Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:23:11, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ДҮНЬЯ ЖҮЗИЛИК ТЕҢИЗ КҮНИ»НДЕГИ ОЙЛАР

Жер бетиниң төрттен үш бөлеги суў менен қапланған.  БМШниң мағлыўматларына қарағанда, халықаралық саўданың 80 проценттен  асламы теңиз транспорты арқалы әмелге асырылады екен.

Сонлықтан Халықаралық теңиз шөлкеми  (International Maritime Organization)ниң 1975-жылдағы 10-сессиясында сентябрь айының үшинши пийшемби күни «Дүнья жүзилик теңиз күни» деп белгиленген.

Бул сәне теңизде жүк тасыўдың экологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеў, биологиялық резервлерди сақлаў, бул бағдарға жаңа технологиялар ҳәм инновацияларды енгизиўге қаратылған.

Соның менен бирге, ҳәр бир мәмлекет бул сәнени өз имканиятлары шеңберинде  қайсы күни нышанлаўды өзи белгилейди.

Жыллар өтип, Арал теңизимиз және өзиниң бурынғы ҳалына қайтса, мәмлекетимиз халқы «Дүнья жүзилик теңиз күни»н ҳәр күни нышанлаған болар еди, деп ойлайман. Бул күнлер жақын екенине исенемиз.

23-сентябрьде онлайн сәўбет тәризинде өткерилген БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясында ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң стратегиялық мәселелер ҳәм олардың шешимлерин қамтып алған баянаты мәмлекетимиз басшысының БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында сөйлеген баянатының логикалық даўамы болып, онда глобал экологиялық машқалалардан болған — Жер планетасында улыўма атмосфера ҳаўасының зыянланыўы, глобал ықлым өзгериўи, океан қәддиниң көтерилиўи, суў ресурсларының дефицитлигиниң күшейиўи, ҳәр түрли тәбийий апатшылықтың жүз бериўи, халықтың саламатлығы менен байланыслы машқалалардың көбейиўи сыяқлы ақыбетлерди келтирип шығарып атыр­ған мәселелерге дыққат аўдарды. Әсиресе Арал теңизиниң қурыўы — дүньядағы ең үлкен экологиялық апаттың бири болып, аймақтағы барлық мәмлекетлер ушын бир қатар экологиялық, социал-экономикалық, медициналық машқалаларды туўдырды. «Арал­қум» саҳрасы пайда болды, оннан көтерилген қум ҳәм дуз боранлары кем-кемнен ҳәўиж алмақта. 

Президентимиз БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында Арал теңизи кризиси шегара билмейтуғын глобал экологиялық машқалаларды келтирип шығарғанлығын айтып, пүткил дүньяны сергекликке шақырған еди. Соның менен бирге қысқа мүддетте анық ҳәм жедел жумыслары менен Арал машқаласына жәҳән жәмийетшилигиниң итибарын, мүнәсибетин, ҳәттеки пикирин де өзгертти. Президентимиздиң басламасы менен Аралды қутқарыў Халық­аралық фонды жанында Жәҳән банкиниң, Азия раўажланыў банкиниң ҳәм Глобал экологиялық фондтың ўәкиллик­ханаларын ашыў, керекли қәнигелер таярлаў бойынша илимий-билимлендириў базасы болатуғын Шөл ҳәм азықлық өсимликлердиң нәллерин жетилистириў бойынша аймақлық орайын шөлкемлестириў, аймағымыздың фаунасын сақлаў ушын Аралбойы зонасында қорғалатуғын трансшегаралық тәбийий аймақлар шөлкемлестириў, суўды үнем­леў, Арал теңизи бассейниниң трансшегаралық суў ресурсларын басқарыў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў мәселелеринде өз-ара ислесиў механизмлерине тийкарланған аймақлық бирге ислесиў дәрежесин арттырыў, Орайлық Азияда суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў бо­йынша аймақлық бағдарлама қабыл етиў, биргеликте пәнлер ара изертлеўлер өткериў сыяқлы әҳмийетли идеялар әмелге асырылмақта.

2018-жылдың 27-ноябрь күни БМШниң Аралбойы аймағы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көпшериклик Траст фонды дүзилди.

Траст фондқа Өзбекстан ҳүкиметиниң ҳәр жылы 2 миллион АҚШ доллары ажыратыўы көзде тутылған. Норвегия ҳүкимети 1,1 миллион АҚШ доллары, шет ел ҳәм халықаралық донорлардың 26,1 миллион АҚШ доллары ажыратылған. Әлбетте, бул фонд аўыр экологиялық аймақта жасап атырған халыққа әмелий жәрдем көрсетиў ушын халықаралық жәмийетшилигиниң таяныш платформасы болып хызмет етеди.

Соңғы үш жыл ишинде Аралдың қурыған ултанында тоғайлықлар пайда етиў бо­йынша дүньяда альтернативи жоқ жумыслар тезлик пенен алып барылмақта. Улыўма майданы 2 миллион гектар бол­ған өсимлик майданлары ҳәм терекликлер жаратыў жумыслары әмелге асырылды.

Бул ислер қоршаған орталық жағдайын жумсартыў, тәбийий ресурслар деграда­циясының алдын алыўға шараят жаратады, теңиздиң қурыған түбинен қум ҳәм шаң көтерилиўиниң максимал дәрежеде алды алыныўын тәмийинлейди, фауна әлеминиң түрлериниң көбейиўи ҳәм тарқалыўы ушын қолайлы экосистема қәлиплеседи, шөл тоғайлары майданларының ҳәм биологиялық көптүрлиликтиң артыўы аймақта ықлым өзгериўиниң жумсартылыўына имкан туўдырады. Нәтийжеде Аралбойы аймағында ҳәм экономикалық, ҳәм социаллық, ҳәм әлбетте, экологиялық турақлылық тәмийинленеди.

Президентимиз Аралбойы аймағын экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы, деп жәриялаў ҳаққында БМШ Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясын қабыл етиў ҳәм  усы ҳүжжет тастыйықланған сәнени Халықаралық эколо­гиялық системаларды қорғаў күни сыпатында белгилеў бо­йынша усынысы аймақта экологиялық, социаллық, экономикалық турақлылықты тәмийинлеў, иннова­циялық технологияларды енгизиў, пән, билимлендириў, инновация ҳәм әмелият үнлеслигине ерисиўде әҳмийетли фактор болып хызмет етиўи сөзсиз.

А.Исмайлова,

Өзбекстан Экологиялық партиясы Нөкис қалалық партия шөлкеми

Кеңеси Атқарыў комитети баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF