АЎЫЛ ЖАСЛАРЫНЫҢ ТУРМЫСЫ ҮЙРЕНИЛДИ
Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары, ӨзЛиДеП фракциясының баслығы Актам Хаитов Республика жумысшы топары менен Әмиўдәрья районында болып, белсенди жаслар менен ушырасты.
Спикер орынбасары елимиздеги жасларға қаратылған итибар, соңғы үш жылда тараўларда әмелге асырылған өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар туўралы мағлыўматлар берип, жаслар мәселеси мәмлекетлик сиясаттың ең әҳмийетли бағдарларының бири екенлигин, мәмлекетимизде жаслардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, оларға зәрүр шараят ҳәм имканиятларды жаратыў бойынша беккем ҳуқықый база жаратылғанын атап өтти.
Республикамызда Жаслар парламентиниң шөлкемлестирилиўи, Жаслар ислери агентлигиниң дүзилиўи бул бағдардағы жумысларға жаңа көз-қарас пенен қараўға, және де көбирек ҳәрекет етиўге мүмкиншилик жаратпақта. Президентимиздиң БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясындағы шығып сөйлеген сөзинен келип шығатуғын ўазыйпаларға да тоқтап өтилип, жаслардың белсендилигин еле де арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.
Ушырасыўда жаслардың пикир-усыныслары тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды. Белсенди жасларға естелик саўғалары тапсырылды.
Cоң Спикер орынбасары райондағы бир қатар исбилерменлик субъектлери, фермер ҳәм қыйтақ жер ийелери менен ушырасып олардың жумыслары менен танысты.
— Жумыс баслағанымызға еки жылдан асты,-дейди «Тамара-текстиль» ЖШЖ баслығы Тамара Юсупова. — Банктен 350 миллион сум жеңиллетилген кредит алып кәрхана жумысын басладық. Кәрханадағы үскенелер Қытайдан алып келинди. Ҳаял-қызлар ҳәм балалар ушын кийимлер тигемиз. Атап айтқанда, кәрханамызда мектеп формалары, жемпир, тақыя, шарф, ҳаял-қызлар ушын көйлеклер тигилмекте.
2018-жылы үш қыз бенен жумыс баслаған болсам, жумыс көлеминиң кеңейиўи менен ҳәзирги ўақытта жумысшылар саны 15ке жетти. Олардың көпшилигин жаслар қурайды. Өнимлеримиз тийкарынан ишки базарда, сондай-ақ, Хорезм ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласына сатылмақта.
Жумысшы топар ағзалары кәрханада жетистирилип атырған өнимлердиң сапасы, экспортқа шыдамлылығын атап өтип, жумысшылардың пикир-усынысларын тыңлады.
«Әмиўдәрья қыйтақ жер хызмети кластери» ЖШЖ тәрепинен материаллық-техникалық базасын беккемлеў, жумысларын және де кеңейтиў ҳәм халықтың қыйтақ жерлерин өз хызметлери менен қамтып алыў дәрежесин арттырыў, экспортқа мөлшерленген өнимлерди көбейтиў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Спикер орынбасары усы жәмийет ҳәм бир қатар қыйтақ жер ийелери менен де ушырасып, тараўды раўажландырыў ҳәм сол арқалы халықты сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, сондай-ақ, экспорт көлемин және де арттырыў бойынша пикир алысты. Жерден жылына үш мәрте өним алыў бойынша район дийқанларының тәжирийбеси мол екенлигин айрықша атап өтти.
Атап өтилгениндей, районда қыйтақ жерлерден өнимли пайдаланыўды шөлкемлестириў жумыслары жедел алып барылмақта. Улыўма баҳасы 4,8 миллиард сумлық жойбар шеңберинде 15-17 мың шаңарақ қамтып алынады. Тийкарғы мақсет — дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерине ажыратылған жерлерден нәтийжели пайдаланыў, аўыл халқының бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм турмыс дәрежесин арттырыў болып есапланады.
Ушырасыўларда қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланып, әмелге асырылыўы зәрүр болған жумыслар белгилеп алынды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.