ӘДИЛ СУДЛАЎДЫ ЕНГИЗИЎДЕ ӘҲМИЙЕТЛИ ҚӘДЕМ
Усы жыл 3-cентябрь күни «Суд ҳәкимияты уйымларының жумысын санластырыў илажлары ҳаққында» Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары қабыл етилди.
Бүгинги күнде судларда ислерди көриўде көплеген министрликлер ҳәм уйымлар менен мағлыўмат алмасыў олардың мәлимлеме системалары өз-ара интеграцияланбағанлығы себепли тийкарынан қағаз түринде әмелге асырылмақта. Буннан тысқары, судлар тәрепинен пуқараларға ҳәм исбилерменлерге көрсетилетуғын интерактив хызметлер түрин кеңейтиў бойынша жумысларды жеделлестириў талап етиледи.
Сонлықтан Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 30-августтағы ПҚ-3250 санлы қарары менен тастыйықланған 2017-2020-жыллары Судлардың жумысына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў бағдарламасының орынланыўы нәтийжесинде судларға аралықтан турып мүрәжат етиў, суд мәжилислеринде видеоконференцбайланыс системасынан пайдаланып қатнасыў, судьялар ортасында ислерди автоматластырылған түрде бөлистириў, суд қарарларын Интернет тармағында жәриялаў, орынлаў ҳүжжетлерин электрон түрде мәжбүрий орынлаўға жибериў системалары енгизилди.
Қарарда суд ҳәкимияты уйымларының жумысын санластырыўдың кейинги басқышындағы ўазыйпалары етип, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине көрсетилетуғын интерактив электрон хызметлер түрлерин кеңейтиў, ҳәр бир мүрәжатты көрип шығыў процесиниң онлайн бақлап барылыўын тәмийинлеў, суд имаратларында интерактив хызметлерден еркин пайдаланыў имканиятын жаратыў нәзерде тутылған. Судларда әдил судлаўды әмелге асырыў ушын зәрүр болған мағлыўматлардың оператив түрде алыныўын тәмийинлеў ушын министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер менен электрон мағлыўматлар алмасыўын және де кеңейтиў, арнаўлы мәлимлеме бағдарламаларын енгизиў арқалы судьялар жәмийети уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, суд мәжилислеринде аралықтан турып, атап айтқанда, мобиль қурылмалар ҳәм электрон бирге ислесиўдиң басқа да түрлери арқалы қатнасыў имканиятын кеңейтиў, сондай-ақ, ис бойынша тәреплер ушын суд қарарларын онлайн түрде алыў имканиятын жаратыў, судтың мәлимлеме системалары мағлыўматлар базалары ҳәм басқа да программалық өнимлери информация ҳам кибер қәўипсизликти тәмийинлеў, хызмет мәлимлемелери ҳәм мағлыўматларын комплексли қорғаў бойынша илажларды күшейтиў ўазыйпалары қойылмақта.
Сондай-ақ, 2021-жыл 1-январьдан баслап барлық судларда суд мәжилислерин ис бойынша тәреплердиң илтимасы ҳәм басшылық етиўшиниң келисими менен аудиожазыўдан пайдаланған ҳалда жазып барыў және суд мәжилислериниң билдириўлерин усы системадан пайдаланып қәлиплестириў, 2021-жыл 1-июльден баслап апелляция ҳәм кассация инстанциясы судларында ислерди судьялар арасында автоматластырылған түрде бөлистириў, 2021-жыл 1-октябрьден баслап барлық қатнасыўшыларды суд мәжилислериниң ўақты ҳәм орны ҳаққында «!M!» хабар арқалы бийпул тийкарда хабардар етиў, 2022-жыл 1-январьдан баслап судларының ис бойынша тәреплерге онлайн түрде, олардың илтимасы бойынша болса қағаз түринде бериў, 2022-жыл 1-июльге шекем суд ҳәкимияты уйымының жумысында, соның ишинде, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине әдил судлаўға ерисиўде қолайлылық жаратыў мақсетинде 10ға шамалас интерактив хызметлер көрсетиўди жолға қойыў белгиленген.
2023-жыл 1-январьдан баслап суд жумысларын мәмлекетлик архивке электрон түрде тапсырыў ҳәм қабыл етиў 28 мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлери, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Виртуал қабыллаўханасы, Бас министрдиң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларының мәлимлеме системаларын Жоқарғы судтың мәлимлеме системасына басқышпа-басқыш жалғаў, судлар тәрепинен мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге берилетуғын мағлыўматларды электрон түрде жибериў, белгили бир исти көриў процесинде зәрүр болған мағлыўматлар ҳәм ҳүжжетлерди пуқараларды әўере етпестен судлар тәрепинен тиккелей мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерден электрон түрде алыў белгиленген.
Судлар тәрепинен жәриймаларды азайтыў ямаса оларды қолланбаў мәселелерин көрип шығыўда «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» ҳәм басқа да мәлимлеме системаларының интеграциясы арқалы пуқараның мүлклик жағдайы ҳәм социаллық жағдайы ҳаққындағы исенимли мағлыўматлар менен танысыў, судлар тәрепинен алимент муғдарын белгилеўде районлар кесиминде орташа айлық ис ҳақылары ҳаққында мағлыўматларды мәлимлеме системасы арқалы электрон түрде алыў, Жоқарғы суд мәлимлеме системасы менен мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системаларын интеграциялаў арқалы физикалық ҳәм юридикалық тәреплер ҳаққындағы мағлыўматлар судлардың электрон сораўы бойынша бийпул тийкарда берилетуғыны нәзерде тутылмақта.
Буннан тысқары, 2022-жыл 1-январьдан «Адолат» мәлимлеме системаларының комплекси енгизилиўи, яғный, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары, хожалық басқарыў уйымлары, адвокатлар тәрепинен судларға шағым, арзаларды тек ғана электрон түрде усыныў, мәпдар шахслар тәрепинен шағым, арзаларды көрип шығыў процесин онлайн түрде бақлап барыў, суд мәжилисиниң қатнасыўшылары тәрепинен мағлыўматлар ҳәм ҳүжжетлерди электрон түрде жибериў, суд ҳүжжетлерин судлардың жумысына енгизилген мәлимлеме системасынан пайдаланған ҳалда автоматластырылған түрде қәлиплестириў, жазаны орынлаў мәкемелеринде арнаўлы ханаларды судланғанлардың суд мәжилислеринде ҳәм суд басшылары қабыллаўларында видеоконференцбайланыс режиминде қатнасыў имканиятын бериўши үскенелер менен тәмийинлеў илажларын көриў әмелге асырылатуғыны белгиленген.
Жуўмақластырып айтқанда, судлардың жумысында заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине өз ҳуқықларын ҳәм мәплерин қорғаў ушын судқа мүрәжат етиўди еркинлестириў, улыўма әдил судлаўға ерисиўди арттырыў және судлар жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў имканиятын берди.
Азат Сейтанов,
Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды баслығы.