ЖУРТЫМЫЗ АБАТЛЫҒЫ ЖОЛЫНДА
«Ташкентте болған жаңаланыўлар Нөкисте де болыўы керек!»
Президентимиз тәрепинен айтылған бул сөзлер қарақалпақстанлылардың қәлбинде қуўаныш, үмит ҳәм ертеңги күнге деген исеним сезимлериниң толып-тасыўына себеп болды ҳәм қызғын қол шаппатлар менен күтип алынды.
Өзбекстан Президенти қатнасыўындағы Қарақалпақстан Жоқарғы Кеңесиниң нәўбеттен тысқары сессиясы болып өтетуғын жерден қурылыста ислеп атырған жүк көтериў краны көринип турар еди. Сол пайыт көз алдымда Нөкисте бой тиклеген имаратлар сәўлеленди. Мине, өзиниң көргизбелер залында жәмленген әжайып сәният дөретпелери менен дүньяға белгили болған Савицкий атындағы көркем өнер музейи комплексиниң көркем келбети, әтирапында адамлар ҳәм туристлер пайда болды. Қапталындағы майданда көклерге бой созған флагштокларда мәмлекетимиз белгиси болған байрақлар самал менен жарысқа түскендей тынымсыз желбирейди. Кейинги үш жылда Қарақалпақстанда алып барылған бундай қурылыс, көркемзарластырыў ислериниң санағы жоқ, десем исене бериң!
Президентимиз де, өз сөзинде Қарақалпақстанда жаңаланыўлар даўам ететуғынлығын атап өтти. Қарақалпақстанда районлардың ҳәр биринде «өсиў ноқаты» етип еки тийкарғы жөнелис белгиленди ҳәм сол жөнелис бойынша исбилерменлик пенен шуғылланыўшы субъектлер 3 жылға шекем ҳәр түрли салықлардан азат етиледи. Бул өз нәўбетинде исбилерменлердиң қосымша дәраматы артыўына, жаңа жумыс орынларын жаратыўға имкан береди.
Президентимиз Қарақалпақстанды және де абат етиўге бағдарланған усыныслары елдиң халық хожалығының дерлик барлық жөнелислерин өз ишине қамтыйды. Мәселен, 45 аўыл ҳәм аймақларды абаданластырыў, жоллар, ишимлик суў, газ ҳәм электр тармақларын қурыў ҳәм жаңалаў, инфрасистемалар жаратыўға уқсаған ислерден тысқары денсаўлықты сақлаў, жоқары билимлендириў, мәденият ҳәм әдебият тараўлары да Президентимиз нәзеринен шетте қалғаны жоқ.
Ташкенттеги «Адиблар хиёбони» нда естеликлери орнатылған дөретиўшилерден тысқары қаншадан-қанша Қарақалпақ жазыўшы-шайырлары дөретиўшилик етип, изинде өзинен бай мийрас қалдырған. XVIII-XIX әсирде жасаған Жийен жыраў, Күнхожа, Әжинияз, Омар, Өтеш, Аббаз Дабылов, Садық Нурымбетов, Тилеўберген Жумамуратов ҳәм басқа да онлап шайыр-жазыўшылар, 100 томлық Қарақалпақ фольклоры, бүгинги күнде жасап дөретиўшилик етип атырғанлардың ең сара шығармаларын «Қарақалпақ әдебияты дүрданалары» рубрикасы астында өзбек тилине аўдармалап басып шығарыў, Өзбекстан қаҳарманы, Өзбекстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновтың Нөкис қаласында үй музейин шөлкемлестириў бойынша усыныслар биз дөретиўши қәўимин жүдә толқынландырды.
Өткен жылы август айы ақырларында Қарақалпақстанға еткен сапары пайтында Президентимиз көпшилик пуқаралардың мүрәжатына жуўап ретинде аймақтың бир шетинде жайласқан Бозатаў районын қайта шөлкемлестириў ҳаққында хабарлаған еди. Бир пайытлар заманагөй коммуникациялардан жырақ деген бәне менен жабылған, соң район халқы ҳәр тәрепке көшип кете баслағанда сөнип атырған үмит қайта жанланып, адамлар бул хош хабарды үлкен шадлық пенен күтип алғанларын еле умытпадым. Бир жыл даўамында Бозатаў районында әмелге асырылған жумыслар тәрийпи өз алдына. Шарўашылыққа қәнигелестирилген районда жаңа кәрхана иске түсирилип, бир қатар жаслар, ҳаял-қызлар жумыс пенен тәмийинленди. Район ҳәкиминиң айтыўынша, шет елден мыңлап бас қарамаллар, қой-ешкилер алып келинген. Район орайында қараўсыз қалған имаратлар, инфрасистема қайта тикленген.
Район халқы ўәкиллери менен Президентимиздиң онлайн сәўбетлесиўи жыйналғанларды толқынландырып жиберди. Бозатаўлы нураный «Ҳүрметли Президент, Бозатаўға шайыр Әжиниязды қайтардыңыз. Бозатаўға елди қайтардыңыз!» деди. Бул халықтың жүрегинен қайнап шыққан гәплер екенлигин аңлаў қыйын емес. Әсиресе, Бозатаўлы жаслар жетекшисиниң отлы сөзлери Президентимизди де толқынландырып жиберди ҳәм Бозатаў районында жаслар фестивалы ҳәм дөретиўши жаслардың турақлы семинарын шөлкемлестириў усынысын илгери сүрди ҳәм бул усыныс адамлар тәрепинен қызғын күтип алынды.
«Аққан дәрья ақпай қалмас» екен. Өзиңизге мәлим, буннан еки-үш әсир илгери қарақалпақлардың ески мәканы болған Бозатаў әтирапларынан ҳәр қыйлы себеплерге көре ел көшип кетип, боз жерлер ҳәм жүз мыңлап гектарлар ийесиз ҳалатқа түскен еди.
Әжинияз шайырдың: «Жер ҳәм ел биландур, ел ҳәм жер билан,
Жерсиз елдиң күни дәрбедәр билан» дегениндей, бир-биринен айра түскен жер менен ел табысып, қутлы мәкан, абат елге айланбақта. Буны ҳәр бир бозатаўлының көзиндеги разылық сезимлеринен аңласа болады. Әжинияз бабамыздың еки әсирлик әрманлары әмелге асты. Қуда қәлесе, жүз жыллық тораңғыл саялары астында жаслар тилинен Әжинияз лирикасын тыңлайтуғын күнлер жақын.
Президент сөзлеринен жан дәптериме түсирип үлгерген Қарақалпақстан елин абат етиўге, халық разылығы жолында ислениўи керек болған ислерди сәўлелендириўши сан ҳәм фактлер талайғана. Олар арасынан Ташкент қаласында «Бозатаў» деп аталған арнаўлы дүкан қурып, онда Бозатаў районында жетистирилген гөш, қайта ислеў берилген сүт өнимлерин сатыў, сол районда 5 қабатлы турақ жайлар ҳәм санаторий, Мойнақта туристлик зона қурыў, боян тамырын қайта ислеў арқалы қосымша қунға ийе болған өнимлерди экспортқа шығарыў, 2030-жылға келип 5 районды шарўашылыққа қәнигелестириў, пахта шийки затын жетистириўди толық кластерге өткизиў мәселелери бойынша көрсетпелер орын алған.
Жақын жылларда Қарақалпақстанда жәҳәнге белгили улама Беруний бабамыз туўылғанлығының 1050 жыллығын белгилеў мүнәсибети менен Беруний районында музей, Нөкисте 100 орынлы ана-бала емлеўханасын қурыў, опера ҳәм бақсышылық мектебин иске түсириў, фестивальлар шөлкемлестириў, спорт шайдаларын қызықтырыў, футболшыларымызды жаңа шоққыларға талпындырыў мақсетинде «Арал» футбол клубын жоқарғы лигага өткериў ҳаққында Президент сөзлери алғыслар менен күтип алынды.
Президентимиз буннан илгери 1-октябрь — Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен елимиз зыялыларына жоллаған қутлықлаўында Өзбекстанда үшинши ренессанс дәўирин жаратыў бас мақсетимиз болыўын билдирген еди. Қарақалпақстанда болса елди абат мәканға айландырыў жолында Президент тәрепинен белгиленген барлық режелер бәрше тараўларда ренессансқа ерисиў ушын нық қәдем болды, десек асыра айтқан болмаймыз.
Кеңесбай КАРИМОВ,
Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамы баслығы,
Қарақалпақстан халық жазыўшысы.