Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:54:54, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАШҚАЛАЛАРДЫ БИРГЕЛИКТЕ ШЕШИЎИМИЗ ТИЙИС

Өзлериңизге мәлим, усы жыл 2-октябрьде Өзбекстан Президенти Ш.М.Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессиясында қатнасып алдымызда турған бир қанша мәселелерге айрықша тоқтап өтти ҳәм бир қатар әҳмийетли жөнелислерди белгилеп берди.

Усыған байланыслы, Арал маш­қаласының унамсыз тәсирин жумсартыў ис-ҳәрекетлери төртинши әҳмийетли жөнелис ретинде белгиленди.

Кейинги жылларда мәмлекетимизде қоршаған орталықты қорғаўға қара­тыл­ған экологиялық сиясат әмелге асырылмақта.

Журтбасшымыздың Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 75-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде, соңғы жылларда мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалар ҳәм олардың әмелге асырылыўы, бар болған машқалаларымыз өз шешимин таўып атырғанлығы, өз раўажланыў стратегиясына ийе мәмлекетимиздиң жедел түрде дүнья менен теңлесиўге қарай өзине исенимли қәдемлери айқын мысалларда келтирип өтти.

   Әсиресе, БМШ Бас Ассамблеясының бул сессиясында да «Дәўиримиздиң қыйын мәселелеринен бири — глобал ықлым өзгерислери болып табылады. Бүгинги күнде ҳәр бир мәмлекет бул процесстиң унамсыз тәсирин сезбекте. Тилекке қарсы, бундай өзгерислер Орайлық Азияның раўажланыўына да үлкен қәўип туўдырмақта. Аралбойы аймағы — экологиялық апатшылық орайына айланды», деген сөзлери буны тастыйықлап тур.

Ҳақыйқатында да, Мойнақ районындағы реформалар процесслерин бүгин тек ғана жерлеслеримиз емес, ал, дүнья таңланыў ҳәм ҳәўес пенен бақлап атыр.

Бүгинги Мойнақ районы танып болмас дәрежеде көркеймекте.

Ҳәммеге мәлим, ел басшымыз 75-сессияда «Аралбойы регионын — экология­лық инновация ҳәм технологиялар аймағы» деп жәрия­лаўы ҳаққында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясын қабыллаў усынысын билдирди. Усы ҳүжжет тас­тыйықланған сәнени болса Халықаралық экологиялық системаларды қорғаў ҳәм  тиклеў күни ретинде белгилеў мақсетке муўапықлығын айтып өтти.

  Журтбасшымыздың усындай жанкүйерлигинен, оның экологиямызды сақлаў ушын ислеп атырған ис-илажларын басшылыққа ала отырып бизиң партиямыз да экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаўдағы маш­қалаларды шешиў ушын умтылмақта. Пикиримиздиң дәлийли сыпатында кейинги үш жыл даўамында Арал теңизиниң қурыған ултанларын тоғайзарлыққа айландырыў жумысларына белсене қатнасып келмекте. Экология саласында халық­аралық ҳәм де жергиликли шөлкемлер менен биргеликте ҳәр түрли жойбарлар үстинде  жумыс ислесип атырмыз. Халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў бойынша да партиямыздан сайланған депутатларымыз белсендилик көрсетпекте. Халық арасында экологиялық мәде­ниятты асырыў мақсетинде  эко акциялар, таңлаўлар шөлкемлестирилмекте.

Президентимиз 2020-жыл 29-сентябрьде «Турмыс ҳәм қурылыс шығындылары менен байланыслы жумысларды басқарыў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 4845-санлы қарарға қол қойды. Биз бул қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, сис­темада мәмлекет жеке шерикшиликти жолға қойыў ҳәм де әмелдеги кәрхана­ларға жаңа техникалар сатып алыў ҳәм шығынды жыйнаў пунктлерин көбейтиў есабынан 1-сентябрь жағдайына  мәҳәлле пуқаралар жыйынларын турмыслық шығындыларын топлаў ҳәм алып шығып кетиў хызметлери менен қамтып алыў дәрежеси 288 болып, 70 процентти қурайды.

2021-жыл 1-январь жағдайына 350 ге 85 процент, 2021-жыл 1-июль жағдайына 356 ға 88 процент ҳәм 2022-жылдың 1-январь жағдайына 412 мәҳәлле пуқаралар жыйынларын қамтып алып, бул 100 процентке жеткизиледи ҳәм де бул өз гезегинде халықтан қатты турмыслық шығындыларды алып шығыў ҳәм оларды арнаўлы полигонларға жай­ластырыў жумысларының және де жақсыланыўына әтирап орталықтың шығындылар менен патасланыў дәрежесин кемейтиўге ерисиледи. Соның менен бирге, Европа раўажланыў ҳәм тиклениў банки кредит қаржылары есабынан Нөкис қаласы, Төрткүл, Қоңырат, Қараөзек районларында улыўма баҳасы 120 млн. евро болған  турмыслық шығынды полигонларын рекултивация етиў ҳәм полигонларын етиў жойбарын әмелге асырыў нәзерде тутыл­ған.

Президентимиздиң 2019-жыл 20-марттағы 4247-санлы шешими менен Қарақалпақстанда 2,3 млн. гектарда жаңа қәўипсизлик етилетуғын тәбийғый аймақлар шөлкемлестирилип, олардың майданын 3,05 млн. гектарға ямаса Қарақалпақстан Республикасының улыўма майданының 18,9 процентине жеткериў тапсырмасы берилген.

Президентимиз эколо­гиялық сиясат жүргизип, әсиресе, Аралбойы аймағы халқы ушын жанкүйдирип атыр. Сонлықтан бүгин дүнья нәзери Арал машқаласына қаратылған. Себеби, бул апатшылықтың унамсыз тәсири Өзбекстан шегараларынан шығып, Гренлан­дияның музлықларына дузлы қумлардың көшип барып, олардың ериўине алып келиўи үлкен апатшылық. Глобал ықлым өзгериўи, глобал жылыў, таза ишимлик суўы жетиспеўшилиги, инсан саламатлығына зыян жетиўи - барлығы өз-ара беккем байланыслы. Ҳәзирде инсаният экологиялық орталықтың актуаллығына гүўа болып атыр, қалаберсе, ҳәр биримиздиң келешегимиз экология менен байланыслы. Әсиресе, келешек әўлад ушын қандай мийрас қалдырыў Сиз бенен бизиң мойнымызда. Солай екен, Ел басшымыздың Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас Ассамблеясының 75-сес­сиясында илгери сүрген ой-пикирлери, усыныслары актуал мәселелерди ҳәмме биргеликте шешиўимиз тийис.

А.Бегимова,

Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан

Республикасы атқарыў Кеңеси баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF