ӘДЕБИЯТТЫ ОҚЫТЫЎ МЕТОДИКАСЫНЫҢ ТУҢҒЫШ МОНОГРАФИЯСЫ
Мәмлекетлик билимлендириў стандартларының талапларына муўапық әдебий тәлимге қойылатуғын талаплар менен әдебиятты оқытыў әмелияты ортасында бир қанша методикалық машқалалар пайда болды.
Бул педагогикалық машқалаларды шешиўде жаңаша педагогикалық талапларға муўапық илимий-методикалық жақтан әдебиятты оқытыўды жаңалаўдың тийкарғы бағдарларын ҳәм технологияларын көрсетип бериў зәрүрлигин пайда етти. Усы көзқарастан қарақалпақ әдебиятын оқытыў методикасын изертлеў ең зәрүрли методикалық мәселелерден есапланады. Бул мәселе бойынша Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ әдебияты кафедрасының доценти Қонысбай Юсуповтың «Академиялық лицейлерде қарақалпақ әдебиятын оқытыў методикасы» атамасындағы монографиясы 2019-жылы «Қарақалпақстан» баспасынан көп нусқада жәрияланды. Монография тийкарынан төрт бап, 8 бөлимнен тысқары, кирисиў, жуўмақ ҳәм пайдаланылған әдебиятлар дизиминен турады.
Монографияның кирисиў бөлиминде изертлеўдиң республикалық илим ҳәм технологияларының раўажланыўдың тийкарғы бағдарларына байланыслылығы, сырт еллердеги илимий изертлеўлерге шолыў, изертлеў нәтийжелериниң жәрияланыўы сыяқлы мәселелер көрип шығылған.
Монографияның биринши бабы «Академиялық лицейлерде қарақалпақ әдебиятын оқытыўдың илимий теориялық тийкарлары» деп аталып, онда академиялық лицейлерде қарақалпақ әдебияты бойынша оқыў бағдарламалары ҳәм сабақлықлар жаратыўдың илимий дереклери, қарақалпақ әдебиятын оқытыўдың мазмунын ҳәм формаларын белгилеў дереклери сыяқлы мәселелери кең түрде изертленген.
Әдебият оқытыў методикасын жетилистириў, оқытыў формаларын жаңаша шөлкемлестириў, оқыўшылар қәбилетин раўажландырыў, сабақ барысында көркем шығармалар менен ислесиўге әҳмийет бериў, әдебиятты оқытыўды дәўир талабы дәрежесине сай жетилистириў бойынша С.Далимов, Ҳ.Убайдуллаев, Қ.Аҳмедов, А.Зуннунов, И.Султан, Қ.Юлдашев, М.Мирқасымова, Ж.Юлдашев, У.Норматов, Б.Тухлиев, С.Матжанов, А.Каттабеков, Н.Каримов, Қ.Ҳусанбаева, У.Далимов, С.Ахметов, А.Пахратдиновлар сыяқлы методист алымлардың монографиялық жумыслары ҳәм методикалық мийнетлерине өз пикир-қатнасларын билдирип, зәрүр жерлеринен силтемелер келтирип, пикирлерин байытып барған. Илимпаз методисттиң: «Қарақалпақ әдебияты бағдарламасына киргизилген материаллар оқыўшылардың жас өзгешеликлерин есапқа алып, тағы да тәрбиялық характерлерине қарап бериледи. Әдебияттан алынған материаллар сайланды материаллар болып, көркемлиги жағынан, тил өзгешелиги бойынша да, миллийлиги тәрепинен де оқыўшылардың психологиялық, педагогикалық талаплары есапқа алынған ҳалда ғана дүзиледи». (9-бет) - деген пикирлери бағдарлама талапларына муўапық орынлы ҳәм дурыс билдирилген. Усы бабы еки бөлимге ажыратылып, мәселелерди тереңнен изертлей алған ҳәм методикалық жуўмақ жасаған.
Монографияның екинши бабы «Академиялық лицейлерде қарақалпақ әдебиятын оқытыўда заманагөй педагогикалық технологияларды пайдаланыў» деп аталып, онда академиялық лицейлерде қарақалпақ әдебиятын оқытыўда инновациялық технологияларды пайдаланыў, қарақалпақ әдебиятын оқытыўда интерактив технологияларды қолланыў усылларына байланыслы мәселелер терең изертленген. Методист алым Қонысбай Юсуповтың: «Академиялық лицейлерде қарақалпақ әдебиятын оқытыўда машқалалы лекция, монографиялық лекция, шолыў лекциясы, ҳәрекетшең лекция, энергия алмасыў лекцияларын пайдаланыўдың методикалық мәселелери бойынша пикир айтыўды мақул көрдик. Әдебиятты оқытыўда лекция түрлеринен пайдаланыў материалдың көлемине, сабақтың мақсетине ҳәм ўазыйпаларына муўапық болады» (36-бет) - деген пикирин қоллап қуўатлаўға болады. Буннан басқа лекция түрлери бойынша өзиниң методикалық көзқарасларын дурыс айта алған.
Изертлеў жумысының үшинши бабы «Академиялық лицейлерде бағдарламада берилген әдебий материалларды оқытыў усыллары» деп аталып, онда көркем шығармаларды таллаўдың илимий методикалық тийкарлары, жазыўшының өмири ҳәм дөретиўшилигин оқытыў усыллары сыяқлы методикалық мәселелер изертленген. Және де монографияда көркем шығармаларды таллаў барысында қаҳарман образын жасаў, сюжет ҳәм композиция қурыў мәселелери бойынша теориялық пикирлери мысаллар менен дәлиллеп берилген. Оның: «Жазыўшының өмирбаянын үйрениў мәселеси өз өзгешелигине ийе болып, муғаллим тәрепинен жаңа мағлыўматлар менен толықтырылып, тереңлестирилип барылады ҳәм олардан үлкен тәрбия алады. Жазыўшылардың өмири ҳәм дөретпесине байланыслы жазылған алымлардың илимий мийнетлеринен пайдаланып муғаллим сабақ өтиўи керек» (63-бет) - деген жазыўшының өмирбаянын үйрениў ушын айтылған методикалық пикирлери дурыс. Алым өз пикирлерин раўажландырыў мақсетинде методист алымлар Л.Б.Хван, Ф.Исҳоқов ҳәм басқалардың методикалық мийнетлерине өзиниң сын пикирлерин билдирип өтеди. Солай етип жетерли методикалық ҳәм теориялық әдебиятларынан пайдаланған.
Изертлеў жумысының төртинши бабы «Академиялық лицейлерде қарақалпақ әдебиятын сабақтан тыс жумыслар арқалы үйрениўдиң илимий методикалық мәселелери» деп аталып, онда қарақалпақ әдебияты бойынша сабақтан тыс жумысларды шөлкемлестириў ҳәм олардың мазмуны, қарақалпақ әдебияты бойынша әдебий дөгерек жумысларын, әдебий кеше ҳәм конференцияларды өткериў усыллары ҳәм әҳмийети тереңнен изертленген. Мәселен, «Оқыўшылар қарақалпақ әдебияты бойынша сабақтан тыс жумысларды үйрениў арқалы билим ҳәм көнликпелерин жетилистирип барады. Олар бул жумысларда үйренген көркем шығармалары бойынша аўызеки ҳәм жазба түрде еркин пикирлеў қәбилетин қәлиплестириўи, шығармалардан алған тәсирлерин түсиндире алыўы, көркем шығармадағы қаҳарманлардың характерин, образын түсине алыўы керек» (94-бет) -деген пикирине қосылыўға болады.
Монографияның усы бабы ҳәм бөлимлери жетерли илимий-теориялық ҳәм методикалық әдебиятлар менен байытылған. Изертлеў жумысының, жуўмақлаў бөлиминде пикирлери ықшам берилип, ҳәр бир бапқа, ондағы бөлимлерге дурыс методикалық жуўмақ берилген.
Бул изертлеў жумысының табыслары көп. Бириншиден, монографияны оқығанда изертлеўшиниң илимий-методикалық пикирлеў дәрежеси, педагогикалық ой-пикириниң кеңлиги, терең теориялық ҳәм методикалық таярлығы сезилип турады. Ол сабақ түрлерин, оқытыў методларын, бағдарламада берилген көркем текстлерди, фактлерди, мағлыўматларды, ҳәр қыйлы дереклерди пуқта таллап, исенимли жуўмақлар жасайды. Екиншиден, монографияның баянлаў тили илимий стильдиң талапларына толық жуўап береди. Үшиншиден, монографияның жуўмақлары ҳәм нәтийжелери илимий жақтан исенимли, жаңа ҳәм салмақлы. Сонлықтан бул жумыс тамамланған, алдына қойылған мақсет ҳәм ўазыйпаларын орынлаған, илимий ҳәм әмелий әҳмийети жоқары мийнет деп есаплаймыз.
Жуўмақластырып айтқанда, доцент Қонысбай Юсуповтың «Академиялық лицейлерде қарақалпақ әдебиятын оқытыў методикасы» атамасындағы изертлеў жумысы — бул қарақалпақ әдебиятын оқытыў методикасы бойынша жазылған биринши монография болып табылады.
Тәжибай Утебаев,
НМПИ доценти, педагогика илимлериниң докторы.