Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:47:30, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СӘНИЯТ  ШАЙДАСЫ

Үлкен таўлар киши таслардан қурал­ған. Айбатлы теңиз де дәрьялардан күш алады. Инсанлар да үлкен жетискенликлерге турақлы ҳәм тәртипли түрде еткен мийнетлери нәтийжесинде ериседи.

Бул орында тәртип-интизам, мейтин сабыр-тақат, өмирде өзи таңлаған жолға (кәсип-өнерге) деген терең сүйиспеншилик күтә зәрүр. Бул ҳақыйқатты Қаллибек Мухаммеддинов ата-апасы — елимизге белгили  көркем өнер ғайраткерлери, «Эл-юрт ҳурмати», «Меҳнат шуҳрати» орденлери ҳәм қатар мәмлекетлик сыйлықлар ийеси Нажиматдин Мухаммеддинов ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери Абадан Сапарова, ата-анасы — мәденият тараўы жан­күйерлери Султан Мухаммеддинов пенен Гүлмира Сабиржанова мысалында көрип, өзи де инсан қәлбине балалықтан сиңдирилген пазыйлетлер оның келешек жолын белгилеп беретуғынлығын әмелде дәлилледи.

— Гейде қуўанышыңды, толқынланыўыңды сөз бенен жеткериў қыйын. Сондай жағдайларда инсанды ишки бир күш ҳәрекетке келтиреди. Бул сондай ҳәрекет онда инсан руўҳыяты өз сәўлелениўин табады. Ойын — қосық-сазға оранған гөззаллық. Мени де бул сәният өзине шайда еткен. Ең дәслеп үлкен саҳнаға ойын өнери менен шыққанман. 2010-жылы бир топар жигит-қызлар улыўмахалықлық Наўрыз байрамында «Сүннет той» аяқ-ойынын атқарғанбыз. Лекин, бәрибир кеўлим жай таппаған. Өзимди түрли жөнелислерде сыннан өткериўди қәлегенмен. Пайтахтымыздағы 1-санлы Есжан бақсы атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде саз шертиўди үйренген болсам, Нөкис мәденият ҳәм көркем-өнер колледжинде (ҳәзирги Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектеби) хор дирижёры қәнигелигинде тәлим алдым. Түрли саз әсбапларын шертиўди, аяқ ойынларды үйрендим. Кеўлимде жаңадан-жаңа арзыўлар қайта туўыла берди. Атам менен апам жазған намаларға қосық айтыў нийети ҳеш тынышлық бермей, қосықшылыққа да қол урдым...

Жигит болсаң шоқ бол! Қаллибек пенен сәўбетлесип, күш-қуўат, илҳам-йошқа толы жаслықтың келбетин көргендей болдық. Француз халқының уллы актёры Жан Тебен: «адам баласы екиге бөлинеди: биреўи бирден адам болып кетеди, екиншиси өмиринше бала болып қалады. Мен екиншиси болып қалдым. Адам бала гезинде ҳәмме нәрсеге қызығады. Ол актёр да болғысы келеди, кинода да ойнағысы келеди, шайыр художник, композитор, лётчик болғысы да келеди. Мен азғантай болса да бәрин де болып үлгердим» деген. Бала қәлбине мәртлик тән. Бала кеўлинде гирбиң жоқ. Балалықтағы отлы қызығыўшылық қәбилетин сөндирмей, тек ғана алға талпынып атырған қаҳарманымыз, келешегинен үлкен үмит күттиретуғын жаслардан. Әлбетте, изленислер изсиз кетпейди. Қаллибек 2015-жылдан баслап миллий эстрада бойынша Республикалық түрли байрам, кешелерде өз дөретиўшилиги менен қатнасып келмекте. 2017-жылы оқыўын даўамлаў мақсетинде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына ҳүжжет тапсырып, сынақлардан жоқары нәтийжелер менен өтип, мәмлекетлик Грант тийкарында студентлик бахтына еристи. Биринши басқыш пайтынан-ақ, оқыўына қоса жәмийетлик жумысларға да белсене араласа баслады. Институтта өткерилген түрли кеше ҳәм концертлерге қатнасып, өз қәбилетин жетилистирип барды. 2019-жылы 15-18-ноябрь аралығында Казақстан Республикасының Алма-ата қаласында болып өткен IV халықаралық көп жанрлы «ГЛОРИА» таңлаўында эстрада жөнелисиниң вакал жанры бойынша (сөзи: Алтынгүл Өтениязова, намасы: Нажимаддин Мухаммеддинов) «Ўатан сениң топырағыңнан» қосығы менен қатнасып, сыйлы биринши орынды жеңип алды. 2020-жылы февраль айында Россия Федерациясының пайтахты Москва қаласында болып өткен III халықаралық «Восточный базар» яғный «ТЮБЕТЕЙКА» атлы таңлаўға (сөзи: Гүлнара Нурлепесова, намасы: Абадан Сапарова) «Сәўкеле» қосығы менен қатнасып, биринши орынды қолға киргизди. 1-15-сентябрь аралығында Германияның Берлин қаласында III халықаралық «German talents» онлайн таңлаўында Қаллибектиң атқарған «Қарақалпағым» қосығы (сөзи: Алпысбай Султанов, намасы: Қәдир Ҳилалов) және бир мәрте биринши орынға мүнәсип табылды. Қаллибекке Өзбекстан ҳәм Карақалпақ­станға хызмет көрсеткен артист Махсет Өтемуратов өз қосығын атқарыўға руқсат берип, оған үлкен исеним билдирген еди. Бул ушын Қаллибек устазынан жүдә миннетдар екенлигин мақаламыз арқалы жеткерип қойыўымызды соранды.

Жақында болса және бир қуўанышлы хабар тарқалды. Қаҳарманымыз 19-30-сентябрь аралығында Туркия мәмлекетинде II халықаралық көп жанрлы «ТУРЕЦКИЕ УЗОРЫ» таңлаўына қатнасып, әўмет күлип бағып, жеңимпаз болыпты. Өзбекстанға хызмет көрсеткен журналист, шайыр Алтынгүл Өтениязова сөзине, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық лау­реаты Айжамал Төремуратова намасына жазылған «О туўған Жер» қосығын онлайн тәризде, жанлы ҳаўазда кәмине келтирип атқарып, ҳәр сапарғыдай биринши орынды қолға киргизипти.

— Азлы-көпли табысларға ерисиўимде ата-апам, ата-анам ҳәм устазларым — Өзбекстанға хызмет көрсеткен артист Айгул Надирова, Өзбекстанға хызмет көрсеткен жаслар устазы Аяпберген Алланов солар қатары София Тажетдинова, Сабира Кенжебаева, Сановар Романова, Ықлас Мояновлардың хызметлери үлкен, - дейди Қаллибек. — Мектепте ҳәм колледжде де тәлим-тәрбия берген бәрше устазларымнан миннетдарман. Исенимди ақлаў жолында тынымсыз ҳәрекеттемен. Аңлағаным: қай жерде искерлик көрсетпейик, бизди еки қаракөз гүзетип турады. Ең үлкен устаз, ең үлкен төреши бул — халық. Ол бизди тәрбия­лайды. Дөретиўшилерди, керек болса қаҳарманларды жаратады. Усы халық хызметинде шайыр ағамыз айт­қанындай «аяғымды қолға алып, басым менен жумалайман»!

Сөз де, нийет те кеўилде туўылады. Тийкарғысы, кеўилге қулақ салыўымызда. Кеўлимиз бизди ең туўры жол­ға баслайды. Нийетиң жолдасың болсын, Қаллибек!

Несибели МАМБЕТИРЗАЕВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF