бийписент қарай берсе, биз жоқары шөлкемлерге журналистлик мүрәжат етемиз. Себеби биз журналистлер — халықтың ең исенимли ўәкили, ҳақыйқат жолында пидайы гүресшилермиз.
Бәринен бурын бирлемши машқала — халық пенен сәўбетлесиў мәдениятын туўры жолға қойыў керек. Болмаса наразылықлар тоқтамайды. Халқымызды разы етиў, өз-ара жақын сәўбет, жақсы қатнас орнатыў бүгинги күн талабы. Адамлар ҳәр күнинен, бүгининен разы болып жасаўы ушын әдалат байрағын жүреклерге орнатайық!
Лобархон БАЗАРБАЕВА,
Журналист.