ПЕРЗЕНТ ДИЗИМГЕ АЛЫНБАҒАН БОЛСА...
Нәресте дүньяға келер екен, ата-анасына, туўған туўысқанларына бир әлем қуўаныш алып келери анық. Соның менен бирге ата-анасына да көплеген жуўапкершилик жүкленеди.
Ата-ана бийминнет түрде ең дәслеп жақсы үмитлер менен исм таңлап атын қояды ҳәм туўылғанлық ҳаққында гүўалық алыўға асығамыз. Гейпара себеплерге бола туўылған нәрестениң туўылғанлығын кешиктирип дизимге алыў жағдайлары ушырасады.
Тийкарында баланың туўылыўын дизимге алыў мәжбүрий. Бул бала туўылған мәкандағы ямаса ата-анасының бириниң турақлы жасайтуғын орындағы ПҲАЖ бөлимлеринде әмелге асырылады. Туўылған нәрестеге гүўалық алыў ушын арза бала туўылған күннен баслап бир ай даўамында аўызеки яки жазба түрде бериледи. Егер бала 16 жасқа толса да туўылғанлығы дизимге алынбаған болса не ушын мүддети өтип кеткенлиги себеплери көрсетилип арза ҳәм оған қосымша туўылғанлығы ҳаққында медициналық мағлыўмат, баланың саламатлығы, тәлим-тәрбия алып атырғанлығы, тийисли ПҲАЖ архивинен сол балаға тийисли туўылғанлық ҳаққында акт жазыўы дизимге алынбағанлығы ҳаққында мағлыўматнамалар шәртли түрде керек болады.
Пуқараларымыз арасында перзентине туўылғанлық ҳаққында гүўалық ала алмағанлығы себепли мектепке, балалар бақшаларына балаларын бере алмай жүргенлер көп ушырасады. Бундай жағдайларды инабатқа алған Президентимиздиң: «Бирде бир баланың туўылыўы дизимге алынбай қалмайды» деген басламасы менен көплеген балаларға туўылғанлық ҳаққында гүўалықлар жазылып тапсырылды. Районда усы машқала менен 16 жасқа шекем туўылғанлығы ҳаққында гүўалық ала аламай жүрген балаларға 2018-жылы 58, 2019-жылы 25, быйылғы жылдың 8 айы даўамында 11 балалар мүддети өтсе де туўылғанлығы дизимге алынып, гүўалықларын алып, қуўанышқа бөленди.
Бурын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2016-жыл 14-ноябрьдеги 387-санлы қарарының (Пуқаралық ҳалаты акти жазыўларын дизимге алыў қағыйдасының) l9-бәнтине муўапық 16 жастан асқан, бирақ, туўылыўы дизимге алынбаған шахслардың туўылғанлығын дизимге алыў суд қарары тийкарында әмелге асырылатуғын еди. Енди Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң быйылғы жылдың 26-августтағы 514-санлы қарары менен судқа барып жүрместен 16 ҳәм оннан үлкен жаста болса да медицина мәкемесинен рәсмийлестирилген туўылғанлығы ҳаққында медицина мағлыўматнамасы бар болса, ата-анасының яки олардың орнын басатуғын шахслардың бириниң, ержетпеген баланың өзиниң арзасына бола дизимге алып гүўалық бериледи. Бул өз гезегинде туўылыўын көп жыллардан берли рәсмийлестире алмай жүрген пуқараларға жеңиллик туўдырды. Соның менен бирге, әўерегершилик ҳәм қағазпазлықты азайтып адамлар ушын қолайлы имканият болды.
Мәмлекетимизде алып барылып атырған сиясаттың баслы мақсети — адамлардың өмирден, жасаў шараятынан разы болып жасаўына имканиятлар жаратыўдан ибарат. Мине бул бағдарда районымыз ПҲАЖ бөлими хызметкерлери бир қанша жумысларды әмелге асырып, халықтың разышылығына ерисип киятыр. Бул алдағы жумысларымызда да баслы мақсетимиз болады.
З.МАМБЕТШАРИПОВА,
Тақыятас районы ПҲАЖ бөлими баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы.