ТАШКЕНТТЕГИ ЖАҢАЛЫҚ НӨКИСКЕ КЕЛЕДИ...
Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң Қарақалпақстанға сапары ҳәм оның Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектен тысқары шөлкемлестириў сессиясында қатнасып, сөйлеген сөзлерин халқымыз қызғын күтип алып, үлкен итибар менен тыңлады.
Президентимиздиң ҳәр бир сапары қарақалпақ журтында жаңа дөретиўшиликлер, халық абаданлығының артыўының жаңа перспективаларын алып келеди. Буларға гүўа болар екенбиз, ҳәр биримиз Өзбекстанның бай жылнамасына алтын ҳәриплер менен жазылып атырған жаңаланған елимиздиң жаңа тарийхына гүўа болыўдай бахытқа миясар болып атырғанымызға мақтанамыз.
Мәмлекетимиз басшысының халқымызға болған меҳир ҳәм итибары, ғамқорлықлары айрықша. Буны шын жүректен сезинген ҳәр бир қарақалпақстанлының Президентимизге болған исеними және де беккемленбекте.
Жақында ғана елимиз басшысы және бир мәрте БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясында Арал апатшылығының ақыбетлерин сапластырыў машқалаларына дүнья жәмийетшилигиниң итибарын қаратқаны, усы бағдардағы әҳмийетли пикир ҳәм усынысларының БМШ тәрепинен мақулланғанлығы бул сөзлеримизди тастыйықлайды.
Бүгин Қарақалпақстанның жаңаланған келбети, абадан ҳәм бахытлы турмысына қарап турып, узақ ҳәм жақын тарийхты көз алдымызға келтиремиз.
Ерназар Алакөз, Аллаяр Досназаров сыяқлы халық жетекшилери азат ҳәм абат турмысты арзыў еткен еди. Әжинияз бабамыздың «Жер ҳәм ел билендур, ел ҳәм жер билен...», «Хош аман бол, бизден қалдың Бозатаў...» деп жырлаған әрманлары ғәрезсизлик жылларында жүзеге шыққанлығын Мойнақтың жаңаланғаны, Бозатаў районының қайта шөлкемлестирилип, абадан бир аймаққа айланып атырғанының мысалында көриўимиз мүмкин.
Қарақалпақстанға узақ жыллар басшылық етип, пидайылық, халыққа садықлық үлгилерин көрсетип, қарақалпақ үлкесин жаңалаған, елсүйер басшы, марҳум Муса Ерниязовдың мийнетлери бахытлы ҳәм абадан турмысымызда айқын көринип тур...
Жоқарғы Кеңес сессиясы болған күн шын мәнисинде тарийхый сәнеге айланды. Республиканың жаңа басшысы сайланды.
— Бүгин қарақалпақ елин, топырағын, имканиятларын жақсы билген, халық таныған, түрли мәселелерди шеше алатуғын жетекшини сайлап алыўымыз керек. Бердақ бабамыздың дана сөзлери менен айтқанда:
Халықтың ғамын ойлаған,
Журт ғамқоры маған керек, -деди мәмлекетимиз басшысы.
Президент ҳәзиргидей қыйын пайытта басшы болыў аңсат емеслигин, Қарақалпақстанды раўажландырыў бойынша басланған жумыслар 2-3 есе көбейтип даўам еттирилиўин атап өтти.
Ҳақыйқатында да бул лаўазымға усынылып атырған Мурат Камалов «Халық атасы» деген атаққа ийе болған, ХХ әсирдиң орталарында бул елдиң тийкарын жаратқан Қ.Камаловтың перзенти. Депутатлар аталар жерине меҳир қойған, Ўатансүйиўши, пидайы, Мурат Камаловтың кандидатурасын бир аўыздан мақуллады.
Мәмлекетимиз басшысы Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў режелерин белгилеп берер екен, 16 районда «өсиў ноқатлары» бойынша исбилерменлик субъектлериниң 3 жыл мүддетке жер салығы, мал-мүлк салығы, киши кәрханалардың айланысынан алынатуғын салық, жеке тәртиптеги исбилерменлердиң қатаң муғдардағы дәрамат салығынан азат етилетуғынын атап өтти.
Әсиресе, Тахтакөпир, Бозатаў ҳәм Шоманай районларында жаңадан шөлкемлестирилетуғын санаат кәрханаларына да 3 жыл мүддетке салық ҳәм бажыхана жеңилликлери белгиленди.
Елимиз басшысы қарақалпақ журтында балықшылық, шарўашылықта шаңарақлық кооперцияларды жолға қойып, қусларды көбейтип, гөштиң баҳасын арзанлатыў илажларын көриў бойынша да бир қатар ўазыйпаларды белгилеп берди.
Президентимиз Қарақалпақстанда мәденият, көркем өнер, әдебият бағдарларында белгилеп берген тийкарғы ўазыйпалар биз дөретиўшилерди және де толқынландырды.
Келеси жылы Қарақалпақстанда Жаслар фестивалын шөлкемлестириў, Бозатаў районында Өзбекстан шайыр ҳәм жазыўшыларының әнжуманын өткериў, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Өзбекстан Қаҳарманы, атақлы сөз шебери Төлепберген Қайыпбергеновтың үй-музейин шөлкемлестириў бойынша берилген баҳалы тапсырмалар мәнаўиятымызды және де байытыўға хызмет ететуғынына гүман жоқ.
Әсиресе, Нөкис қаласында қурылған Опера ҳәм бақсышылық мектеп-интернаты жанында бақсышылық өнерин раўажландырыў қоры да шөлкемлестириледи. Бундай қайырлы жумыслар бабаларымыз әсирлер даўамында қәдирлеп келген сийрек өнерди дүньяға кең таратыў, жасларымыздың оған қызығыўшылығын арттырыўда әҳмийетли фактор болып хызмет етеди.
Халқымыз Нөкис қаласын Өзбекстанның екинши пайтахты деп сүйеди. Елимиз басшысы пайтахтымызды және де көркем, абат, заманагөй көриниске келтириў бойынша анық көрсетпелер берди.
— Ташкентте не жаңалық болса, Нөкиске келиўи керек, - деди Президент. — Жаңаша ислемесек, заман қабыл етпейди.
Соның менен бирге, Президентимиз ҳәр бир депутаттың, сенатордың халық алдындағы жуўапкершилигин және бир мәрте арттырды. Сенатқа Арал апатшылығы машқалаларын сапластырыўға қаратылған барлық мәселелердиң орынланыўын қадағалаў бойынша комитет дүзиў ўазыйпасын қойды. Комитет басшысы жеке Сенат баслығының жуўапкершилигинде болыўы, бул жумысқа барлық сенаторлар, депутатлар да тартылыўы белгиленди. Бул Аралдың қурыған аймағында экологиялық жағдайды жақсылаў, халықаралық шөлкемлер менен ислесиў, мәмлекетимиз тәрепинен ислеп шығылған барлық жойбарлардың өз ўақтында орынланыўын қадағалаўда үлкен әҳмийетке ийе.
Биз депутатлар, сенаторлар да әлбетте, Президентимиздиң талап еткениндей, халықтың дәрти ҳәм машқалалары менен жасаўымыз, олардың шешилиўинде мәмлекетимиз басшысына қол-қанат болыўымыз керек.
Гүлистан АННАҚЛЫЧЕВА,
Олий Мажлис Сенатының ағзасы.