ПИЛЛЕ ЖЕТИСТИРИЎДЕ АЛДЫНҒЫ ТӘЖИРИЙБЕ
Соңғы жыллары Беруний районы пиллекешлери тараўда жоқары көрсеткишлерге ерисип келмекте. Усының нәтийжесинде пиллешилик пенен шуғылланыўшы жумысты үйге бөлип алыўшылардың қатары көбейип бармақта.
Райондағы «Ибн-Сино мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Наргүл Алламова тәжирийбели пиллекешлерден бири есапланады. Дерлик 20 жылдан бери усы тараў менен шуғылланып келмекте. Биринши мәўсимде апрель айында пилле қуртын жетистириўди баслаған болса, екинши мәўсим июль айында басланды ҳәм октябрь айында өнимди жыйнаў жумыслары басланды. Бүгинги күнге шекем 80 килограмм пилле тапсырды. Ҳәр бир килограмы ушын 20400 сумнан нақ пул төлеп берилмекте. Пандемия дәўиринде пиллешилик қосымша дәрамат дәреги болмақта.
— Тараўға қаратылып атырған айрықша итибар нәтийжесинде пиллешилик раўажланып бармақта,-дейди «Беруний агропилле» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Мухаббат Аннамуратова. — Быйылғы жылы 1635 жумысты үйге бөлип алыўшы менен шәртнама дүзилген болса, соннан 1200и ҳаял-қыз, 125и жаслардан ибарат. Олардың 18и жумысты үйге бөлип алып ислеўши «темир дәптер»ге кирген шаңарақ ағзалары болып есапланады.
Быйылғы жылға белгиленген 135 тонна пилле жетистириў режеси артығы менен орынланған болса, кейинги жетистирилген өнимнен және 10 тонна өним тапсырылды. Алдынғы пиллекешлер мәўсимде 7-8 миллион сум әтирапында дәрамат алыўға еристи.
Ҳәр бир пиллешилик пенен шуғылланыўшыға жумысты шаңарақлық бөлип алыўшы сыпатында бир гектарға шекем тутзар тәжирийбе сыпатында берилди. Быйылғы жылдан баслап тут жапырақлары да жыйнап алынып, инвестор тәрепинен сырт елге экспорт етилмекте.
Қол мийнети менен жетистирилген пилле жәҳән базарында сапасы жағынан жоқары баҳаланады. Берунийли пиллекешлер тәрепинен мәўсимде еки-үш мәрте өним алыў тәжирийбеси ҳәр тәреплеме өзин ақламақта.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.