Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:34:54, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИЙГИЛИКЛИ  БАСЛАМАЛАР — ТУРМЫСЫМЫЗДЫҢ  АБАДАНЛЫҒЫ  УШЫН

Инсан өмир сүрер екен, өмирден разы болып жасаўға ҳақылы. Бул мәмлекетимизде алып барылып атырған  реформалардың тийкарғы бағдары.

Мәмлекетимиз басшысы Ш.Мирзиёев ҳәр бир шығып сөйлеўлеринде,  селектор мәжилислеринде елимиз тәғдирин белгилейтуғын жаслар тәлим-тәрбиясына, шаңарақ, ҳаял-қызлар мәселелерине үлкен итибар қаратады. Жақында 2-октябрьде республикамыз Жоқар­ғы Кеңесиниң гезексиз сегизинши сессиясына қатнасып аймақтағы ири жойбарлар, алып барылып атырған қурылыс жумыслары менен танысты ҳәм Қарақалпақстанда барлық тараўларды жедел  раўажландырыў бойынша келеси үш жылға мөлшерленген он тийкарғы бағдарды белгилеп берди. Усы бағдардың бири жаслар ҳәм ҳаял-қызларды қоллап қуўатлаўға қаратылған. Бул әҳмийетли бағдарда қандай жумыслар әмелге асырылыўы мүмкин! Усы мазмунда Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары Мәрьям Ахмедова менен гүрриңлестик.

— Мәрьям Халилаевна! Гүрриңлесиўимизди Мәмлекетимиз басшысының бәрқулла еслетип ҳәм талап етип қоятуғын мына  пикири менен басласақ мақул болар. Ҳәр бир басшы халықтың дәртин тыңлап машқалаларына шешим табыўды биринши мақсеттеги ўазыйпа етип қояды. Республикамыз ҳаял-қызларының басшысы сыпатында бул  бағдардағы алып барған  жумысларыңыз ҳаққында айтып  өтсеңиз.

— Шаңарақтың беккемлиги, аўызбиршилиги — ақыл-парасатлы, билимли, тәрбиялы ҳаял-қызларымызға байланыслы. Бундай ҳаял қызларымыз көп болыўы ушын биринши гезекте келешек аналарымыз болатуғын қызларымыздың тәлим-тәрбиясына бийпарқ болмаўымыз керек. 1-октябрь — муғаллимлер ҳәм устазлар күнине бағышланған салтанатлы  мәресимде мәмлекетимиз Президенти Ш.Мир­зиёев  мәмлекетлик ғайраткер И.Гандидиң «Бир қыз баланы оқытсаңыз, пүткил бир шаңарақты оқытқан боласыз» деген пикирин жүдә орынлы келтирди. Тәрбиялы, ақыллы, билимли ана бар шаңарақта аўызбиршилик те, берекет те болады. Бундай шаңарақта камал тапқан перзентлер ертеңги жарқын келешегимиз.

Биз қайсы шаңараққа кирип барсақ та олардың дәртин тыңлаўды, шешимин күткен машқалаларында кеңесгөй, жәрдемши болыўды баслы мақсетимиз етип алға қойғанбыз. Усы жыл басында Президентимиз басламасы менен кәмбағалшылықты  нәтийжели усыллар менен азайтыў мақсетинде ҳәр бир секторда «Темир дәптер» атамасы менен шаңарақлардың машқалалары үйренилди. Жасаў шараяты төмен, бағыўшысынан айы­рыл­ған, дәраматы жеткиликсиз, жәрдемге мүтәж шаңарақлар дизимге алынып бир қанша жумысларды әмелге асырыўға еристик.

Жасларды турмысқа таярлаў, тәрбиясы аўыр, тыныш емес шаңарақ перзентлери ҳәм олардың ата-аналары менен системалы ислесиў, ерте турмыс қурыў ҳәм ерте туўыўдың алдын алыў ҳәм басқа да мәселелерде «Жол картасы» ислеп шығылды. Бул арқалы әмелий жумыслар үзликсиз алып барылып атыр.

386 аўыр турмыс шараятында жасап атырған ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленди. Исбилерменлик, өнерментшилик, тоқыўшылық ҳәм басқа да жумысларды баслаўда оларға жәрдемлер көрсетилди, қысқа оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Сондай-ақ, 96 ҳаял-қызлардың турақ жай алыўы ушын «Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў» мәмлекетлик мақсетли қоры тәрепинен басланғыш төлемлери төлеп берилди. Булардың шаңарақ дәраматлары жеткиликли болыўы ушын бәнтлигин тәмийинлеў мәселелеринде жәрдем берилип атыр.

Усы жылдың 20-август күни пүткиллей жаңа системаға жаңа тәртип ҳәм усыныслар тийкарында халықтың социаллық искерлигин асырыў мақсетинде өткерилген видеоселектор мәжилисинде мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы менен «Темир дәптер» сыяқлы кем тәмийинленген, бағыўшысынан айырылған, жумыссыз ҳаял-қызлардың дизимлери тийкарында «Ҳаяллар дәптери» шөлкемлестирилди. Олар арасында сораўнамалар өткерилип шаңарақ шараятлары, социаллық аўҳаллары, имканиятлары, қызығыўшылықлары анықланды. Солай етип «Ҳаяллар дәптери»не республикамыз бойынша 8409 ҳаял-қызлардың дизими киргизилди. Олардың 1657си кәмбағал-дәраматы жеткиликсиз, 3750 ҳаял-қызлар социаллық қорғаўға мүтәж, 1093 бағыўшысын жоғалтқан ҳәм басқа да жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар. Бул дәптерге кирген ҳаял-қызлардың турмыс шараятлары үйренилгеннен соң республикамыздың барлық ра­йон, қала сектор басшыларына, кәсиплик шөлкемлер бирлеспелерине, «Өнермент», «Тадбиркор аёл», «Ҳаял-қызлар исбилерменлик орайлары»на усыныслар билдирилип әмелий жумыс алып барылды. 831 ҳаял-қызларға кредит қаржыларын алыўға жәрдемлесилди. Жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша мәнзилли ис реже ислеп шығылды. Усы бағдарда 3957 ҳаял-қызлар жумыс пенен тәмийинленди. Бул көрсеткиш 47 процентти ғана қурайды. Бизиң алдымызға қойған мақсетимиз — бирде-бир шаңарақтың кәмбағал болып қалмаўына ерисиў. Бул ушын шаңараққа киретуғын дәраматы жеткиликли болыўы ушын тийкарғы жумыс дереклерин таўып бәнтлигин тәмийинлеўимиз шәрт.

Жақында 2-октябрьде Мәмлекетимиз Президенти Ш.Мирзиёевтиң республикамызға болған сапары даўамында ҳәм Республика Жоқары Кеңесиниң гезексиз VIII сессиясында аймақты жедел раўажландырыў бойынша пикир ҳәм усыныслар билдирилип, олардың орынланыўы бо­йынша бағдар берилди. Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бо­йынша билдирилген усыныслар ҳаққында...

— Орынлы пикир. Мәмлекетимиз басшысының республикамыз ҳаял-қызларын қоллап-қуўатлаў бойынша билдирген усыныс ҳәм пикирлерин халықтың кең қатламына жеткериў бойынша баспасөз, телевидение, радио еситтириўлеринде көрсетиўлер арқалы, брифинглер шөлкемлестириўди мақсет еткенбиз.

Бул билдирилген басламалар, алға қойған жумысларымыздың режеси  әллеқашан дүзилди ҳәм биз жумысты баслап жибердик.

Усы жылдың ақырына шекем 13104 жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленеди.  Солардан 8066 ҳаял-қызлар ҳақы төленетуғын жәмәәтлик жумысларға тартылады.

Буннан басқа банклер тәрепинен 15 процентли жеңилликли кредитлер ажыратыў арқалы 73 ҳаял-қызлардың өнерментшилик тараўында шаңарақлық исбилерменлик жумысларын баслаў ҳәм жүргизиў ушын жәрдем көрсетиўди алдымызға мақсет етип қойдық. Сектор басшылары менен биргеликте социаллық қорғаўға мүтәж  болған 541 ҳаял-қызлардың жасаў шараятларын жақсылаў илажлары көрилди. Сондай-ақ, турақ жайға мүтәж 122 ҳаял-қыз­ларға турақ жай ажыратылады. Бул келеси жылы улыўма халықлық байрамлар қарсаңында тапсырылыўы режелестирилген. Соннан 96 ҳаял-қызлардың турақ жайлары ушын басланғыш төлемлер төлеп бериўге «Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў» мәмлекетлик мақсетли қоры ҳәм «Мәҳәлле» қайырқомлық қоры тәрепинен қаржы ажыратылады.

Исбилерменлик жумысы менен шуғылланыў нийетинде болған 677 социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызлар мийнет базарында талап күшли болған кәсип өнерге қайта таярлаў бойынша оқыў курсларында оқытылады.

Соның менен бирге зәрүр шаңарақлардағы мийнетке жарамлы ҳәм қолында өнери бар, лекин майып перзентлерин тәрбиялап атырғанлығы себепли жумыссыз отырған 180 ҳаял-қызларға заманагөй тигиў машиналары, алыс аймақларда аўыр турмыс шараятында жасап атырған майыплығы бар 300 ҳаял-қызларға турмыслық техникалар жеткерип бериледи.

Социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм майыплығы болған 191 ҳаял-қызлар майыплық арбашасы, еситиў қурылмасы, бас­қа да реабилитация қураллары менен тәмийинленеди ҳәм медициналық жәрдемлер көрсетиледи.

Шаңарақлардың беккемлигин асырыў мақсетинде ҳәр шеректе «Шаңарағым бахты  өз қолымда» айлығы  өткериледи ҳәм тыныш емес, ажырасыўға келип қалған шаңарақлар машқалалары район, қала ҳәкимлери басшылығында үйренилип, тийисли илажлар алып барыў системасы жолға қо­йылады.

«Абат шаңарақ», «Абат көше» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде 6315 ҳаял-қызлардың турмыс шараятларын жақсылаў илажлары көриледи. «Өз бизнесиңди басла ҳәм раўажландыр», «Ҳаял-қызлардың ең алдыңғы бизнес-жойбары» онлайн таңлаўларын шөлкемлестириў жолға қойылады. Булардың барлығы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлардың турмыс шараятын жақсылаўға хызмет етеди.

— Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет!

Республикамыз ҳаял-қызларының  аўырын жеңил етиўде исенген арқа сүйер таўы ­ жетекшилик жумысларыңызда табыслар тилеймиз.

Мәмлекетимиз басшысының республикамызға сапары, билдирген усыныслар, көрсетилген l0 бағдарда алып барылатуғын жумыслар қарақалпақ диярында жасаўшы ҳәр бир инсанды толқынландырып, руўхландырыўшы күш болып, ертеңги күнимиздиң айдын жолын белгилеп береди. Бул алып барылатуғын жумыслар, көрсетпелер — барлығы хал­қымыздың жақсы шараятта жасаўы ушын турмыс абаданлығында ийгиликли басламалар болып хызмет етеди.

Гүрриңлескен:

Б.КАРАМАТДИНОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF