Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:51:27, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

УЛЛЫ МАҚСЕТЛЕРГЕ УМТЫЛДЫРҒАН УСТАЗ

Кешегидей ядымда, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң химия факультетине ҳүжжетлеримди тапсырып, мәмлекетлик тест имтиханынан кейин нәтийжелери жәрияланатуғын күнлерди асығып күткеним.

2004-жыл, 12-август. Ағам менен бирге университетке келдик, қандай қуўанышлы мәўритлер, тест жуўмағына көре грант тийкарында оқыўға қабыл етилгенлер арасында үшинши болып турыппан. Сол ўақыттағы қуўанышымды сөз бенен жеткериў қыйын.

Мен ушын және де қуўанышлы болғаны, сол ўақытта университеттиң ректоры Қуўанышбай аға Өтениязов жанымызға келип, қатты тол­қынланып турғанымды көрип, ағама ҳәм маған қарап: «Қутлықлаймыз, оң болсын!» дегени болды.

Солай етип, ҳәр күни усындай уллы дәргайдың босағасынан қәдем атлап, студентлик бахтын шын жүрегим менен сезинип, группалас досларым менен бирге  ықласланып оқый басладым. Мектепте ҳәм абитуриентлик дәўирдеги үйренгенимизден айрықша, каллоид химия, биохимия, органикалық ҳәм органикалық емес, физикалық ҳәм аналитикалық химия пәнлериниң бир-биринен қызықлы лекциялар, әмелий шынығыўлар, лабораториялық тәжирийбелер менен өтилиўи — бул илимди ҳәр түрли бағдарларда  еле де тереңирек үйрениўимизге ийтермеледи.

Ҳақыйқый пидайы устазлардан тәлим алып атыр­ғанларым ҳаққында  биринши курсымда «Қарақалпақ университети» газетасында «Әрманларым алға баслайды» деген мақалам жәрияланды. Бул оқыўдың дәслепки күнлеринен-ақ, бизлерди сабақ өтиў шеберликлери менен химия пәнине бол­ған қызығыўшылығымызды еле де арттыра алған устазларымыз сөзлеринен йошланып жазған студентлик дәўиримдеги биринши мақалам еди.

Бәршемизди теңдей руўх­ландырып, алға қарай ийтермелеген, билим алыўға талпындырған, әдиўли устаз, республикамыздың билимлендириў саласында өзине тән мектеп жаратып кеткен пидайы инсанлардың бири-Қуўанышбай аға Өтениязов еди.

Бизлерге студентлик дәўиримизде аянбай билим берген, билим менен қоса тәрбия сабақларын жалықпастан үйреткен устазым хаққында қанша пикирлер айтсам да көплик етпейди. Қуўанышбай ағаның ҳәр бир сабақты қызықлы етип, әпиўайы усыллардан пайдаланып өтиўи бизлердиң химия пәнине болған қызығыўшылығымызды күннен-күнге арттыра берди.

Устазым ҳаққында пикирлесем, сол үлкен аудиторияда үш топар студентлер биргеликте оқығанымыз, таласып сораў бергенлеримиз, тахтаға химиялық реакцияларды жазып, оқытыўшымыздың сораўларына жақсы жуўап бере алсақ кишкене баладай қуўанғанымыз, ерксиз  бәри, бәри ядыма түседи.

Қуўанышбай аға «биз химиклер, ең бахытлы адамлармыз, себеби, бизлер тутынып атырған өнимлердиң, жутып атырған ҳаўамыздың химиялық қурамын билемиз» деп бизлерди таңлаған бағдарымызға қызықтырып, бул пәнди еле де тереңирек  үйрениўге  умтылдырады.

 Ядымызда қалғаны, устазымыз сол күнги тема бо­йынша шеберлик пенен түсиндирип, бирикпелердиң формулаларын тахтаға жазып, беккемлеў ушын студентлерге сораўлар берип, берилген жуўапларды толықтырыўға да үлгерип, өтилген ҳәр бир сабақ ақырында тәлим-тәрбия, шаңарақ, ата-ана, перзентлик, парыз сыяқлы түсиниклер ҳаққында сондай әжайып философиялық, даналық пикирлер айтатуғын еди.

Устазымыздың ҳәр бир сабағына айрықша дыққат ҳәм жоқары қызығыўшылық пенен қатнасқанбыз. Себеби, оқытыўшымыз арасында сабақ өтиў усылын өзгертип, өтилген теманы сораў ушын кимниң баҳасы аз екен деп журналға қарамастан, қәне, оң тәрептен санағанда бесинши, шеп тәрептен санағанда бесинши болып отырған студент тахтаға шығың деп, тахтаны пор менен екиге бөледи, екеўине еки пор услатады ҳәм тапсырма береди.  Ендиги сабақта болса, ал, бүгин төртинши болып отырғанлар шықсын дейди, соннан ҳәмме төртинши болып отырған ким екен деп соларға қарайды, ҳәммениң жүзинде басқаша күлки пайда болады, дыққат қаратады, солайынша сабақ даўам етеди.

Питкериўши курста Қуўанышбай аға гетеро­цикл­лик бирикпелер химия­сы пәнинен сабақ берди, ҳәптеде еки күн қызығыўшылық пенен устазымыздың сабақларына қызығып қатнасатуғын едик.

Сол жылы турмысқа шықтым, март айында то­йым болып, деканаттан рухсат алып, устазымыздың алтыншы күнги болатуғын сабағына қатнаса алмадым. Келеси сәршемби күни ра­йонға, емлеўханаға барып қайтыў ушын сабақ басланажақ ўақытта муғаллимниң алдына шықтым да, себеплеримди түсиндирип рухсат сорадым.

Сол ўақыттағы Қуўанышбай ағаның «солай ма, тойда күйеўиң көйлекшең жүре берген шығар, бәҳәр болғаны менен күнниң аязы бар-аў» деп күйип-пискен, меҳирли келбети ҳеш көз алдымнан кетпейди.

Арадан күнлер зымырап өтип, питкериўши курс имтиханлары да басланып кетти. Бири аўызша, бири жазба түрде болып атыр. Бир күни районнан Нөкиске қарай көлик болмай Қуўанышбай ағаның сабағынан имтиханға бес минуттай кешигип келдим, не де болса кирип көрейин, себебимди айтаман деп рухсат сорап кирдим. Муғаллим жүзиме тигилип қарады да, ҳеш нәрсе деместен имти­ханға кириўиме рухсат берди. Билет алдым, теориялық сораўларға толық жуўап бердим, еки есапты толық шештим, бир есаптың ақырына шекем жуўмақластырыўыма белгиленген ўақыт ишинде үлгере алмадым.

Теориядан берген жуўапларымды дыққат пенен толық еситти, есапларды қалай шығарғанымды да көрди. Сөйтти де алдында стол үстинде тур­ған баҳалаў қағазына «4» баҳасын қойды ҳәм маған қарап, «төмен баҳа қойыўға ҳүжданым жол қоймады» деди. Сол гездеги кейпиятымды, кешиккенлигиме қоса сораўларға жақсы жуўап бере алмасамда жақсы баҳа алғаныма шексиз қуўанғанымды сөз бенен жеткериў қыйын. Буннан бир неше он минутлар алдын, төрт баҳасын алыў түўе, имтиханға кире алсам болар еди деген  ойлар мени бийлеп алған еди. Сол гезлери бираз ўақытқа шекем группаласларым Айгүлге сол имтиханнан өтиўине фамилиясы жәрдем берди, деп ҳәзиллесип те жүрди. 

Ўақыт жүйрик аттай зымырап, оқыўды да тамамлап алдық. Биримиз муғаллим, биримиз лаборант, қулласы, ҳәр қайсысымыз жумыс­қа жайласа басладық. Мен де Академиялық лицейге химия пәни муғаллими болып жумысқа кирдим, кадр­лар бөлимине тийисли  ҳүжжетлерди тапсырыўым ушын университеттиң шыға берисинде коридорда устазым Қуўанышбай аға менен дусласып қалдым. Негедур қатты албырап қалдым. Оқытыўшымыздың алдынан шығып қалғаныма қысыныңқырап өзимди шетлеў алып, жол бермекши болдым. Сонда ол мениң қолымдағы дипломды көрди де «Өтениязова, қутлы болсын!» деди ҳәм дипломымды қолына алды да маған сондай әжайып тилеклерди билдирди. Сол ўақыттағы устазымның көзлери жайнап турып билдирген тилеги ҳәзирге шекем қулағымда жаңлап тур­ғандай: «Бул дипломың сени уллы ислерге, айдын келешекке бағдарлай бергей!».

Университетте алған тео­риялық ҳәм  әмелий билимлеримизден пайдаланып, мен де жасларға сабақ бере басладым. Арадан бираз жыллар өтти.

Енди ойлап қарасам, сол күни устазымыз бенен ақырғы мәрте көрискен  екенмен. Бундай болыўын билгенимде, албырамастан, батыллық пенен: — Миннетдарман, әзиз устаз, сиздей жанкүйер устазлардан билим алғаныма шексиз қуўанышлыман, исенимиңизди ақлаўға ўәде беремен, сизге ылайық шәкирт болыўға шын кеўилден ҳәрекет етемен, -деп айтар едим.

Ҳәзир сол студентлик күнлерде Қуўанышбай ағаның жан күйдирип  өткен сабақларын еслесем, устазымыз бизлерге тек ғана химиялық формулаларды емес, ал, өмир формулаларын да үйретиўге, турмыс сабақларын да аңлаўымызға жан-тәни менен умтылған екен деген пикирлер ерксиз қыялымнан өтеди, сондай-ақ, ҳәр бир сабағында: «Ҳәзирден баслап, алдағы жумысларыңызды режелестирип алыўыңыз керек, уллы ислерге, уллы мақсетлерге умтылыўыңыз керек», - деп шәкиртлерин мүнәсип руўхландыратуғын устаз еди.

Бүгинги күнде сол баяғы 1-курсымда жазған мақаламда айтылған пикирлердей химия илиминиң жетик қәнигеси болмасам да,  «Алым болма, адам бол» деп бар ақыл-нәсиятын бериўден ҳасла жалықпаған, тәлим менен қоса тәрбияны да бере алған, турмыслық билимлерди үйрениўге бағдарлаған, қуўанғаныма мен сыяқлы қуўанып, ақ пәтиясын берген, ғамқор, жан­күйер ҳәм пидайы устаз — Қуўанышбай аға Өтениязовтан тәлим алғаныма оғада қуўанаман. 

Руўхыңыз шад болсын, әзиз устазымыз, сизден ал­ған тәлим-тәрбия ҳәм сиз билдирген исеним менен шәкиртлериңиз қатары, мен де сиз айтқандай алдыма койған уллы мақсетлериме умтылып, елим ушын пидайы инсан болыўға шын кеўилден ҳәрекет етемен.

 

Айгүл ӨТЕНИЯЗОВА,

Өзбекстан «Миллий тикланиш»  демокра­тиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы 

Кеңеси ҳаял-қызлар мәселелери бойынша жетекши қәнигеси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF