УСТАЗЛЫҚ МӘРТЕБЕСИ
Устазлық мәртебесине жетискен Зоя Қариева 1966-жылы институтты табыслы тамамлаған соң жас қәнигелерди жумысқа бөлистириўде шеги Қарақалпақстан Республикасына түсти.
Ол өзиниң мийнет жолын Нөкистеги қалалық стоматология поликлиникасында стоматолог шыпакер болып баслады.
Оның басламасы менен Нөкис қаласындағы мектеплер, орта арнаўлы ҳәм жоқары оқыў орынлары оқыўшылары, студентлер, мәкемелер хызметкерлерине стоматологиялық профилактикалық тексериўден өткериў баслап жиберилди, табылған аўырыў тислерди емлеў, жарамсыз тислерди санация етиў жумыслары терапевт-стоматолог, хирург-стоматолог, ортопед-стоматолог қәнигелериниң қатнасыўында әмелге асырылыўы жақсы нәтийжелер бере баслады.
З.Қариева 1972-жылы Республикалық стоматология поликлиникасында емлеў бөлиминиң баслығы етип тайынланды. 1980-жыллардан баслап республикада биринши мәрте халықты диспансеризациядан, профилактикалық тексериўден өткериў ғалабалық түске енди, бул жумысларда ол белсенделик пенен қатнасты ҳәм 1986-жылы усы поликлиника бас шыпакериниң емлеў ислери бойынша орынбасары лаўазымына бекитилди. Жумыс десе ўақыт пенен санаспайтуғын, тынып-тыншыўды, шаршаўды билмейтуғын Зоя Қариева Нөкис қалалық балалар стоматология поликлиникасына 1991-жылы бас шыпакер етип тайынланды.
Басшылардың қоллап-қуўатлаўы арқасында қалалық балалар стоматология поликлиникасы республикалық әҳмийеттеги медициналық мәкемеге айланды. Емлеў орнында кабинетлер жеткиликсиз, шыпакерлер кабинетлери талапқа сәйкес келмес еди. Бул мәкеме имаратына ири қурылыс ҳәм үлкен оңлаў жумыслары ислениўи зәрүр деген сөз. Усы жумыслар бас шыпакер басшылығында иске асырылды.
Поликлиника жаңа диагностика ҳәм емлеў аппаратуралары, қатты және жумсақ инвентарлар, қәниге шыпакерлер менен толықтырылды. Поликлиника Нөкис қаласы ҳәм республиканың барлық районларынан келген жас балаларды қабыл ете баслады, оларға зәрүр қәнигелестирилген стоматологиялық-ортодонтологиялық хызметлер көрсетиў басланды. Нөкис қаласы мектеплеринде стоматология кабинетлери шөлкемлестирилди, мектеп оқыўшыларына «жеке паспорт» исленди. Наўқас балалар диспансерлик есапқа және бақлаўға алынды. Зәрүрлик пайда болғанда мектеплерде стационар және көшпели санация бөлмелеринде шыпакерлер жумыс иследи.
Зоя апаға оның өмирлик жолдасы, республикаға белгили шыпакер, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген шыпакер Матьякуб аға Розумбетов бир өмир руўхый және әмелий жәрдем берип барды.
Тараў пидайысы З.Қариева 1990-жыл 29-январьда «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген денсаўлықты сақлаў хызметкери» ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.
1992-жылы Өзбекстан ҳүкиметиниң қоллап-қуўатлаўы менен Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң орта медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң билимин жетилистириў Нөкис медициналық училищеси ашылған еди. 1994-жылы усы училище директоры лаўазымына З.Қариева бекитилди.
— Мен басшы болып келген ўақтымда училище республикалық кәсиплик аўқам комитетине қараслы үш қабатлы үлкен имараттың тек 5 бөлмесинде жайласқан екен. Тек бир ғана оқыў бөлмеси бар. Ендигиден былай оқыўшылар саны кескин көбейетуғынын, ҳәр қыйлы цикллерди өз алдына (терапия, хирургия, офтальмология, лаборатория иси, педиатрия, санфельдшер ҳәм т.б.) оқытылыўы, директор орынбасары, бөлим баслықларына өз алдына кабинетлер кереклигин түсиндириўден басладым. Училищениң хожалық бөлими, бухгалтериясы, қоймаханасы ҳәм басқа да шақапшалары ушын да жай керек еди. Сонлықтан, училище орналасқан имараттың төменги 2-қабатындағы бөлмелерди аренда жолы менен училище есабына өткерип бериўди соранып басшыларға хат жаздым. Нәтийжеде училищеге 27 бөлме ажыратылды, жарық, кең, үлкен 4 оқыў бөлмесине ийе болдық. Училищениң штат кестеси ҳәм қәрежет сметасы қайта ислеп шығылды ҳәм тастыйықланды. Ҳәр жылы оқыўшылар саны көбейип барды, өз алдына китапхана аштық. Районларда көшпели оқыў цикллери шөлкемлестирилди. Нәтийжеде хожалық жағдайлары себепли жоқары қалаларда көп жыллардан бери оқый алмаған орта буўын медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери училищемизге оқыў ушын ағытылып келе баслады, - дейди Зоя апа сол қыйын жылларды еслеп.
2007-жылы З.Қариева директор болған училищеде 178 топарда 2664 оқыўшылар оқып, өзлериниң билимлерин байытыўға еристи.
Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген денсаўлықты сақлаў хызметкери, республикамызға белгили стоматолог шыпакер З.Қариева ҳүрметли демалыста.
Ол ҳажы ана сыпатында медицина жәмийетшилиги, кәсиплеслери, оғада көп санлы шәкиртлери, нураный шыпакерлер ҳәм өзиниң жасап атырған мәкан пуқаралар жыйынында ҳүрмет-иззетке бөленген инсан саналады. 80 жасқа толыўы менен апамызға мүшели жасы қутлы-мүбәрек болсын деймиз.
Алламберген Нурниязов.
Өзбекстан Врачлар Ассоциациясы Қарақалпақстан бөлиминиң
орынлаўшы директоры, шыпакер-журналист.
СҮЎРЕТТЕ: З.Қариева.