Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:38:26, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

УСТАЗЫ КҮШЛИНИҢ УСТАМЫ КҮШЛИ

«Ала мойнақ» дуўтарды өзиниң жан жолдасы киби ардақлаған, шертиўди билмесе де үйиниң төрине илип қоймаса кеўли жай таппайтуғын, қосық-саз еситсе қулағы ербең ете қалатуғын, әзелден сәният сүйер халықпыз.

Бақсы-жыраўы қолына сазын алса, өзин пүткиллей умытып, сайрайтуғын пошша торғайға мегзейди. Айтыўларынша, торғай туўылған жердиң  орпаң топырағына шомылып, жерден күш алып, соң аспан баўырына өзин оқтай атар екен. Әлҳаўада бир орында шегелеп қо­йылған киби пырпырлап қанат қағып, өз мәканының гөззаллығына бәлентлерден нәзер салып, шайда болғанынша тынбай сайрай берер екен...

— Ҳәр сапары саўсақларым дуўтар тарлары үстинде ойынға түскенинде, иш-ишимнен қандайдур күш мени ләрзеге келтиреди, - дейди жас бақсы Улбосын Орынбаева. — Мисли кеўлим қолларыма көшип өткендей болады. Жүрегимнен сызып шыққан саз бо­йыма сондай еркинлик бағышлайды, қосық атқарғаным сайын өзимди еле де жеңил сеземен, аспанларда пәрўаз етип жүргендей боламан.

Сайраў да, қосық айтыў да — ышқы саўдасы. Кеўилде сазға, сөзге муҳаббат бар екен, бул кеўил тек ғана гөззаллықлар жаратыўға қәбилетли. Биз бундай әжайып дөретпелерди тыңлап, бир дүнья заўық аламыз, жақсылықты үгитлеў де, жақсылық екенлигин аңлаймыз. Дана халқымыз «бақсысы бар елдиң батыры көп болады» деп бийкарға айтпаған. Олар миллий мәдения­тымыз жыршылары, миллетимиздиң жар­қын жүзи, мақтанышымыз...

Өзбекстан Мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими «Муҳаллес» дуўтаршылар ансамблиниң бақсы сазендеси, пайтахтымыздағы 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң муғаллими Улбосын Орынбаева 1992-жылы Қараөзек районындағы «Мәденият» АПЖ да дүньяға келди. Ол 8-санлы улыўма билим бериў мектебинде оқып жүрген (5-класс) пайытларынан  баслап,  бақсышылық өнерине қызықты. Аўылда музыка мектеби болмағанлығы себепли район орайындағы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебине қатнап, устазы Зоя Көшербаевадан бақсышылық сәниятының сырларын үйренди. Күшли қызығыўшылығы, тынымсыз талпыныслары бийкар кетпеди. Бәринен де Улбосынның ширели ҳаўазы еситкен қулақтың қурышын қандырып, көпшиликке мақул болып, мектеп дәўиринде-ақ республикалық таңлаўларда сыйлы орынларды қолға киргизе баслады. Тоғызыншы класс пайытында болса, яғный, 2007-жылы Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлыққа мүнәсип табылып, теңлеслеринен алдын студентлик бахтына еристи.

­— Улбосын жүдә әлпайым, мийнеткеш, өз үстинде излениўден шаршамайтуғын қыз, - дейди устазы, Өзбекстан халық бақсысы Ғайратдин Өтемуратов. — Булай деўимниң себеби, ҳәр қандай талант күтим талап етеди. Се­йис жылқыны қандай бәйгиге таярласа, инсан да өз талантының камал табыўы ушын әне сондай изленисте болыўы керек. Қосық, саз — илаҳый нәрсе. Ол ҳәр кимге де бойсына бермейди. Ишки дүньясы пәк, гөззал адамлар ғана ҳақыйқый гөззаллық жарата алады. Мен устаз сыпатында шәкиртлеримди ҳәр дайым гөззаллықты сезе алыў руўхында тәрбиялайман. Мәселен, әпиўайы ҳақыйқатлық — музыка өмиримиздиң ажыралмас бөлеги. Олсыз күнимиз өтпейди, оған мүтәжлик сеземиз, кеўлимиздиң рәҳәтлениўи, руўхымыздың тетик болыўы ушын да оны излеймиз, сағынамыз. Жақсы қосық еситкен күнимиз кеўлимиз қуўанышқа толады, саз ҳәм сөз сыйқырынан күш алып, бәрше ислеримиз сәтли питеди. Сол себепли ҳәр күни жүзленетуғын қосықларымыз қаншелли сапалы болса, ол бизди соншелли бәлентке алып шығады...

Бүгинги күни пән-технологияның көрилмеген дәрежеде раўажланыўы көркем өнер тараўына да өз тәсирин тийгизбей қалмады. Техника имканиятларынан утымлы пайдаланған жақсы, деген менен, «аржағында болмаса, бержағынан сүрткенниң пайдасы не!!». Фонограмма арқалы бир-еки қосық атқарып, өзин «жулдыз» санап жүргенлер көпшиликти қурайды. «Ойын­бап», «Тойбап» жеңил-желпи қосықлар ҳеш қандай көркем талапқа жуўап бермейди, мазмун ҳәм формаға да ийе емес. Жасларымызды бундай алды-қашты, жеңил-желпи «сәният» шайдасы болып қалмаўы ушын «наданлыққа қарсы мәрипат пенен гүресиў» керек. Халқымыздың жаратыўшылық қүдиретиниң жемиси болған, өзинде гөззаллық, уллылық, жақсылық, меҳир-муҳаббат киби жоқары ийгиликли пазыйлетлерди, бир сөз бенен айтқанда, халық турмысының барлық тәреплерин сәўлелендирген, теңсиз руўхый байлығымыз — миллий қосықларымызды жасларға үйретиў, оларда әдеп-икрамлылық, руўхый ҳәм эстетикалық көзқарасты қәлиплестиреди. Сол себепли келешек әўлад тәр­биясын биринши орында балалар бақшасы, мектеплерде музыка сәниятын, музыка мәдениятын терең үйретиўден баслаў керек. Неге дегенде балалықта сиңдирилген пазыйлетлер, билим, тәлим-тәрбия беккем қаланады. Бул орында баланың көркем өнер адамы болып жетисиўи баслы мақсет емес, тийкарғысы, көркем жанлы болып жетисиўинде. Сонда ол гөззаллықты байқай алады, жуўапкершиликти терең сезинеди, ҳәр қандай  тараўда өз кәсибиниң устасы дәрежесине жетиседи. Көркем өнер қәлблерди тәрбиялайды, кеўил көзин ашады. Қуўанышлысы, бүгинги күнде елимизде Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери көбеймекте. Ўақыт бизиң пайдамызға хызмет етип, «пуш пушқа, дән-дәнге» ажыралатуғын пайытқа жүдә аз қалды. Президентимиздиң журтымызға сапары даўамында жаңадан ашылған Опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектебинде де болыўы, елимиз жаслары  келешегине үлкен исеним билдириўи де тосыннан емес. Бул үлке әзелден «саҳра бүлбиллери» журты.

Журтбасшымыз бенен болған ушырасыўда Улбосынның 22-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде тәлим-тәрбия берген шәкиртлеринен Малика Сапарбаева ҳәм Элена Жаңабаевалар да қатнасып, өз өнерлерин көрсетип, жеке пикир ҳәм келешек режелерин билдирип, ноутбук саўғасын қолға киргизди.

— Биз де келешекте устазымыз Улбосын Орынбаева киби Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық лауреаты болыўды, халқымыздың миллий бақсышылық өнерин дүньяға танытыўды жүдә қәлеймиз, - дейди Малика Сапарбаева. — Елимизде жаратылған үлкен имканиятлардан утымлы пайдаланып, Журтбасшымыздың бизге билдирген исенимин ақлаўға ҳәрекет етемиз...

Бүгинги күнде миллий мәдениятымыз, көркем өнеримизге қаратылып атырған итибар тек халқымызды ғана емес, ал, пүткил дүнья халықларын да тәсийин қалдырмақта. Өткен жыллар даўамында Самарқандта «Шарқ тароналари» халықаралық фестивалы өткерилип келинген болса,  соңғы бир-еки жылдан берли Термиз қаласында халықаралық бақсышылық фестивалы, Қоқанд қаласында болса халықаралық өнерментшилик фестивальларының да өткерилиўи көплеп талант ийелерин жарыққа шығармақта. Дүньяның көплеп мәмлекетлеринен ўәкиллер қатнасқан халықаралық Өнерментшилик фестивалының ашылыў мәресиминде «Қарақалпақта» қосығы кәмине келтирип атқарылып, атқарыўшылар қатарында қаҳарманымыз Улбосын Орынбаева да бар еди. Бундай үлкен саҳналарда қосық атқарыўдың өзи болмайды. Улбосын тынымсыз изленислери нәтийжесинде буған еристи. Ол журтымыздың әне сондай үлкен байрам салтанатларында қарақалпақ миллий дуўтарын сайратып, он бармағын ойнатып, кеўиллерди жайнатып келмекте. Оның мийнетлери мүнәсип баҳаланып көплеп табысларды қолға киргизди. Улбосын 2011-жылы республика көлеминде дәстан атқарыўшы жыраў-бақсылар ортасында «Бақсылар айтысыўы» ҳәм «Сазендешилик» жөнелиси бойынша өткерилген таңлаўда биринши орынды, сол жылы Атажан Худайшукуровтиң естелигине бағышланып өткерилген «Нафосат — бостаным мениң» VII Республикалық таңлаўында үшинши орынды қолға киргизди. 2012-жылы Қазақстан Республикасының Астана қаласында болып өткен туўысқан халықлардың «Қор­қыт ата» атындағы халықаралық таңлаўында, 2017-жылы Мойнақ районында өткерилген халық шайырлары Бердақ ҳәм Әжинияз дөретиўшилигине бағышланған халықаралық қосық ҳәм музыка фестивалында белсене қатнасып, мүнәсип сыйлықланды. 2018-жылы болса  «Даналарды излер едим» ураны астында өткерилген «Бердақ дөретиўшилиги бақсылар нәзеринде» таңлаўында екинши орынды ийеледи. 2019-жылы Ғәрезсизлик байрамы қарсаңында — «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланды.

— Усындай үлкен жетискенликлерге ерисиўимде устазларымының үлеси үлкен, - дейди Улбосын. — Мен де жақсы устаз болып, бир-биринен қәбилетли шәкиртлер таярлап шығарыўға жан-тәним менен ҳәрекет етпектемен. Ҳүрметли Президентимиз 1-октябрь — «Муғаллимлер ҳәм устазлар» күни улыўма халықлық байрам мәресиминде уллы мәмлекетлик ғайраткер Индира Гандидиң «бир қыз баланы оқытсаңыз, пүткил шаңарақты оқытқан боласыз», уллы грек алымы Аристотельдиң «Ўатан тәғдирин жаслар тәрбиясы шешеди» деген сөзлерин келтирип, устаз-муғаллимлер алдында үлкен жуўапкершиликли ўазыйпа турғанлығын және бир мәртебе ескертти. Үшинши Ренессанс мәселесин стратегиялық ўазыйпа сыпатында белгилеп, тәрбияшы, муғаллим, профессор-оқытыўшылар ҳәм  илимий-дөретиўши зыялыларымызды жаңа Ояныў дәўириниң төрт таяныш тиреги сыпатында баҳалады. Биз устазлар да өзимизге билдирилген үлкен исенимге мүнәсип тәризде елимизди дүньяның раўажланған мәмлекетлери қатарына алып шығыў ушын бар күш-жигеримизди аямай, хызмет етиўге таярмыз!

Несибели МАМБЕТИРЗАЕВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF