«ВАҚФ» ҚОРЫНЫҢ ҚАЙЫРҚОМЛЫҚ ИЛАЖЫ
Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы тәрепинен өткен шемби күни «Ғамқор болайық!» қайырқомлық акциясы өткерилди.
«Имам ийшан Мухаммад» жәмәәтлик мешитинде болып өткен илажда Нөкис қаласынан бағыўшысынан айрылған 40 жетим балаға азық-аўқат өнимлери тапсырылды. Буннан тысқары, барлық районнан 160 балаға да усындай азық-аўқат өнимлери бериледи. Буның ушын қордан 15 миллион, қәўендерлер есабынан 5 миллион сум қаржы ажыратылды.
— Кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақлардан хабар алыў халқымызға тән ағла пазыйлетлерден бири,-дейди «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Исламбек Тажетдинов. — Акцияның тийкарғы мақсети, бүгинги сынаўлы күнлерде бағыўшысынан айрылған жетим балаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, азда болса олардың кеўиллерин көтериў болып табылады.
Усы күнниң өзинде азық-аўқат өнимлери республикамыздың барлық районларына жеткерилип берилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.