Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:00:20, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲӘРЕКЕТЛЕР, ТАЛПЫНЫСЛАР, МАҚСЕТЛЕР — УЛЛЫ КЕЛЕШЕККЕ ҚАРАЙ...

Ғәрезсизлик — халқымыздың ең уллы ҳәм бийбаҳа байлығы болса, оны қорғаў ҳәм беккемлеў елимиздиң ҳәр бир пуқарасының жуўапкерли ўазыйпасы.

Хош, оны қандай етип қорғаўымыз керек. Бул ушын шегарада қолға қурал алып емес, ал, ҳәр бир қәниге өз тараўында халық ушын, ўатан ушын пидайы хызмет етсе, соның өзи жеткиликли.

Дүньяда қәўиптиң көзге көринген ҳәм көринбеген түрлери көп, буны ҳәзирги дәўиримиз дәлиллеп тур. Пүткил дүнья халықларына апатшылық, қәўип-қәтер, ғул-ғула, тынышсызлық, қорқыныш алып келген пандемия инсаниятты қырағылыққа және бир мәртебе шақырып, жуўапкершиликти күшейтпекте. Әсиресе, ҳәзиргидей жүдә қурамалы глобалласыў шараятында мәселениң әҳмийети және де тереңлести. Деген менен дөретиўшилик ҳәм жаратыўшылық жумыслары елимиздеги ҳәр бир пуқараның турмыс тәризиниң мазмунына айланып үлгерген бул дәўирде халықтың күшине күш, қуўатына-қуўат қосып, адамларды руўхландырыў ушын ийгиликли ислерди алдынғы дәўирдегиден де көбирек жигерленип алып барыў, бир-биреўди қоллап-қуўатлаў ҳәр биримиздиң парызымыз. Әсиресе, елимиздиң ҳәр тәреплеме раўажланыўы ушын ең тийкарғы тирек болған билимлендириў сис­темасындағы жумысларды үлкен жуўапкершилик ҳәм жоқары итибар менен алып барыўымыз зүрүр.

Қарақалпақ мәмлекетлик университетимизде бүгинги күни 7 оқыў имараты болып, 5 студентлер жатақханасы, 2 спорт зал, мәденият сарайы, мәлимлеме-ресурс орайы, Бердақ атындағы музей имараты бар. Ҳәзирги күнде университетте 700 ден артық профессор-оқытыўшылар мийнет етип, соның ишинде 25 илим докторы ҳәм профессорлар, 218 илим кандидаты ҳәм философия докторлары (PhD) ҳәм доцентлер болып есапланады.

Жаңа 2020-2021-оқыў жылын On-Line тәризде баслап жибердик. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2020-жыл 30-июньдеги «2020-2021-оқыў жылынан билимлендириў процесин кредит-модуль системасына өткериў ҳаққында»ғы 257-санлы буйрығы ҳәм де Минис­трликтиң 2020-жыл 8-июльдеги «2020-2021-оқыў жылынан кредит-модуль системасына өтиў ҳаққында»ғы 02/02-01-71-санлы хатының орынланыўы ушын университетте 14 ағзадан ибарат исши топар дүзилди ҳәм исши топар тәрепинен таяныш жоқары билимлендириў орны есапланған Қарақалпақ мәмлекетлик университети қарақалпақ тили, қазақ тили, түркмен тили, юриспруденция бакалавр бағдары ҳәм лингвистика (қарақалпақ тили, қазақ тили, түркмен тили), әдебияттаныў (қарақалпақ әдебияты) ҳәм де мәмлекетлик ҳуқық ҳәм басқарыў (тараўлар бойынша) магистратура қәнигеликлериниң мәмлекетлик билимлендириў стандартлары, қәнигелик талаплары ҳәм оқыў режелери менен оқыў бағдарламаларын ислеп шығыўда турлес жоқары оқыў орынларының  жетекши қәнигелери менен ҳәм де кадрлар бу­йыртпашыларының зәрүр талапларынан келип шыққан ҳалда таярланды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тапсырмасына муўапық университетте қәнигелер таярлаўшы 40 кафедра Қарақалпақстан Республикасында жайласқан министрлик ҳәм жумыс бериўши кәрханалар менен еки тәреплеме шәртнамалар дүзип, кафедра филиалларын шөл­кемлестирди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 6-сентябрьдеги ПФ-5812-санлы Пәрманы тийкарында университетимизге 3 профессионал билим бериў техникумы бириктирилди. Олар, Қара­өзек аўыл-хожалығы техникумы, Әмиўдәрья аўыл-хожалығы техникумы ҳәм де Қоңырат нефть ҳәм газ санааты техникумы болып есапланады. Сондай-ақ, университетке бириктирилген техникумлар менен бирге ислесиў, олардың қәнигелерге болған талабынан келип шығып, министрликке зәрүрли усыныслар берилди.

Университеттиң улыўма ҳәм орта арнаўлы оқыў орынлары менен бирге ислесиў жумыслары да жақсы жолға қойылған. Атап айтатуғын болсақ, университет профессор-оқытыўшылары тәрепинен Тахтакөпир районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 23 улыўма орта билимлендириў мектеплеринде инновациялық идея­ларды оқыў процесинде пайдаланыў, муғаллимлердиң ашық сабағы ҳәм дөрегеклердиң жумысларын шөлкемлестириў, «Мектеп-шаңарақ-мәҳәлле-Жоқары оқыў орны» бирге ислесиўиниң әҳмийети, «Устаз-шәкирт» системасын нәтийжели алып барыў бойынша бир қатар әмелий илажлар өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының 2018-жыл 13-декабрьдеги 06/1-3240-санлы ҳәм де Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң көр­сетпелеринде Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районында 2019-жыл 5-январь күнинен баслап 3 бағдар (гуманитар, тәбийғый ҳәм анық пәнлер) бойынша бийпул таярлық курсларын шөл­кемлестириў белгиленип, усы көрсетпениң орынланыўы бойынша университет профессор-оқытыўшылары Мойнақ санаат кәсип-өнер колледжи имаратында абитурентлерге химия, физика, инглис тили ҳәм әдебияты ҳәм де география пәнлеринен бийпул репититорлық курсларын оқытты.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 27- июльдеги «Жоқары мағлыўматлы қәнигелерди таярлаўдың сапасын арттырыўда экономика тараўлары ҳәм тармақлардың қатнасын және де кеңейтиў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарын орынлаў бойынша университеттиң бириктирилген комплекс көлеминде тийисли минис­трлик ҳәм кәрханалардың басшыларының қатнасындағы  тараўға тийисли жаңалықлар, келешектеги раўажланыўы, билимниң сапасын көтериў, илимий-изертлеў жумысларын раўажландырыў ҳәм алдағы әмелге асырылатуғын жумысларды белгилеп алыў бойынша жумыс бериўшилер тәрепинен жумыс орынлары бойынша толық мағлыўматлар берилди және де «Жас қәнигени жумыс пенен тәмийинлеўге көмеклесиў ҳаққында»ғы үш тәреплеме шәртнамалар рәсмий­лестирилди.

Өткен жыллар даўамында университетимиздиң профессор-оқытыўшыларының қолға киргизген табыслары ҳәм мийнеттеги жетискенликлери де көз-қуўандырарлық дәрежеде. Атап айтатуғын болсақ, жыл сайын өткерилип атырған Жоқары оқыў орнының ең жақсы педагогы таңлаўында университеттен 5 профессор-оқытыўшы биринши орынды ийелеген болса, 2018-2019-оқыў жылында 3 профессор-оқытыўшымыз биринши орынды ийе­леўге миясар болды.

Университетимизде соңғы үш жылда (2017-2020) билимлендириўдиң сапасын арттырыў, илимий дәрежелиликти көтериў, материаллық-техникалық базаны беккемлеў, профессор-оқытыўшылардың педагогикалық ҳәм кәсиплик тәжирийбесин арттырыў барысында да салмақлы жумыслар әмелге асырылды. Атап айт­қанда, 2017-2018-оқыў жылында университетте 49 бакалавр тәлим бағдарлары ҳәм 22 магистратура қәнигеликлери  болған болса, бул көрсеткиш 2020-2021-оқыў жылына келип бакалавр тәлим бағдарларының саны 65ке, ал магистратура қәнигеликлериниң саны 50ге жетип, жаңадан 16 бакалавр тәлим бағдарлары, сыртқы бөлимде 15 бакалавр тәлим бағдарлары, 5 кешки тәлим ҳәм 28 магистратура қәнигеликлери жаңадан ашылды.

Сондай-ақ, ақырғы үш жылда студентлер контингенти бакалавр тәлим бағдарларында 8621 ден 12295 ке, магистратура қәнигеликлеринде 130 дан, 336 ға жетти.

Буннан тысқары, 2019-2020-оқыў жылы бәҳәрги семестрде 3190 студенттиң қоңсы мәмлекетлердиң жоқары оқыў орынларынан бизиң университетимизде оқыўын даўам еттириўине мүмкиншиликлер жаратылды.

Быйылғы оқыў жылында студентлердиң саны 1-курслардың есабынан 20000 ға жетиўи күтилмекте. Бул 2017-2018-оқыў жылына салыстыр­ғанда 2 есеге, ал 2018-2019-оқыў жылына са­лыс­­тырғанда 23 процентке артты.

Ҳәзирги күнде университетимиз заманагөй инвентарьлар менен толық тәмийинленген. 15 WI-FI қурылмасы ҳәм 2 сервер қурылмасы сатып алынды. Барлық компьютерлер интернет тармағына 100 процент жалғанған болып,  интернеттиң тезлиги 100Мбит/с қурайды.

Университет мәлимлеме-ресурс орайы Қарақалпақстан Республикасындағы ең ири китап фондына ийе орай есапланады. Ҳәзирги күнде китап фонды 538808 нусқадан артық. Мәлимлеме-ресурс орайымыз Пандемия дәўиринде де өз жумысын үзиликсиз алып барды, жаслардың китап оқыўға болған қызығыўшылықлары ҳәм ықласын есапқа алып, ўақытларын бий­карға өткермеўи ушын, үйинен шықпастан онлайн хызмет көрсетиў мақсетинде телеграмм каналы арқалы «Китапқумарлар клуб»ы шөлкем­лес­ти­риўшилери тәрепинен жазыўшы-шайырлардың, белгили адамлардың юбилейлерине арнап онлайн әдебий кешелер өткизилип турылды ҳәм ҳәзирде үзликсиз даўам етпекте.

Ақырғы үш (2017-2020) жылда Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң тийисли рухсатнамасы тийкарында университеттиң профессор-оқытыўшылары тәрепинен 107  сабақлық ҳәм оқыў қолланбалары баспадан шықты. Соннан 34 атамадағы сабақлық ҳәм оқыў қолланбалар орайластырылған кредитлер есабынан Ташкент қаласындағы баспаларда басып шығарылған болса, қалған 73 атамадағы сабақлық ҳәм оқыў қолланбалар университет қәрежети есабынан Нөкис қаласындағы «Qaraqal­paqstan» ҳәм «Bilim» баспаларында басып шығарылды. Сондай-ақ, усы дәўирде профессор-оқы­тыўшылар тәрепинен 270 тен артық оқыў-методикалық қолланбалар таярланды.

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң тапсырмасын орынлаў мақсетинде университеттеги 59 бакалавр тәлим бағдарлары ҳәм 32 магистратура қәнигеликлериниң оқыў режелериндеги 2019-2020-оқыў жылы бәҳәрги семестрде өтилетуғын барлық пәнлер (курслар кесиминде) 6 модулге бөлинип, сабақлар аралықтан оқытыў тийкарында алып барылып, усы жылдың 1-июль сәнесинде жуўмақланды.

Карантин жағдайларына байланыслы 2019-2020-оқыў жылының питкериўшилери усы жылдың 27-апрелинен баслап, 9-май аралығында қәнигелик әмелиятын өтеди. 2019-2020-оқыў жылының бәҳәрги семестринде  1-, 2-, 3-курслардағы бакалавр тәлим бағдарларының оқыў режелеринде аралықтан оқытыў мүмкин болмаған әмелиятлар келеси 2020-2021-оқыў жылына көширилди.

Профессор-оқытыўшылардың билимин жетилистириў ҳәм қайта таярлаў бойынша 2018-жылы 139 профессор-оқытыўшы, 2019-жылы 163 профессор-оқытыўшы билимин жетилистириў курсларын табыслы тамамлады. 2020-жылы 170 профессор-оқытыўшының қайта таярлаў ҳәм билимин жетилистириўи белгиленген.

Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи менен бас­ланған карантин дәўиринде Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2020-жыл 25-март сәнесиндеги 87-03-12113-санлы хаты тийкарында профессор-оқы­тыўшылардың аралықтан билимин жетилистириў курслары ашылып, буны онлайн тәризде әмелге асырыў жолға қойылды.

2020-жылы апрель-июнь айларында университет қасындағы  кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың билимин жетилистириў орайында 34 профессор-оқытыўшы қәнигелигин жетилистирди.

Пандемия жағдайында пенсия жасындағы, үш жас­қа толмаған баласы бар ҳаяллар ямаса майыплығы болған басшы лаўазымдағылар ҳәм профессор-оқытыўшылар, сондай-ақ, қайта таярлаў ҳәм билимин жетилистириў курсларын табыслы жуўмақлай алмаған тыңлаўшылар ушын да усы жылдың 1-апрелинен баслап аралықтан оқытыў курслары шөлкемлестирилди ҳәм олар жоқары оқыў орнының усынысы менен  оқыў мүмкинлиги белгиленди.

Университеттиң халық­аралық рейтинг көр­сеткишлерге табыслы ерисиўи ушын бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айт­қанда, илимий мақала ҳәм бас­қа да халықаралық илимий мағлыўматлар базаларында мақалалар шығарыўға айрықша әҳмийет қаратылған. 2019-жылдың өзинде университет профессор-оқытыўшылары тәрепинен 28 мақала Scopus халықаралық илимий мағлыўматлар базаларындағы илимий журналларда басып шығарылған бол­са, 2020-жылдың 30-июль сәнесине шекем бул көрсеткиш 30 ға жеткизилди.

Жақын күнлерде университет қасында Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Математика институтының Қарақалпақстан бөлими дүзилип, бүгинги күни бул бөлим жумысларын жолға қойыў менен байланыслы шөл­кем­лестириў жумыслары алып барылмақта.

Бүгинги күнде университет кафедралары тәрепинен 2017-2020-жыл­ларға режелестирилген 2 фундаментал бағдарламалар көлеминде, 2018-2020-жылларға режелестирилген 3 әмелий жойбарлар, 2020-2022-жылларға режелестирилген 1 әмелий бағдарламалар, жәми 6 илимий грантлар тийкарындағы жумыслар алып барылмақта ҳәм усы жойбарлардың улыўма көлеми 2019-жылда 724 млн 520 мың сумды қураған болса, 2020-жылға келип олардың улыўма суммасы 1 млрд. 185 млн. 932 мың сумды қурамақта.

Халықаралық бирге ислесиў тараўында да университетимиз усы күнге шекем Россия Федера­циясы, Қазақстан, Қыр­ғызстан, Беларуссия, Украина, Португалия, Польша, Словакия, Италия, Испания, Венгрия, Австрия, Германия, Қубла Корея, Азербайжан, Қытай Халық Республикасы ҳәм Уллыбританияның 55 жоқары оқыў орны ҳәм илимий изертлеў институтлары менен бирге ислесиў шәртнамаларын ҳәм меморандумларын рәсмийлестирген. 2019-жылдың өзинде университет 20 ға жақын шет ел жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиў шәртнамаларына қол қойысты.  Және де айрықша атап өтиўимиз керек, шет елдеги бирге ислесиўши университетлер қатарында  жәҳәнниң белгили «QS World University Rankings» мыңлық рейтингинде аты көрсетилген Россияның 4, Италияның 1, Испанияның 1, Португалияның 1, Қазақстанның 2, Украинаның 1, Австрияның 1 университети бар. Буннан тыс­қары, ҳалықаралық бирге ислесиў, билимлендириў ҳәм мәденият шөлкемлери есапланған ITEC, DAAD, KOICA, JICA, TIKA, GIZ, British Council, «SES» шөлкемлери менен де жақын бирге ислесиў байланыслары орнатылған. Усындай бирге ислесиў нәтийжесинде, қубла Кореяның KOICA шөлкеминен бир волонтёр ҳәм Германияның «SES» шөлкеминен бир қәниге университетке келип, студентлерге корейс ҳәм немис тиллерин үйретип келмекте.

Университетимиздиң халықаралық бирге ислесиў тараўындағы 2019-жылдағы ең үлкен жетискенлиги — Россия Федерациясының Москва мәм­лекетлик миллий изертлеў қурылыс университети, Астрахан мәмлекетлик университети, Беларусь мәмлекетлик технология университети менен студентлерге еки тәреплеме диплом бериў имканиятын беретуғын қоспа билимлендириў бағдарламасының (Double degree programs) иске түскени болды. Усы билимлендириў бағдарламасы 3 бакалавр бағдары ҳәм 8 магис­тратура қәнигеликлери бойынша республикамыз жасларының Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм шет ел ЖООда билим алыўын тәмийинлейди ҳәм 2019-2020-оқыў жылында усы қоспа билимлендириў бағдарламасына тийкарланып 47 студент қабыл етилди. Келешекте Россия, Қазақстан, Словакия, Түркия, Қытай мәмлекетлериниң жетекши оқыў орынлары менен  бүгинги күни талап жоқары болған билим бағдарлары бойынша қоспа билимлендириў бағдарламаларын дүзиўди реже­лестирип атырмыз.

2019-2020-оқыў жылы даўамында университетте Европа Бирлеспесиниң Эрасмус плюс бағдарламасының 5 жойбары әмелде жүргизилди. Сондай-ақ, Словакияның Нитра аўыл-хожалығы университети ҳәм Испанияның Гранада университети менен «Институтлар аралық студентлер ҳәм хызметкерлерди кредит мобиллик алмасыў» жойбарлары көлеминде студентлер ҳәм профессор-оқытыўшылардың академик алмасыўы жолға қойылған. Бул жойбарлар көлеминде 2019-жылда университетке 89 мың 747 евро муғдарындағы компьютер ҳәм лаборатория үскенелери инвестиция сыпатында алып келинди.

Университетте Арал теңизи экологиялық маш­қаласының ақыбетлерин жумсартыў мақсетинде илимий-изертлеў жумысларын алып барыў ҳәм буған шет елли бирге ислесиўшилерди тартыўға үлкен итибар қаратылған. Сонлықтан, 2019-жылда Қытай Илимлер Акаде­миясы илимий-изертлеў институтлары менен Арал теңизи экологиялық маш­қаласын илимий жақтан үйрениўге бағышланған «Арал теңизиндеги эко­система ҳәм суў ресурслары» темасында халықаралық илимий-әмелий семинар шөлкемлестирилди. Онда Қытай, Канада, Қазақстан мәмлекетлеринен 32 шет елли алымлар ҳәм профессор-оқытыўшылар қатнасты.

Сондай-ақ, университет басшылары ҳәм профессор-оқытыўшылары 2019-жылдың октябрь айында Қытай Илимлер Акаде­миясының Синьцзян экология ҳәм география илим изертлеў институты тәрепинен шөлкемлестирилген «Экология, дөгерек-әтирап ҳәм аймақлық раўажланыў» темасындағы Қытай-Өзбекстан өз-ара бирге ислесиў Симпозиумында қатнасты ҳәм «Қытай ҳәм Өзбекстанның биргеликтеги инициативасы — Арал теңизи аймағында экологияны қайта тиклеў ҳақ­қындағы Декларация»ны имзалады. Университет базасында «Экология ҳәм тәбиятты қорғаў» Өзбекстан-Қытай  қоспа лабораториясын шөлкемлестириў бойынша келисимге келинди.

Қубла Кореяның «WE Energy» ҳәм «Hanbеk Construction Co., Ltd» компаниялары менен биргеликте университетте ҳәр бириниң қуўаты 350 Вт.тан ибарат қуяш электр панеллери орнатылып, жойбарының инвестициялық қуны 30 мың АҚШ долларына тең болды. Бул қуяш электро-панеллери университет студентлерине әмелият өтеў ушын имканият жаратыў менен бир қатарда, университетте қуяш энергиясынан пайдаланыў тәжирийбесин пайда етеди.

Университетимизде жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими 5 әҳми­йетли баслама шеңберинде көплеген жумысларды әмелге асырмақта. Сту­дент­лерди руўхый-ағартыўшылық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде университетте 71 дөгерек жумыс алып бармақта. Олар­ға 5567 студент ағза.

Студентлер ушын «Жайҳун студентлер театр-студиясы», «Ҳүрлиман» қосық ҳәм ойын халық ансамбли, «Жайҳун» қуўнақлар ҳәм зийреклер командасы, «Китапқумарлар клубы», «Қызларжан», «Шаңарақта миллий қәдириятларды үгит-нәсиятлаў орайы», «Шебер қоллар дөгереги» «Ҳаял ҳәм саламатлық клубы» үзликсиз студентлер менен бирге ислесип, мәдений илажлар ҳәм спорт жарысларын шөлкемлестирип келмекте.

Өткен оқыў жылында университет студентлери арасынан 2 жәҳән, 5 Азия, 50 Өзбекстан чемпионлары жетилисип шықты. Сондай-ақ, 25 студент пән олимпиадасы жеңимпазы, 4 студент Президент, 3 студент Әлишер Наўайы, 3 студент Улуғбек, 6 студент Беруний, 22 студент Бердақ, 2 студент Өзбекстан жаслар аўқамы стипендиясы жеңимпазы, 2 студент «Мард ўғлон» ҳәм 3 студент Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық ийелери болды. Усы жылы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы қасындағы «Жаслар парламенти» ағзалары қатарынан университеттиң  7 студенти орын алды.

Әлбетте, келешегимиз ийелери болған жаслардың пуқта билим алып, мәмлекетимиз ушын зәрүрли қәнигелер болып жетилисиўи ушын алып барылып атырған ылғаллы жумыслар еле де аўызбиршилик пенен даўам еттирилип, бул бағдардағы жетискенликлер болса ҳәмийше ел-журт хызмети жолында пидайылық пенен мийнет етиўге талпындырады.

А.Реймов,

Бердақ атындағы ҚМУ ректоры,

профессор Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеңесиниң депутаты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF